Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Топырақтың механик қурамына қарай классификациясы


Download 0.55 Mb.
bet6/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Топырақтың механик қурамына қарай классификациясы

Топырақтың механик уйрениўден тийкарғы мақсет тек ғана ҳәр қыйылы улкенликтеги механик элементлердиң муғдарынанықлаў емес, ал оның механик қурамына қарай сыпатламасын ислеп шығыў есапланады.


Ҳәзирги уақытта топырақ физикасы предметинде бир қанша авторлар (Аттерберг, Земятченский, Охотин, Сибирцев, Захаров хам басқалар) дың сыпатламалары бар. Бул авторлар өз сыпатламаларында әлбетте механик элементлернинг қәсийетлерин саластырмаға алып, ислеп шығарыў ва илимий мақсетлерде топырақларды олардың механик қурамына қарай белгили группаларға ажыратқан.
Төмендеги дәстлепки сыпатламалардың айырымларына тоқталып өтемиз.
Н.М.Сибирцев сыпатламасы. Революцияға шекем Россияда агрономик мақсетлер ушын Н.М.Сибирцев усынған топырақтың механик қурамына карай 2 бөлекли классификацияси кең тарқалған.
Автор өз сыпатламасына тийкар етип Е.Шене методы жәрдеминде алынған мағлыуматларды тийкар қылып алады. Бунда Сибирцев топыракта 2 группаниы—0,01 мм ден улке бөлекшелерди «Физик қум», 0,01 мм ден киши бөлекшелерди «физик саз» (ылай) ға ажыратады ҳәм бул группалардың өзара қатнасын тийкар қылып алып өзиниң сыпатламасын дузеди.
Соның ушын хда Сибирцев классификациясы 2 тийкарлы болып, ол төмендегише:



«физик саз»

«физик қум»

1 .Ылайлы
2. Аўыр қумақ
З. Орташа қумақ
4. Жеңил қумақ
5.Қумлақ
6.Ылайлы қум (50)ке шекем

1:1 дан 1:2 арасында
1:2 дан 1:3
1:4 арасында
1:5 дан 1:6
1:7 дан 1:10
1:15 дан 1:30

Сибирцев классификациясы өзиниң әпиўайылығы ҳәм ихшамлығы менен көпшиликти өзине жалп етеди ҳәм хаттеки совет дәўиринде 30 — жылларда базы бир илмий тексериў ислеринде қолланылады. Лекин бул классификация да айырым кемшиликлерсиз емес. Бул жерде тийкарынан ҳар кыйылы группалардын таусылыў шегарасы анық берилмеген хәм Е.Шене методы жәрдеминдае алынған мағлыуматлар тийкар қылып алынған. Бул методта суйықлыктын жапысқақлығы ҳәм онын орталық температурасына көре өзгариўи итибарға алынбағанлығы себепли алынған мағлыуматларда айырым кәтеликлер болады.


Г.М.Тумин хәм СА.Захаровлар Н.М.Сибирцев сыпатламасын группаластырыўды мақсет етип, өзлериниң уш тийкарлы сыпатламасын усынып, төмендеги механик бөлекшердиң қатнасын алады: физик саз (< 0,01 мм): қумлы шаң (0,001 — 0,1 мм); қум (0,1—3 мм),
В.В,Охотин механик элементлердиң төмендеги қатнасларын тийкар қылып алади: < 0,005; 0,005 — 0,25 хам 0,25 — 2 см. Бул сыпатлама жол курулысы грунтшылығында жақсы баҳа алды. Айырым ўакытларда бул сыпатламаны агрономик мақсетлер ушын ислетиў тенденцияси жузеге келеди.
Соның ушын В,В,.Охотин сыпатламасын топырақларды жақсылаўға қаратылған иләжларды ислеп шығарыўда қоллап бўлмайды.
Н.А.Качинский сыпатламасы жоқарыда айтылған авторлардың сыпатламаларынан тиккелей парық қылады. Н.А.Качинский тек ғана механик элеменлердың қәсийетлери ёки олардың қатнасларын есапқа алып ғана қалмай, бәлки ҳар бир типтеги топырақлардың пайда бўлыў шараятларын есапқа алады.
Н.А.Качииский сыпатламасында 3 турли топырақ — климаты шараятында пайда болған топырақларды бирлестиреди:
1 )подзолласқан топырақлар;
2)жайлаў топырақлары;
3) шорласқан ҳәм топырақлар
Бул сыпаламада топырақлардың пайда болыў шараятлары есапқа алынғанлығы себепли хәр қайсы топырақ типиниң өнимдарлығың асырыўда группаласқан агрономик илажлар ислеп шығарыўды аңсатластырады.
Скелетли топырақларда Н.А.Качинскийдиң сыпатламасын қоллаўда топырақтың таслылық дәрежесин көрсетиў лазым. Буның ушын автор томендеги шкаланы усынады.
Топырақтағы тасшалардың муғдарына қарап Н.А.Качинский сыпатламасы

Тасшалар
(> 3 мм) муғдары, % есабында
< 0,5
0,5-5,0
5-10,0
>10

Тошлилик даражаси

Тассыз
Кем


Орташа
Таслы



Таслылық типи

Бул топырақ қурамында тасшалардың жағдайына қарап , ири таслар


хам басқалар болыўыи мумкин.

Шет мамлекетлерде де топырақлар олардың механик қурамына карай бөлистирилиўи. ҒМДА дағы сыяқлы группаласпаған. Кейинги жылларда шет мәмлекетлерде ҒМДА авторларының сыпатламалары яки соған ўқсаслары қабыл қылынбақта.





Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling