Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары
Download 0.55 Mb.
|
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси
- Bu sahifa navigatsiya:
- Механик (гранулометрик) элементлер ҳәм агрегатлар
Топырақ қатты фазасы физикасы
Топырақтың қатты фазасын қураўшы механик ҳәм агрегат бөлекшелердиң келип шығыўы, қурамы, механик элементлердиң сыпаты, оның әҳмийети, дисперслик ҳам структуралы коэффицентлер, топырақтың механик қурамына қарай сыпатламасы, оның аҳмийети ҳаққында сөз этиледи. Топырақ ҳәзирги заман топырақтаныў пәни тўсинигинде ўш бөлимнен ибәрат қурамалы система болып есапланады. Топырақтың қатты бөлими минерал, органикалық ҳәм органоминерал жыныслардан ибарат болса, онда сақланатуғын суў яки басқаша қылып айтқанда топырақ эритпеси — онын суў менен бант болмаған геўмкликлеринде сақланған кислород, азот, карбонат ангидрид хәм соган ўқсас газлер болса онын ҳаўа фазасын қурайды. Топырақтын раўажланыўында онын уш бөлими де хамме ўақыт тиккелей байланган топырақ пайда етиўши факторлар (ана жыныс, жердиң рельефи хәм жасы, органик дуня хәм адам) тәсиринде өзгарип барады. Топырақтын бул уш бөлими өзара хам туўры байланган болып сыртқы факторлар тәсиринде өзгереди. Топырақ хәм грунтты далада яки лабораторияда тексериўде оның қатты, бөлиминиң механикалық хәм агрегатлық қурамын уйрениў жудә әҳмийетли. Бул топырақ кеспесиниң морфологиясын анықлаўда топырақ карталарында оларды гуппаларга ажыратыўда да керек болады. Улыўма алғанда белгили бир турдеги топырақты ўйрениў менен байланыслы болған изертлеў ислерин алып барғанда онын механик қурамын билиў шәрт. Сонын ушын да топырақтаныўда механик қурамды ўйрениўге тийисли бир қанша усыллар бар. Бул усылларды арнаўлы бөлимлерде жарытып көсетилген. Механик (гранулометрик) элементлер ҳәм агрегатлар Топырақтын пайда болыўы — бул ең алдын уныраў қабилийетиниң устинги бөлиминде жатыўшы ана жыныстың қурамалы процесслер (механик, химиялық хәм биологик уныраўлар) нәтийжеси есапланады. Бундай процесс нәтийжесинде пайда болган топырақтың қатты бөлиминиң хар қыйылы улкенликтеги хәм хар қыйылы формадагы минерал хәм таў жыныслары бөлекшелеринен баслап коллоидлар деп аталатуғын ең майда бөлекшелерди өз ишине алады. Уныраў себепли пайда болган таў жыныслары ҳәмде минераллардың айырым бөлекшелерди механик элементлер дейиледи. Топырақ физикасы әдебиятларында механик элемент ҳаққында хар қыйылы сыпатламалар бар. К.К.Гедройц механик элементлерге «айырым микро, ультра ҳәм амикрокристаллар»ды киритеди. А.Ф.Тюлин ҳәм И.Н.Антипов — Каратаев механик элементлер дегенде, өзаро химиялық байланыста болган айырым бөлекшелерди тусинеди. А.Л.Родс жоқарыдагы сыпатламаларға төмендеги мәжбурий шәртти киритеди: механик элементлердин ҳар бир бөлекшеси белгили бир кристаллык панжереде болыўы керек. А.А.Родстың бул сыпатламасында төмендеги нарсени надурыс екенин тусиниў шәрт: бириншиден, механик элементлер тек ғана кристал формасында болмай, балки аморф ҳалында ушырасыўы мумким. Маселен, кремний оксиди, темир ҳәм алюминий гидрооксидлери, ширинди затлары ҳ.т.б екиншиден, топырақта қурамалы кристалл панжереге ийе болган таў жыныслары бөлекшелери механик элементлер ушырайды. Тәбиий шәраятта механик элементлер ҳамме ўақыт өзгериўинде, яғний олар топыракта бар болған ҳар қыйылы органик кислоталар, хәк заты таәиринде яки механик жузе тартылыў энергиясына хамде Вандер—Ваальс кушлери тәсиринде биригип топырақ агрегатшаларын ҳам бул агрегатшалар өзара биригиўде даўам этип топырақ агрегатларын жузеге келтиреди. Топырақтың ең майда бөлекшеси — каллоидларда агрегат пайда етиўши ишки кушлер жақсы көринеди. Соның ушын да механик қурамы жағынан аўыр топырақларда агрегатлардың пайда болыўы ушын улкен имканиятлар бар. Академик К.К.Гедройц усынысына көре 0,25 мм дан киши бөлекшелерди микроагрегатлар, 0,25 мм ден улкен бөлекшелерди макроагрегатлар деп атаў шартли қабыл етилген. Download 0.55 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling