Манги булаклар doc
Download 0.5 Mb. Pdf ko'rish
|
mangibul
МОЙТУМАР
Шалқар теңиз мəңги тынбай шарпылдап, Меңиреў жар тасларды жуўған жерлерде, Ай күлимлеп сəўле төгип жарқылдап, Лəззетли, пайызлы кешки иңирде, - Шалқып көп қатынлы мусылман ели, Дəўран сүрген жерде тарқатып қумар, Наз етип, еркелеп турып бир пери Мағам инам етти əжеп мойтумар. 51 Айтты саҳыпжамал қыйылып сонда: «Жойтпа бул тумарды, жаным, ҳеш кашан. Бир тилсимли күштиң əкси бар онда, Мениң саған деген ышқымнан нышан. Əжел қурығынан, бəле-мəтерден, Үргин, боранларда сақлап, сəўер яр, Қутқарып ҳəр қыйлы қəўип-қəтерден, Алып қала алмас сени бул тумар. Күншығыстың бисяр дəўлетлерине Бул тумар қолыңды тийгизе алмас. Ҳəм де пайғамбардың үмметлерине Ҳəким етип, дəўран сүргизе алмас. Ғайры елде мүсəпирлик ҳалыңнан Сени азат əйлеп, берип ықтыяр, Қубладан арқаға елтип раўан, Елиңе апара алмас бул тумар. Лекин, мəккар көзлер жуўҳалық етип, Кеўлаң жат қыялға кеткен шағыңда, Түн жамылып, сеннен ықтыяр кетип, Ғайбана яр тутып өпкен шағыңда, Сени туўра жолға қайтарып бирден. Қайта еске түсип опалы дилбар, Бийопа ышқыдан, қыянетлерден Аман сақлар сени усы мойтумар. * * * Айтагөрме, гөззал, мениң алдымда Ҳəсиретли грузин намасын енди. Ол қосық түсирер мениң ядыма Өзге бир өмирди, алыс мəнзилди. Аҳ, дарийға, сениң жəллад ҳаўазың Есиме салады тыңласам, жаным, Хəм айдын саҳраны, ҳəм ай шоғласын, Ҳəм де бир бийшара қыздың жамалын. Сол сулыў сүйкимли əрман елести Умытқандай боламан қарасам саған. Ал, егер еситилсе қосық айтқан сестиң Гөне дəртим жəне қозар қайтадан. Айтагөрме, гөззал, мениң алдымда Ҳəсиретли грузин намасын енди. Ол косық түсирер мениң ядыма Өзге бир өмирди, алыс мəнзилди. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling