Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet20/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   39
Bog'liq
mangibul

АДАМ МИЦКЕВИЧ 
(1798-1855) 
Жоллар қанша болса да аўыр,
Бирлессек биз жетемиз бахытқа.
Мəртлик, мийнет, дослық-татыўлық 
Қуўат берер ондай ўақытта. 
А.Мицкевич
Польшаның ең көрнекли шайыры жəне миллий-азатлық 
ҳəрекетиниң ғайраткери. А.Мицкевич Литвада туўылған. 
Оның поэзиясы романтнзм ағымында жазылып, азатлық, 
азаматлық руҳы менен суўғарылған. Патша ҳүкимети 
шайырды Литвадан қуўдалап, ол бираз ўақыт Россияға 
келип жасайды хəи декабристлер менен, А.С.Пушкин менен 
жақынласады. 
А.Мицкевичтиң қосықлары, əсиресе “Пан Тадеуш” атлы 
дəстаны кең белгили. 
Жоллар қанша болса да аўыр, 
Бирлессек биз жетемиз бахытқа. 
Мəртлик, мийнет, дослық-татыўлық 
Қуўат берер онлай ўақытта. 
БУДРЫС ҲƏМ ОНЫҢ БАЛАЛАРЫ 
Будрыстың үш улы бар, литвалы үш суңқар, 
Атасынан тыңлар олар былайынша нəсият: 
«Атлар жолға болсын таяр, қəне, шаққан ер салыңлар, 
Қылышларды шарлаң дəрҳəл, мылтықлар да турсын тақ! 
Əдил хабар: Вильнада, дүньяның үш жағына 
Үш атланыс əнжамы бар деседи. 
Паз атлансын полякқа, Ольгард пруссаққа, 
Кестут руслар жаққа тезден жолға түседи. 
Сенлер жас жигитлерсиз, дəў жүрекли мəртлерсиз, 
(Пана болсын Литва қудайлары) -
Улларым ержеткенде, мен кетсем уят енди, 
Сапарға жоллайман сенлерди бул сапары. 
Сый аларсыз бул походта: бириңиз Новеградта 
Руслардан олжа аларсыз оңаша. 
Ҳаяллар онда қатқан, жасаўы қымбыт заттан, 
Үйлери бай, дəстүрлери тамаша. 
Ал, бириңиз пруссаклардан, сумлықлы сақсақлардан. 


42
Ҳасыл затқа ғарқ боларсыз, олар бай. 
Пүткил дүньяның пулы, ушығаның ҳəр түри, 
Ҳинжи-маржан төгиўли теңиз бақаншағындай. 
Полякларға Паз батыр күшин танытсын батыл, 
Полымада аз байлық пенен салтанат. 
Қылышы жақсы ол жақтың, тийимлиси бирақ та: 
Келинликке əкелсин бир перийзат. 
Поляк қызындай қыз ҳеш елде болған емес, 
Бала мышық ойыны бар минезлеринде. 
Жүзи гүл-гүл, кең қушақ, денеси сүттен де ақ, 
Көз жанары шамға усар жағылған түнде. 
Мен де жигит болғанман, Полымаға көп барғанман, 
Шешеңизди əкелгенмен сол жақтан. 
Қартайсам да еле мен, оны ойлайман ҳəр дем, 
Полыма бетке гейде қараған ўақта.» 
Үш ул хошласты шалға, кетти қəўипли сапарға, 
Күтер езилип ғарры оларды үйинде. 
Күн артынан күн өтти, үш ул дəрексиз кетти, 
Ойлар Будрыс: «өлген ғой деп бəрин де». 
Қыс та түсти қар жаўып, келер бир улы шаўып, 
Қара шекпен атында, қолтығында бар бир зат. 
- Ҳе, -ҳе! Не қолтықта?... Пул емес пе? - Жоқ, ата, - 
Алып келдим Полымадан бир перийзат. 
Өтти жəне қар жаўып, келер бир улы шаўып, 
Қара шекпен астында томпаяр бир зат. 
- Не бар қəне, қолтығыңда? Ушыға ма? - Жоқ. ата, - 
Алып келдим Полымадан бир перийзат. 
Жаўды тағы қырпық қар, ушып келер бир тулпар, 
Қолтығында бир нəрсе бар томпайған ... 
Сорамастан «бул не?» деп те, Будрыс ғарры енди тек те 
Мийманларды шақыра берди үш тойға. 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling