Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Download 0.55 Mb.
bet17/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Гигроскопик суў. Әдеттеги ашық шараятта жатқан топырақтан бир ыдысқа алып, оны үзликснз 406 саат даўамында арнаўлы 1 термостатта 1000—1050С атирапында кептириң, соң тарезиге тартын. Кептирилген топырақты ашық жерде бир аз (2 — 3 саат ) суўытып, және ызғар болып қалғанын көресиз. Демек, топырақ курытылғанда оннан сиңдирилген суў молекулалары парланып кетеди, суўытылганда болса, топырақ бөлекшелериниң адсорбцион (сорбцион) тартылыс куши тәсиринде атмосфера хаўасындагы суў молекулалары топыракка қайта синеди хамде топырақ бөлекшелери жүзесинде топлана баслайды.
Топырак бөлекшелериниң атмосфера хаўасындағы басқа суў молекулаларын (ығалды) сиңдириў қабилийетине оның гигроскопиклик қасийети ҳәм усы жол менен сиңдирилкен суў гигроскопик суў деп аталады.
Гигроскопик суў топырак бөлекшелери арқалы жуда улкен куш пенен тортылып турганлыгы ушын оннан өсимлик хәм басқа топырақ организмлери пайдалана алмайды. Сонын ушын да гигроскопик суўды топырак пенен тығыз байланған суў деп жүритиледи. Гигроскопик суў затларды еритиў хамде электр өткизиўшеңлик қабилиетине ийе емес, музлаў дарежеси де жудә пәс ( — 78° С). Гигроскопик суўдын муғдары топырақларда өзгермейтуғын сан емес. Оның муғдары бириншиден хаўанын ығаллығы асыўы менен көбейсе, екиншиден топырақ механик қурамының аўырласыўы, коллоид бөлекшелери хәм органик затлардың көбейиўи менен артады. Бул орында әсиресе топырақты қураўшы хар қыйылы минераллардың суўга болган мунасебети үлкен роль ойнайды. Егерде минераллар суўды өзине жақсы қабыл қылса, (гидрофил болса,) бул минераллардын гигроскопиклиги сонша жоқары болады, егерде минераллар суўды өзине жақсы қабыл қылмаса (гидрофоб), бундай минераллардың гигроскопиклиги төмен болады. Топырақ қурамында минерал дузлар муғдарының асыўы, оның әлбетте, гигроскопиклик кабилийетиниң жоқары болыўына алып келеди. Гигроскопик суў муғдары атмосфера ҳаўасының суў парлары менен тойынғанлық дәрежесине қарап өзерип барады. Топырақтың хаўа суў парлары менен максимал тойынған жағдайы (салыстырма ығаллық 94 — 96% болганда) синдирген максимал ығаллық муғдары қурғақ топырак массасына салыстырғанда процент есабында көрсетилип, бул ығаллықты максимал гигроскопик суў (МГ) деп атаймыз. Бунда топырақ бөлекшеси әтирапы путкиллей суў молекулалары менен оралған болады.
Гигроскопик ҳәм максимал гигроскопик ығаллықларды анықлаў, топыракнтың қурам бөлеклери туўрысында сөз етиўге имкан береди. Базы ҳалларда максимал гигроскопиклик көрсеткиши арқалы өсимликлердиң солыў ығаллығын яки солыў коэффициентин есаплап шығыў мумкин.

Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling