Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


- ТЕМА. Топырақтын физик-механик касийетлери


Download 0.55 Mb.
bet14/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

6- ТЕМА. Топырақтын физик-механик касийетлери.

Топыраққа ислеу бериу процесинде керекли роль ойнайтугын касийетлер-пластиклик, жабыскаклык, қаттылык, салыстырма ауырлык.


Топыракқа сыпатлы ислеу бериу ҳамде осимлик тамырларынын топырактын турли қатламларына кирип бариуы, онын пластиклиги, жабыскаклыгы, исиуи, шогиуи, биригиушенлиги, қаттылыгы, ыскаланыуы хам ислеу асбапларына қарсылык корсетиуи киби касийетлерге ийе. Физик — механик касийетлер, бириншиден топырақтын касийетлерин озинде корсетсе, екиншиден топыраққа ислеу бериу теориясынан оны бахалауда керекли орын тутады. Бул касийетлерди уйрениу тапыракқа ислеу бериуде қолланатугын турли куралларды аныклауда улкен аҳмийетке ийе. Айдау машиналари, асиресе, олардын жумысшы болимлери конструкциясы тартыу куши, ислеу бериу ушын ссарыпланатугын жанылгы мугдары яки топырақ структуралыгын сақлау ушын керекли ныгаллык шегарасы оган ислеу бериу хам баска соган ўксас ахмийетли технологик процесслер топырактын физик механик касийетлерине байланыслы.
Топырактын плястиклиги. Топырақ —грунтынын малим дарежесинде сырткы кушлер тасиринде бир путинлигин бузбаган халда оз коринисин хам бул халатын механик кушлер токтаганнан кейин де саклап қалыу касийети — пластиклигидир. Пластиклик механик курам менен: ауыр (саз кумлак) топырақлар малим ыгаллык дарежесинде, бундай касийетти озинде жаксы саклайды.
Пластикликти аниқлау ушын Аттерберг методынан пайдаланады, Бул метод тийкарында ҳар турли дарежеде аталган топырақ массасынын ыгаллык корсеткишин аниқлау жатады хам бул корсеткиш абсалют қургак топырак, массасина карап процент мугдарында бериледи. Атгерберг топырақ пластиклигинин томенги хам жокары шегарасын аныклады.
Пластикликтин томенги шегарасында ыгалланган топырақтан анық коринис жасау имканияти болмайды: бул шараятта ҳар турли улкен кишиликтеги агрегат хам кесекшелер ҳасыл болады.Ен ахмийетлиси, бул ыгаллык шараятындагы топырак, массасы шет денеге жабысыу кабилетине ийе емес. Пластикликтин жокары шегарасы болса топырақ суйык камыр ҳалатында болады.
Пластикликтин томенги хам жокары шегарасы парық пластиклик мугдары (ПМ) делинеди. Г1М қанша улкен болса, топырақ грунтынын пластиклиги сонша болады. Қурылыс ислеринде грунтлардын пластиклик мугдарына кара томендеги турлери бар
1.Пластиклиги жокары грунтлар — ПМ — >17
2.Пластиклик грунтлар — ПМ — 17 — 7
З.Пластиклиги пас грунтлар — ПМ — 7 — 0
4.Пластиклик кабийлети онша емес грунтлар—ПМ — О
Бул тийкарынан грунтларды тек гана курылыс максетлери ушын бахалауда колланбастан балки оларды керамика санааты ушын да улкен ахмийетке ийе.
Топырак пластиклигин тусиндириуши бир канша теориялар бар. Бир группа алымлар буны далиллеу ушын ылай болекшелердин пластиклик коринисин тийкар кылып алады.
Олардын пикиринше, ылай болекшелер жука пластинкалы коринисике ийе болганлыгы ушын ыгалланганда булл болекшелер оз курамын бузбаган халда бири екиншисинин устинен сыргалыуына тийкарланады. Екинши группа алымлары майда болекшелердин (коллоид)касийетлерин, болекшелер атирапында пайда болган жука суу перделери хам олардын оз-ара тартысыу кушин тийкар кылып алады. Жабыскаклык деп- топырак массасынын ислеу асбапларына жабысыуына айтылады.Ол топыроактын ен ахмийетли физик механик касийети есапланады. Жабыскаклык ыгал топырактан металл пластинканы ажыратып алыу ушын сарыпланатугын куш пенен олшенеди. Бул куш гр/см2 та есапланады.Ыгал топырак массасынын жабыскаклыгы пластикликтин томенги хам жокаргы шегарасы ен улкен корсеткишке ийе.
Жабыскаклык ыгаллыктын белгили дарежеде асып барыуы менен озгереди.Топырак оте ыгалланганда болса – жабыскаклык корсеткиши пасейеди. Себеби топырак оте ыгалланганда пластинка менен топырак массасы арасында еркин суу пердеси жузеге келип, олар ортасындагы жабыскаклык куши бир канша кемейеди. Демек механик куш (г/см2 есабында) алдын артып барып,ыгаллык кобейген сайын кемейеди.Топырактын жане касийетлеринен бири онын исиуи хам шогиуи. Топырак ыгалланганда колеминин кенейиуине исиуи, топырак ыгаллыгы кемейген сайын колеминин киширейиуине топырактын шогиуи делинеди.
Исиу хам шогиу хадийселери тек гана механик курам тарептен ауыр хам синиу комплексинде коп мугдарда натрий елементин саклаган топыракларда жуда жаксы коринеди.Структуралы топыракларда бул хадийсе сезилерли дарежеде коринбейди.
Осимлик тамырларынын улкенлеринде нормал таркалыуына онын каттылыгы делинеди.Каттылык ауыр механик курамлы хам структурасыз топыракларда жуда улкен корсеткишке ийе. Топырақтың қаттылығы да ығаллықтың асып барыўы менен кемейип барады. Хәр қайсы өлке топырағы өзинин механик қурамына, пластикликке, жапысқақлык, қаттылык сыяқлы физик механик қәсийетлерге ийе. Сонын ушын да топырақлардын механик қурамы хамде басқа қәсийеттлери тийкарында хар бир өлке топырағы ушын өзине тән агротехник илажларды ислеп шығыў зәрүр.
Соны еслетиў лазым, топыраққа берилетуғын ислеў сыпатын асырыў ушын топырақты хамме ўақыт жапысқақлыгы төмен дарежеде болған шараятта сүриў, культивация қылыў ҳәм басқа агротехник илажларды әмелге асырыў керек.

Топыраклардын хар турли деформациялаушы кушлерге карсылык корсетиуи да ахмийетли физик механик корсеткиш болып, олардын уйрениу группаларга курылыс теориясынан баха бериуде ахмийетли орын тутады.


Топыракка ислеу берип атырган уакытта топырак агрегатлары хам болекшелери куралларынын ис органлары жузесине хам оз-ара ыскаланады, бириншиси – сырткы, екиншиси ишки ыскаланыу деп журитиледи.Топырактын ыскаланыу мугдары усы еки куш жыйындысына тен болады хам топырактын механик курамына байланыслы турде өзерип барады: бул муғдар аўыр механик қурамлы топырақларда ең үлкен көрсеткишке ийе. Топырақтын пластиклиги, жапысқақлығы, қаттылығы, созылыўы, ысқыланыўы сыяқлы физик —механик көрсеткишлери топыраққа ислеў бериў процессинде ис қуралларына қарсылык көрсетеди.


Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling