Кирисиў. Топырақ физикаси паниниң предмети, мазмуны, қурамы хам усыллары


Download 0.55 Mb.
bet16/25
Sana17.06.2023
Hajmi0.55 Mb.
#1525302
TuriЛекция
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   25
Bog'liq
Тупрок-физикаси ўқув услубий мажмуаси

Топырак суўы формалары
Жокарыда айтканымыздай,топырак болекшелери хамме уакыт азба-коппа су болады.топырак суы хар дайым жердин тартыу куши,топырак болекшелеринин молекуляр тартыу куши хамде су молекулаларынын озара тартыу кушлери тасиринде болады.Бул кушлер бир уакыттын ишинде тен тасир кылсада,устинлик кылыуы мумкин.Сонын ушын хам алымлар озлеринин пикирлери тийкарында топырактагы ол яки бул кушти тийкар кылып ондагы су коринислеринин даслепки коринисин ислеп шыкты.Биринши болып рус алымы С.Богданов топыракта 4 турли гигроскопик,имбибицион, капилляр хам гидростатик басым астындагы сулар барлыгын,олардан бириншиси хам екиншиси осимлик ушын пайдалы су емес,себеби олар улкен сорбцион куш тасиринде усланып калыныуын,калган еки су осимлик ушын пайдалы екенлигин далилледи.
Кейиншели бул метотты баска алым А.Ф.Лебедевтин жана маглыуматлары менен
Беккемлестирди.Лебедев топыракта онын температурасы 00 с ден жокары болган судын томендеги коринислерге ажыратады.пу коринисиндеги су, гигроскопик су. Перде су хамде гравитацион суў.
а) С.ИДолгов топырак катты фазасынын коллоид химия назариясына тийкарланып судын 3 турли коринисин ажыраттысорбцион сулар,еркин сулар,пор жагдайындагы су.Сонын менен бирге химиялык байланган сулар хам ажыратылды..
А.А.Роде топырак гидрологиясы тарауындагы жумысларды терен анализ кылып,озинин жана маглыуматлары тийкарында топырактагы судин томендеги коринислерин ажыратты:
1.Конститутцион хам кристализацион сулар
2.Катты суў
3.Пу халатындагы суў
4.Тыгыз байланган сулар
5.Бос байланган суўлар
Еркин сулар.Булар томендегилерге болинеди
а)аралык суўлар
б)сорбцион бекик сулар
в)капилляр-асылган суўлар
г)капилляр-томенге агыушы сулар
д)гравитацион таркалган суўлар
Биз жокарыда айтылган классификацияларын инабатка алып топыракта судын томендеги коринислерин корип шыгамыз
1.Химиялык байланган суў
2.Пор сыйаклы суў
3.Гигроскопик суў
4.Перде суў
5.Капилляр суў
6.Гравитацион суў.
Химиялык борланган су коринислери конституцион хам кристализацион генже турлерден тийкар тапкан.Конституцион сулар адетте минераллар курамына кирип,онын кристаллык панжересинен орын алады.Бул сулар жуда жокары температура шараятында (500—1000° С да) минералларынын курамы хам касиети озгереди..
Кристаллизацион сулар есе минерал дузлар курамында сакланып,томен температурада оннан ажыралады.Бунда минералдин дузилиси хам курамы озгермейди.
Топырак курамындагы судын бул кориниси топырактагы ешбир физик процесслерде,онын улыумалык су жыйындысына катнаса алмай, бирак топырак хам минераллардын курамын характерлеуши корсеткиш есапланады.
Топырақ геўек система болганы ушын, бул геўикликлер хәр даим хаўа ҳәм суў пуўлары менен толган болады. Топырақтагы суўдын бул формасы да өсимлик ушын пайдасыз. Бирақ пар ҳалындагы суў өсимликка сиңетуғын ҳалатқа өте алады. Қыста суў пуўы жердиң төменги бир қанша ыссы қатламларынан, жоқырығы суўық қатламларына қөтерилип, суйық ҳалатқа айланады. Топырақтағы пар тәрзли суўдың харекети диффузия нызамына бойсынады. Бул харекет тийкарынан, топырақ ҳаўасының пар суўларына тойыныў дарежеси ҳам температураға байланыслы болады. Бул жағдайдағы суўдың ҳерекетин әпиўайы гузетиў алып барыў жолы менен билиў мүмкин. Жаз кунлеринде шөл зонасының қумлы топырақлары яки қумлары қатты кызыйды ҳәм өзиниң қурамындағы суўларды атмосфераға парлатады. Биринши қарағанда бундай топырақларда суў қалмайды. Егерде сиз кешқурун топырак, жүзесин (1x1) яки (2x2) полиэтилен материалы менен бекитсениз, азанда полиэтиленниң ишки жүзесинде сан —саноқсыз суў тамшылары пайда бўлғанын көремиз. Бул суў тамшылары пар тәрзли суўлардың конденсациясынан пайда болады. пар тәрзли суўдың ҳарекетке келтириўши фактор бул сутка даўамында топырақ қатламында жүзеге келген термик градиент есапланады.

Download 0.55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   25




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling