Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Механик элементлердиң келип шығыўы хәм қурамы


Download 0.55 Mb.
bet4/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Механик элементлердиң келип шығыўы хәм қурамы
Топырақ механик элементлери минерал, органик ҳәм органо — минерал (гуматлар) сыйақлы группаларға ажыратып, минерал элементлер (торфлы хәм өта шығындылы топырақлардан тысқари) топырақтың тийкарғы бөлимин (топырақ массасына салыстырғанда 90 — 98 % ин) қурасаса, гуматлар хәм органик кислоталар болса оның массасына салыстырғанда 2—10% ше бөлимин қурайды. Топырақтың бул механик элементлери таў жынысларының уныраўы нәтийжесинде пайда болады. Топырақта физик, химиялық, биологик уныраўлар бир ўақыттын өзинде барыўы мумкин, бирақ бул процесслер нәтийжесинде пайда болған механик элементлер типи, муғдары ҳәр қыйылы болады.
Минерал элементлер пайда болыўында таў жынысларынын биринши уныраў басқышында, уныралған жынслар салыстырмалы киши абсолют ҳәм салыстырма жузеге ийе болады. Олар температураның өзгериўи, суў хәм самал тәсиринде өсимликлер тамыр системасы, мохлар, лишайниклер, бактериялар тәсирине ушырайды. Бунда физик ҳәм кемирек муғдарда биологик ўныураў устинлик қылади. Бул басқыта уныралған жыныслар хәр қыйылы улкен — кишикликтеги бөлекшелерден ибарат болады. Басқаша етип айтқанда, механик уныраў процессинде хәр қыйылы улкенликтеги ири таслар, орташа таслар, шебин, ири қумлар пайда болады.
Пайда болған бөлекшелер жузе. энергиясының асыўы менен биологик фактордың роли ҳәмде химиялық уныраў әсиресе, элементлердиң оксидланыўы ҳәм қайтарылыўы, мннерал дузлардың қайта ериўи, кристалланыўы кушейеди.
В.Р.Вильямс бойынша топырақтың (диаметри 3 мм ден ириси ) таслы бөлими турли таў жынысларынан (гранит, порфирит ҳ.т.б) қуралған. Қумда да еле дәслепки жыныслардың бөлекшлери болып, олар тийкарынан кварц, дала шпаты, слюда, роговая обманкалардың жемирилиўи өнимлери болып есапланады. Қум бөлекшелериииң жемирилиўинде тек ғана жемирилиўге шыдамлы минерал —кварц өзгармей қалады. Қум бөлекшешелери қурамындағы дала шпаты, слюдаға ўқсаслар жәнне жемирилиўде даўам етип, шанға ҳәм ил бөлекшелериниң пайда қылыныўына себеп болады.
Ири шаң (диаметри 0,05 — 0,01 мм) қурамында кварц та белгили муғдарда болады. Орта шаңда (диаметри 0,01-0,005 мм) онын муғдары кескин кемейеди, бул жерде аморф кремний кислоталары хам гидратлары муғдары орта болады. Майда шанда болса (диаметри 0,005 —0,001мм топырақтың ен майда бөлекшеси ил (гил)ға өтиў шегарасында жайласқанлыгы ушын бунда химиялық хам биологик уныраў өнимлери — гидрослюдалар, темир, алюминий, марганец оксидлары хам гидратлары, каолинит, фосфат х.т.б лар тийкарғы орынды ийелейди.
Ил (гил) да (диаметри 0,001 мм ден киши), тийкарынан химиялық хам биологик уныраў өнимлери, органик кислоталар оның ен көп бөлимин қурайды.
К.Д.Глинка, Б.Б.Полинов, А.А.Родс, Е.И.Кочерина, А.Д.Воронин ҳәм басқалар өз тексериўлеринде механик элементлердиң басқишлы пайда болыўларын көрсетиў менен бирга ҳәр бир топырақ типи ушын тули минералогик қурамға ийе болған өзине тән механик элементлер бар екенлигин де көрсетип береди.
Органик қурамлы механик элементлер топырақтагы өсимлик хам ҳайўан қалдықлары ҳам микроорганизмлардиң шириўи нәтижесинде пайда болады. Минераллардын пайда болыўында, биологик, микробиологик соның менен бирге химиялық ҳәм физико-химиялық процесслер тийкарғы орынды ийелейди. Бул процесслер нәтийжесинде топырық шириндиси пайда болады.
Органо—минерал қурамлылы элементлер яки гуматлар - минерал ҳәм органик элементлердиң қосылмасы есапланады. Бундай типтеги механик элементлер топырақ қатламларының базы бир шуқырлығында топырақ пайда етиўши ишки факторлар нәтийжесинде жузеге келеди. Мәселен, шымлы-подзол топырақлардын иллювиал қатламларындагы ортиейнлер яки басқа усыған ўқсас органо — минерал агрегатлар, типик боз топырақларда карбонатлы агрегатлар х.т.б.

Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling