Масъул муҳаррир: Файзиев Шохруд Фармонович, ю ф. д., доцент
Фойдаланилган адабиётлар рўйхати
Download 4.72 Mb. Pdf ko'rish
|
17.Fizika-matematika
- Bu sahifa navigatsiya:
- Т.Т.Калекеева п.и.ф.д. (PhD), Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
- Гилт сөзлер
Фойдаланилган адабиётлар рўйхати:
1. Джораев М. Формирование вероятностно-статистических идей и понятий при под- готовке учителя физики. -Ош: КУ У, 2003 г. 2. Кун Т. Структура научных революций. —М., 1975 г. 3. Баллер Э.А. Преемственность в развитии культурьг. —М.: Наука, 1969 г. 4. Поппер К. Логика и рост научного знания. -М., 1983 г. 5. Бор Н. Избранные научные труды. Т.2.М,: Наука, 1972 г. 38 17 УЛЫЎМА БИЛИМЛЕНДИРИЎ МЕКТЕПЛЕРИНДЕ ФУНКЦИЯЛАРДЫҢ ГРАФИКЛЕРИН ЖАСАЎДА МАТЕМАТИКАЛЫҚ ПАКЕТ ПРОГРАММАЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫП ҮЙРЕТИЎ МЕТОДИКАСИ Т.Т.Калекеева п.и.ф.д. (PhD), Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика оқытыў методикасы кафедрасы үлкен оқытыўшысы Б.О.Байжанова Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты математика оқытыў методикасы бакалавр тәлим бағдары 4 курс талабасы Телефон:+998(93)9200341 ktamarat@mail.ru Аннотация: Мақала улыўма билимлендириў мектеплери математика сабақларында функциялардың графиклерин жасаўда maple пакет программасынан пайдаланып оқытыў мәселелерине бағышланган. Гилт сөзлер: математикалық пакет программалар, maple пакет программасы, plot, plot3d командалары. Бизге белгили, математика пәни тәбият ҳәм жәмийетте жүз берип атырған процесслер- ди үйрениўде тийкарғы қураллардың бири сыпатында саналады. Усы қураллардың имка- ниятларынан пайдалы ҳәм тез пәт пенен пайдаланыўды компьютер технологияларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Мәселен, көпшилик жағдайларда жүзеге келетуғын математикалық машқаланы тез ҳәм берилген анықлықта шешиў ушын профессионал ма- тематиклерден өз кәсиби менен биргеликте белгили бир алгортимлик тилди билиўи та- лап етилетуғын еди. Бирақ математиклер ишинде программаластырыў орталықларының имканиятларынан толық пайдалана алатуғынлары кем ушырайды. Усы машқалаларды шешиў ушын ХХ әсирдиң 90-жылларының басына келип математиклер ушын бирқанша қолайлықларға ийе болған математикалық системалар жаратыла баслады. Профессионал математикалық пакетлер дегенде, әдетте ҳәзирги заман компьютерлеринде қолланылып атырған Mathematica, Maple, Matlab, Derive, Mathcad сыяқлы программалар ҳәм мәнислерин статистикалық көрип шығыўға тийкарланған SSPS, Statistica, Statgrapрics, Stadia ҳәм соған уқсаған программа класслары нәзерде тутилады. Бул пакетлер жәрдеминде ҳәр қыйлы санлы ҳәм аналитикалық (символлы) математикалық есапларды, әпиўайы арифметикалық есаплаўлардан баслап арнаўлы туўындылы дифференциал теңлемелерди шешиў, оптималластырыў мәселелерин шешиў, статистикалық гипотезаларды тексериў ҳәм математикалық моделлерди жаратыўға шекемги ҳәр қыйлы зәрүр техникалиқ есаплаўларды әмелге асырыў мүмкин[1,2,3]. Download 4.72 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling