Манги булаклар doc


АЛЕКСАНДР НЕВСКИЙ АТЫНДАҒЫ КОРАБЛЬДИҢ


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet23/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   39
Bog'liq
mangibul

АЛЕКСАНДР НЕВСКИЙ АТЫНДАҒЫ КОРАБЛЬДИҢ
ТЕҢИЗГЕ ТҮСИРИЛИЎИ МҮНƏСИБЕТИ МЕНЕН
ЖАЗЫЛҒАН ҚОСЫҚ 
1749 ж. 
Жер жийегин жасырған асқар таўлар,
Ҳəп заматта ғайып болды жағыстан заўлап,
Жаңа ғана тоғай көрсең орнында шатыр,
Бул əжайып иске кеўил тасып баратыр,
Бирақ та Петр болмағанда, корабль түўе,
Шалшық суўда қайық миниў қайда бизлерге. 
ШЫРЫЛДАҒАН ШЕГИРТКЕ... 
Шырылдаған шегиртке, сен қайғыдан жырақсаң, 
Адамлардан кере өзиң бахытлырақсаң,
Жумсақ шөптиң арасында секирип түсесең,
Таңғы шықтың тамшыларын қанып ишесең.
Журт жек көрер сени жаман жəнлик деп қарап,
Жəнлик емес, сен шынында патшасаң бирақ,
Өйткени сен бийқайғысаң, дəртиң жоқ ҳасла.
Ала жазлай шырылдайсаң, еркиң бар баста.
Не көргениң өзиңдики, ҳəмме жер үйиң,
Ғəрезсизсең, қарызың жоқ кисиден буйым. 
 
 
 
 
 
 
 
 
 


48
А.С.ПУШКИН 
(1799-1837) 
Тар заманда азатлық деп жар салып,
Ғəрип-мискинлерди аятқым келди. 
А.С.Пушкин 
Уллы рус шайыры Алексанар Сергеевич Пушкин 
Москвада туўылды, соң Петербургта жасады. Шайырдың 
қүдиретли лирасы, азатлық ушын гүрес идеяларынан 
руҳланған күшли ҳаўазы өз заманында-ақ Россияның кең 
пайтах үлкелерине жаңлап еситилди, Ол реалистлик рус 
классикалық əдебиятының тийкарын салған шайыр. 
Уллы азатлық жыршысыма үстем топарлар көп қыянет 
етти ҳəм ол дуэлде өлтирилди. А.С.Пушкинниң азатлық 
ушын гүрес руҳы менен жаңлаған қосықлары, “Руслан ҳəм 
Людмила”, “Полтава”, “Мыс атлы”, “Бақшасарай фонтаны”, 
“Цыганлар” сыяклы поэмалары, “Капитан қызы” повести, 
əсиресе “Евгений Онегин” романи – дүнья əдебиятының 
мақтанышы. 
ЕСКЕРТКИШ 
Бир ескерткиш салдым айта жүргендей,
Ел соқпағын шөп баспайды олманда.
Александр минарасын менсинбей,
Басып озып, бəлент шықты оннан да. 
Мен өлмеймен,-мəзи мениң денемди
Топырақ басар, сөзим жасар бирақта.
Жалғыз шайыр қалса айлы əлемде,
Мен каларман бөленип даңқ-атаққа. 
Уллы Русқа кетер аты-ҳаўазым,
Тил питкенниң бəри мен дер ондағы,
Ғошшақ славянның əўлады, финн ҳəм
Бул жабайы тунғус, қырдың қалмағы. 
Узақ ўақыт мени ардақлар халық,
Сөзим көп жақсылық оятты елде. 
Тар заманда азатлық деп жар салып,
Ғəрип-мискинлерди аятқым келди. 
О Музам, тəғдирге сен гийне етпе,
Бас ийме де, дəме етпе даңқ нышан.
Пəрўа қылма марапат ҳəм өсекке,
Акмақ пенен ерегиспе ҳеш қашан. 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling