Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
- Bu sahifa navigatsiya:
- УЛЛЫ ПЕТРДИҢ ЕСКЕРТКИШИНЕ
АРҚАНЫҢ ҚҮДИРЕТЛИ ЛИРАСЫ
М.В.ЛОМОНОСОВ (1711-765) Өзиме бир өлмейтуғын белги салдым мен, Минарлардан бəлент жəне қоладан беккем. М.Ломоносов. Михаил Васильевич Ломоносов - биринши уллы рус илимпазы, ҳəзирги заман рус əдебий тилиниң тийкарын салыўшы, шайыр, художник, тарийхшы, ағартыўшы, мəмлекетлик ғайраткер. Ол Архангельскиде Холмогор деген аўылға жақын жерде туўылған. М.Ломоносовтың қосықларында Петр дəўириниң уллы ислери, даңқлы илимий-техникалық жетискенликлер йош пепен жырланады. ЕСКЕРТКИШ Өзиме бир өлмейтуғын белги салдым мен, Минарлардан бəлент жəне қоладан беккем. Арқаның асаў даўылы да буза алмас оны, Гөне даңқлар, дəўир ағымы жыға алмас оны. Өмир өтер, əжел жетер, жутар топырақ, Басқалардай биротала өлмеймен бирақ. Уллы Рим бийлер болса пүткил əлемди, Мениң даңқым шар тəрепте кетер ал енди. Қара халыққа Давнус патша болған жақларда, Қатты ағынлы Авфид тасып толған жақларда, Италияға қосығымды тыңлатыўыма, Алпей сазын журттан бурын жаңлатыўыма - Қара пухара шығысым кесент келтирмегенин, Қай ўақ бир ўақ еске алар ўатаным мениң. Мақтан, музам, мақтаныўға ҳақлысаң, қəне, - Бөле мени даңқ - абырай гүлдəстесине. УЛЛЫ ПЕТРДИҢ ЕСКЕРТКИШИНЕ Бул ескерткиш тəрип етер бир дана мəрт келбегин, Өз пухарасы ушын тəрк еткен өмир лəззетин Өз пухарасы ушын сол данышпан қаҳарман 47 Қара жумыс ислеп жүрип патшалықты апарған. Патшаман деп паңсымай, жай ҳəмелди жүриткен ол, Өз ҳəмирин бəржай етиў үлгисин көрсеткен ол. Алтын балдақ услаў ушын жаратылған қолларын Урды қара жумысқа жең түринип ол нарың. Бизлер ушын илим есигин ашыў жолын изледи, Өзиниң патша екенин патшалардан гизнеди, Жаўгершилик жапасын шекти, уллы шəҳəр қурды ол, Теңизлерде тентиреди, жат жерлерде жүрди ол. Көркем өнер кисилерин жыйнады əтирапына, Қалай урысыў усылын үйретти солдатына. Жеңди барлық бахталаслық қылған ағайинлерин, Сыртқы жаўын ныпқырт етип өширди ол үнлерин. Бул ким десең - Петр патша, ел атасы, əмеңгери, Россия сыйлар оны жердеги қудай көрип. Қанша көп жан ырза болса оған, оның тахтына, Сонша көп дуўа қылар əзийз руҳы ҳаққына. Download 0.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling