Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Download 0.55 Mb.
bet10/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

5 - ЛЕКЦИЯ
Топырақтың структурасы.

Топыпрақ өнимдарлығын белгилеўде әхимийетли роль ойнайтуғын структура (топырақ дәнешелилиги), оның келип шығыўы, қәсийетлери ҳәм оларды жақсылаў иләжлари байан етилген.


Топырақ қатты фазаси, ҳәр қыйылы улкенликтеги өзине тән қурам ҳәм қәсийетке ийе болған механик злементлер комплексинен ибарат. Бул элеменлер табиий шараятта жеке халында хамде өзара бир — бирлерине тәсир етеди яки байланыста болады. Соның ушын да жузе тартылыс куши хамд бир қатар ишки хәм сыртқы кушлер тәсиринде еки ямаса оннан артиқ механик элементлер биригип топырақ агрегатларын пайда етеди. Өз нәўбетинде бул агрегатлар биологик ва гидротермик факторлар тәсиринде жанеде ирилесип топырақтың структура бөлекшелерин пайда етеди.. Агрегат бөлешелер өз наўбетинде топырақтағы суў хәм ҳаўа хәрекатине ямаса кететуғын роцесслердиң хәммесине тәсир көрсатеди. Топырақтағы агрегатлар — сондай таяныш ноқат болып, ондағи мўғдар өзгерислери оның сапасы өзгериўине алып келеди.
Топырақ структурасы деп, белгили тип хәм оның қатламына тән ҳәр қыйылы улкенликке,формаға, шыдамлылыкка (суўға) ийе болган агрегатлар жыйындысына айтылады.
Топырақта 3 турли (кубтәрзли, призматәрзли, плитатәрзли) структура парық қылынып олар бир неше турден ибарат болады.
Өзбекистандағы пахташылык илмий изертлеў институти (ЎзПИТИ) хам оны регионал тәжирийбе станцияларында хамде Орта Азия республикаларының топырақтаныў хәм агрохимия институтларында алынған мағлыуматлардан төмендегише жуўмақ шығарылады.
1.Боз топырақлар регионларында структурасынын жақсылыгы тәрептен отлақ топырақлардан кейинги тоқ тусли боз топырақлар, оннан кейинги орында типик боз топырақлар хам ең кейинги орында аш тусли боз топырақлар турады.
2.Ең пәс «структуралы» - топырақлар шөл зонаси топырақлары есапланады. Булардан тақирлар ең ақырғы орында турады.
1.Боз топырақлар зонасында да , шөл топырақларында да гидроморф топырақлардың макроструктурасы сол зоналардағы автоморф топырақларға салыстырғанда суўға шыдамлырақ болады.
4. Өзбекистанның егин егиўге мас топырақ типлери арасында, микроструктурасынын суўга шыдамлылыгы тәрепинен Фергана вадийсиниң топырақлары жудә жақсы есапланады. Атызлардың топырақларын салыстырып көргенде, олар ортасындагы парқ анық көзге тасланады. Буган агротехника сапасының тәсири себеп болса керек. Маселен, ЎзПИТИ Оққовоқ тәжирийбе станциясында бурыннан сурилип келинетуғын типик боз топырақлар сурим қатламында суўга шыдамлы агрегатлар муғдары Саввинов усылы бойынша анықланганда, шама менен 15% ти қурады, Фергана вадийсинде болса 40% ти қураған; боз топырақлар зонасындағы айырым топырақ типлери басқа регион топырақлары менен салыстырғанда да тап усындай натийже алынды.
5. Шөл топырақлары ишинде ен пас структуралы топырақ — батыс Туркменистан топырақлары есапланады.
6. Жерлерди өзлестирип егин еге баслаў да, қолланылатуғын агротехниканын сапасы да топырақларга турлише тәсир етеди. С.Н.Рижов, П.Н.Беседип (суўғарылатуғын боз топырақларга тийисли) хам Б.В.Горбуновлардың (лалмикар боз топырақларга тийисли) мағлыуматларына көре, жаңа жерлерди өзлестирип, егин еге баслаў айырым ҳалларда макроструктура суўга шыдамлылыгынын кемейиўине себеп болады; бундай топырақларда 1 мм ден ири агрегатлар муғдары кескин кемейип қетеди (шөл зонасындагы топырақларга егин егиле баслаганда да тап усы ауҳал жуз береди).
7. Макроструктураның суўға шыдамлылыгы маселесинде сурим катламы менен онын астындағы қатлам ортасында сезилерли парк болмайди. Орта Азиядағы суўғарылатуғын топырақлар усы қәсийетлери менен ажыралып турады.
8.Орта Азияда топырак пайда етиўши ана жыныс (қатламы аллювийлар, пролювийлар, лесслар х.т.б) лар макроструктуралы емес. Бирақ аллювий изғар қатламлы болғанда, базы 0,25 мм дан ири бөлекшелер ушырайды, айырым жерлерде онын муғдары 20 — 30% ке жетеди: олардын көп бөлими карбонат —гипсли жаралмалардан ибарат.
9.Суўғарылатуғын топырақлардын структурасын жақсылаўга имкан беретуғын илажлар — алмаслап егиўди енгизиў, от араласпаларынын роли, алмаслап егиўдеги майсазарлар санынын пахта атызларына қатнасы, егин егиўге дейин топырақларға ислеў бериў усыллары, ақырында топырақтың ислеў бериў ўақтында
онын қандай ығаллықта болыўы зәрурлиги сыяқлылар, ол яки бул дарежеде суўга шыдамлы макро ва әсиресе, микроструктураларды жузеге келтиреди.
10. Топырақ структуралылыгына тийисли мағлыуматлар анализ қилинар екен, макроагрегатлардын топырақты агрономик жақтан баҳалаў жағынан В.Р.Вильямс белгилеген 1 мм дан ибарат критик диаметрдин ен киши муғдарын 0,25 мм ге шекем кемейтириўге туўри келеди, себеби 1 мм ден ири агрегатлар
қаншели әхимийетли болса, 1—0,25 мм улкен агрегатлардың да соншели әҳимийетли екенлигин көрсететуғын мағлыуматлар топланады. Бул қағыида ҳәзирги ўақытта өзимиздеги адебиятларда да, шет ел әдебиятларында да қабыл қылынган.



Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling