Мектепке дейінгі білім беру ұйымындағы сахналастыру – іскерлігін ұйымдастыру


Download 0.65 Mb.
bet8/31
Sana16.06.2023
Hajmi0.65 Mb.
#1510707
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   31
Bog'liq
Лекция сахна каз группа

Негізгі функциялар:
-Театр өнері негізінде балалардың жан-жақты шығармашылық дағдыларын жетілдіру.
- Көркем образдар жасау кезінде ойын, ән және би импровизациясы арқылы балалардың өзіндік шығармашылық қабілеттерін дамыту.
- Балалардың айналасындағы қатынастар туралы түсініктерін кеңейтуді жалғастырыңыз. Топтық, залдық және мектепке дейінгі бейімделу дағдыларын жетілдіріңіз. Балалардың қуыршақ театры туралы түсініктерін және оларды ажырата білу қабілеттерін арттыру.
-Балалардың сөздік қорын жақсарту және көбейтуді жалғастырыңыз, олардың сөздік қорын үнемі кеңейтіңіз. Сөйлеудің сұхбаттық және монологтық түрлерін жетілдіру. Қарым-қатынас барысында сөйлеу мәдениетін тәрбиелеу. Қуыршақтардың қатысуымен әңгімелер мен ертегілер құру дағдыларын жетілдіру.
-Қуыршақтарды дұрыс басқара білуді күшейтеді.
-Балалардың ертегі кейіпкерлерімен импровизациялау қабілетін күшейту.
-Ақыл, зейін, ойлау, қиял және сезім дағдылары жетілдірілген.
-Балалардың рухын өзгелермен бөлісу, дене әуенінің әр түрлі қимылдары арқылы әуен әуенін көрсету, көркемдік өзіне деген сенімділік дағдыларын дамыту.
-Қуыршақ театрлары кезінде балалардың импровизациялық бастамаларын музыкалық аспаптардың көмегімен жеке де, топта да қолдау.
-Балалардың мектепке дейінгі демалыстарға, ойын-сауық іс-шараларына сабақтар мен өздік жұмыстар барысында алған білімдері мен дағдыларын қолдана отырып, белсенді қатысуға қолдау көрсету.
Жоғарыда айтылған жағдайда ұйымдастырылған білім беру өз жемісін беретіні сөзсіз. Театрландырылған ойын балалардың өз ойын басқалар алдында көрсете білу, өз «Менін» басқаларға ұсыну, өз құрдастарының алдында өз іс-әрекеттерімен мақтану қабілеттерін дамытады. Балалардың мектепке дейінгі тәрбиесі театрландырылған ойын әрекеттері, кіріктірілген ойындар, өнер түрлерімен байытылады.
3-тақырып:САХНАЛАСТЫРУ ҚЫЗМЕТІ АРҚЫЛЫ БАЛАЛАРДА ШЫҒАРМАШЫЛЫҚ ҚӘБІЛЕТТЕРІН ДАМЫТУ
Жоспар

  1. Балалардың шығармашылық іс-әрекетін дамыту

  2. Мектепке дейінгі білім беруде сахналаудыңмаңызы

  3. Шығармашылық іс-әрекеттегі жұмыс формалары

  4. Шығармашылық қабілетті қалыптастыру

  5. Мектепке дейінгі жастағы балаларда шығармашылық белсенділікті қалыптастыру



Тірек сөздер: балалардың шығармашылық белсенділігі, шығармашылық қабілеті

1. Дөретиўшилик дегенимиз не


Дөретиўшилик қәбилети қалай пайда болады? Бул сораўлар көпшиликтиң, соның ишинде, әсиресе педагогларды жүдә қызықтырады. Олар тәрбия барысында балаларģа дөретиўшилик шараятын жаратыўды өз алдыларына мақсет етип қояды.
Мектепте шекемги тәлим баланы ҳәр тәрелеме мектепке таярлаў ушын оģада зәрүр. Мектепке шекемги балалардың табыслары ҳаққында пикирлер олардың усы ўақыттаģы жетискенликлери менен алдыңģы нәтийжелери арасындаģы салыстырыўлар тийкарында келип шыģады. Гейпара педагоглар дөретиўшилик уқыплылықты баланың туўма қәсиети, ол тәбияттан ҳәмме балаģа бериле бермейди деп есаплайды. Бирақ бул пикир натуўры.
İлимпазлардың изертлеўинше креактивликтиң жүзеге келиўи сыртқы шараятлардың тәсири астында болады. Мысал ушын критика, баҳалаў ҳәм стресс болмаģан шараятларда балалардың дөретиўшилик ҳәм интеллектуал мәселелерди шешиўши анаģурлым жеңил келеди.
Креактивлик тәрбия дегенде биз нәтийжесинде дөретиўшилик өним алатуģын сабақларģа таярлық ҳәм дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыўды түсинемиз. Буннан келип шыģып тәрбияшы балаģа қандай искерлик ўаормаларын синдириўи керек «Дөретиўшилик» деп аталģан өнимди алыў ушын искерликтиң қандай түрлери ҳәм ўаормалары анықланģан? деген сораўлар қойылады.

2. Ойын ҳәм дөретиўшилик арасындаģы байланыстың бала тәрбиясындаģы әҳмиети.


Мектепке шекемги билимлендириў мекемесинде балаларды оқытыў протсесси ойын сабақларында өтеди. Ойын балалар дөретиўшилиги менен тыģыз байланыста болģанлыģы себепли көплеген илимий изертлеўлердиң тийкары болады. Ойында бала өзин еркин тутатуģынлыģы себепли өзин қоршаģан орталықты өз қәлеўинше қабыл етеди. Бул болса жаңа дәстүрий емес нәтийжелерге алып келеди. Баланың актив ойын искерлиги доретиушилик мумкиншиликлер раўажландырады.
Психологлардың пикирлеўинше ойын искерликтин протсессуал түрине киреди. Ойын барысында бала өз қыялы бойынша жаģдай жаратады.
Експеримент мақсетинде Коррин Хатт бир балалар бақшасында рычагка басыў арқалы сес шыģаратугын аппарат орнатты. Балаларģа болса я таныс ойыншықты ямаса усы аппараты таңлаўды мәсләҳат береди. Балалар аппаратты қәледи. Алътернатив таңлаў жаģдайындаģы балалардың ис ҳәрекетин анализлей отырып, Хатт балалардың изертлеўшилик ҳәрекети менен олардың ойыны арасындаģы әдеўир парық бар екенлиги анықланды.
Таныс емес нәрсени тексериўди тамамлап балалар жаңа ҳәрекетлерге киристи
1) қайталаныўшы ҳәрекетлер (аппараттың рычагын шапатлаў).
2) даўам етиўши манипулятсиялар (путкил денеси менен рычагģа салмақ түсирип үзликсиз сигнал шыģарыў)
3) избе-из ҳәрекетлер (биресе аппараты биресе ойыншықларды иелеў). Басқаша айтқанда олардың изертлеўиниң нәтийжеси ойынģа айланып кетти. Гейпара балаларда басқаша көз қараслар бақланады, бул «функтсяның өзгериўи» деп аталады. Мысалы аппарат олар ушын жеңип өтиў керек болģан тосқынлық, базы биреўлерге болса орнатыў ушын орын ҳәм т.б.
Өз бақлаўларынан жуўмақ шыģара отырып Хатт «ойын» менен «изертлеўшилик» арасындаģы айырмашлиқты төмендегише анықлайды:
İзертлеў барасында балалар «Мына нәрсе неге хызмет қыпады?» деген сораўģа жуўап изертлейтуģын болса, ойын даўамында путкиллей басқа сораў туўылады: «Бул нәрсе менен анықланса, ойын ректсиялар шынжыры менен анықланады.
Баланың дыққаты таныс емес предметти я өзин қоршаģан орталықтаģы басқа бир нәрседе тоқтаģанда ģана бала изертлеўди баслайды. Ол усы предметы уйренип шыģыўды жуўмақлаģан ўақытта оның изертлеўшилик искерлиги әсте пәсейип ҳәр қыйлы қайталаныўшы ҳәрекетлер менен алмасады. Бул ҳәрекетлер «ойын» деп аталады. Ойынбаланың ректсияларының өзгериўшеңлиги ҳәм ис ҳәрекетленеди. Бала өзине берилген предметлер менен қәлегенше ҳәрекет етиўи мүмкин. Бизиң көрип өткен мысалымызда сес шыģарыў ушын рычагты басады, ямаса аппарат устине отырģан есабында шыģып алады. Бундай екен ойын ҳәрекетлери балаģа улкен қуўаныш ҳәм қанаатланыўшылық сезимлерин келтиреди.
Баланың дөретиўшилигин раўажландырыўда оқытыў методикасының әҳмиети уллы. Уқыплылықты раўажландырыўдың шәртлериниң бири бул балаларģа жаңа ой пикирлер пайда етиўши атмосфера жаратып бериў. Бул атмосфераның дәслепки текшеси балаларда психологиялық еркинлик сезимин раўажландырыў, балалардың ис ҳәрекетине сын көз қарас пенен баҳа бериў, оларда өз усынысларының қабыл етилиўи ҳаққында сезим пайда етиўден ибарат. Тәрбияшы балалардын қыйын мәселени шешиўге умтылыўларын қоллап қуўатлаўы арқалы оларда турақлылықты, дөретиўшилик уқыплылыģын раўажландырады. Мектепке шекемги жастаģы балалардың шыныģыў бөлмеси сондай қолайлыққа ие болыўы керек, бунда бала тәрбияшының рухсатсыз-ақ еркин ҳәрекет ете алыўы. Бөлме иши ҳәр қыйлы материал ҳәм үскенелер менен үскенеленген ҳәм буның барлыģы балалардың ыхтыярында турыў керек. Тәрбияшы тек ģана консулътант ҳәм жәрдемши бола алады. Ол топар ишинде улыўма қадаģалаўшы бола турып, балаларģа дөретиўшилик протсессии еркин өз бетинше дүзиўге мүмкиншилик береди.
Дөретиўшилик протсесси үш бир-биреўи менен байланысқан етаплардан турады:
1. Бала мәселени дүзип, соģан керек информатсия жыйнайды.
2. Мәселени ҳәр тәреплеме қарап шыģады.
3. Бала баслаģан исин ақырына жеткереди.
Бул етаплардың ҳәр бири белгили ўақытты талап етеди, сол ушын тәрбияшы баланы асықтырыўына болмайды. Ал бала шешим таппай қыйналса оģан жәрдем көрсетиўге таяр турыўы керек. Балалардың дөретиўшилигин раўажландырыўды өз алдына мақсет етип қойģан ҳәр бир педагог дивергент ойлаўģа айрықша кеўил бөлиўи керек.
Дивергент ойлаўдың тийкарģы сыпат белгилеп береди: тезлик, майсқақлық, оригиналлық анықлық. Тезлик – дегенде максимал дәрежеде көп пикир айта алыў түсиниледи. Бул жерде бул пикирдиң сапасы емес, ал саны әмиетли.
«Қәне көрейикши сен қанша жуўап усына алады екенсен?» ямаса, «Сен және не айта аласаң?» деген сораўлар менен педагог баланың ойының ушқырлыģына пәт ендире алады.
Майысқақлық-бул ҳәр қыйлы пикирлерди кең көлемде айта алыў уқыплылыģы. Жаңа мөлшерсиз пикирлер туўдыра алыў уқыплылыģы оригиналлық. Анықлық бул өз өнимин толық жуўмақлаģан ҳалģа келтириў. Егер тәрбияшы баллада усы сыпатты көргиси келсе, мысал ушын сүўрет сабаģында баладан «Сен қалай ойлайсаң, сениң сүўретңе қарап не жетиспей тур, мүмкин бир нәрсе қосып қойыў керек шыģар» деп сораў берсе болады.
Дөретиўшилик уқыплылықты жетилистириўдиң улыўма усылларын келтирип өтиўге болады.
1. Қолайлы шараят жаратыў. Тәрбияшы тәрепинен баланың искерлигине сын көз карас, критиканың болмаўы, баланың дивергент ойлаўының еркин жузеге шыģыўын қәлиплестиреди.
2. Баланы қоршаģан орталықты ҳәр қыйлы жаңа предметлер менен байытыў оның қызыģыўшақлыģын раўажландырады.
3. Балалар тәрепинен пикирлер билдириўин марапатлаў.
4. Шыныģыўлар ҳәм әмелий искерлик ушын мүмкиншиликлер жаратыў. Ҳәр қыйлы тараҳда дивергент түрдеги сораўларды кеңнен пайдаланыў.
5. Машқалаларды шешиўге дөретиўшилик пенен жандасыўды өз жеке улгисинде көрсетиў.
6. Балаларģа белсене сораўлар бериўине мүмкиншиликлер туўдырыў.
Дөретиўшилик қәбилетлерди раўажландырыў ушын қолайлы орталықты жаратыў, арнаўлы методикаларды қолланыўлар дөретиўшиликти раўажландырыўдың әҳмиетли шар шараятлары. Солайда болса кунделикли әпиўайы азанģы ямаса туски аўқаттан баланың дивергент ойлаўын раўажландырыў ушын пайдаланыўģа болады. Бул ушын ҳәмме мазалы аўқатлық затларды атап өтиўди сораймыз, ямаса есик артындаģы шаўқымģа балалардың дыққатын аўдарып, бул шаўқымның тийкары не болыўы мүмкин екенлигин сораў, бундай қолайлы жаģдайлар жүда жийи ушырасыўы мүмкин, тек оларды бос жибермеў керек.
Мысалы дене тәрбиясы ушын шешиниў бөлмесинде оларģа бас кийимлерди атап өтиўди усыныс етемиз, кейин болса нелерди басқа кийиўге болмайды деп сораймыз. Баģдарламада шыныģыўдан тыс шыныģыўларģа белгили ўақыт ажыратылады. Оларда балалар ҳәр ўақыяларды айтса болады, сәwбетлесиўлер өткерилсе болады. Бул шыныģыўларда ўаантазияģа кең орын бериледи ҳәм дивергент ойлаўдың раўажланыўына үлкен мүмкиншиликлер бериледи. Балалар ўаантазясын оятыў мақсетинде тәрбияшы оларģа басқа планетаģа саяхатқа шықса не затларды алып кететуģынлыģын атап өтиўди ямаса дүңяны қумырсқаның көзи менен көриўди усыныс етеди. Мектепке шекемги билмилендириў мәкемесиниң тәрбияшылары балалардың дөретиўшилигин раўажландырыўдың түрлерин таңлаўģа үлкен дыққат бөлиўлери керек.

Балаларда дөретиўшилик қыялының раўажланыўы.


Дөретиўшилик – психикалық белсендиликтиң өз бетиншеликтиң жаңаша нәрсени қәлиплестириў уқыплылыģын жоқары ўаормасы болып табылады. Дөретиўшиликке болģан ийкемлесиў адамзат икерлигиниң ҳәр қандай тараўларында болыўы мүкин. İлимий көркем, өндирис – техникалық, хожалық ҳәм т.б..
Дөретиўшиликтиң көлеми ҳәр турли болып, барлық жаģдайда келип шыģыўģа, жаңа нәрсениң ашылыўы болып табылады. Дөретиўшилик арқалы илим ҳәм көркем өнер, барлық адамзат тсивилизатсиясының ашылыўлары, адамлардың турмыс ўаормалары қәлиплескен. Мийнеттеги дөретиўшилик тәқбийий адамзат мүмкиншилигиниң толық саўлелениўи болып табылады.
Дөретиўшилик протсессинде искерликтиң ҳәр қандай тараўында қыял әҳмиетке ие. Яģный, образларды ой бойынша көз алдына келтириў, дөретиўши мүмкиншиликлер тек ģана уқыплылық ақылģа ģәрезли болып қоймастан, минез-қулыққа да байланыслы болып келеди. Адамның дөретиўши күшиниң тийкары мектеп жасына шекемги етаптан басланады. Бундадөретиўшилик көбинесе ериксиз болыўы менен сыпатланады. Қыял протсесси ҳәм оның жүзеге келиўи бир қанша жаģдайларģа байланыслы. Қыял барқулла белгили бир баģдарģа ие болады. Әдетте жүзеге келген қыял адамның өз искерлиги даўамында неге умтылып атырģанлыģы нени қәлейтуģынлыģы менен байланыслы болады. Қыял протсесси өзгешеликлериниң бири соннан ибарат қыял адамның талаплары, қызыģыўшылықлары ҳәм өз алдына қойģан ўазыйпалары менен байланыслы болģан халда жүзеге келеди.
Қыял протсессиниң өзине тән өзгешеликлериниң және бири оның бай тәжрийбе ҳәм билимлерге тийкарланģанлыģында болып табылады. Егер билим жетерли дәрежеде болмаса, қыялый көз алдына келтириўлери пайда болмайды. Қыял протсессиниң өзине тән өзгешеликлериниң және бири ядтан көз алдына келтириўлерин анализ ҳәм синтез етиў. Қыял протсессиниң өзгешеликлеринен бири сонда егер қабыл етиў образлары ҳәзирги ўақыттаģы нәрселер менен байланыслы болса, яд образлары өткен замандаģы нәрселердиң оборазларын тиклеў менен байланыслы болса, қыялый жол менен жаратылģан образлар ҳәзирги ҳәм өткен заманģа ģана емес оның менен бирге келешек заманģа адам умтылып атырģан мақсетлерге қаратылģан болады.
Дөретиўши қыял деп- тәжрийбемизде болмаģан ҳәм ўақыялықтың өзинде де ушырамаģан нәрсе ҳәм ҳәдийселер ҳаққында түсиник ҳәм образлар жаратыўдан ибарат болģан қыял түрине айтамыз. Бул қыял түри қурамалы сәwлелендириў протсесси болып адамның турмысындаģы үлкен әҳмиетке ие. Адам бул ўақыя арқалы жаңа, яģный усы ўақытқа шекем көрилмеген нәрселерди жаратады.
Дөретиўши қыялдың арнаўлы түри-арман. Арман дөретиўши қыялдың келешекке қаратылģанўаормасы. Ол адамды искерликке ийтермелеўши стимул болып есапланады. Дөретиўшиликти әсиресе кшиши мектеп жасындаģы баллада көриўге болады. Бул жаста бала билиў ҳәм ўаантазия елементлерин иелеп атырģан болады. Мектепке шекемги ҳәм киши мектеп жасындаģы балаларда көргизбели-образлы ойлаў тез раўажланыўы себепли дөретиўши искерликтиң тийкары болып табылады. Баланың психикалық қәсиетлери оны қоршаģан дүңя менен өз-арар тәсир етисиўинде раўажланып қәлиплесип барады. өсип киятырģан адамның жетилисиў өзгешиликлерин қайталанбас раўажланыў стадилары белгилеп береди. Адам өмириндеги ҳәр бир стадия оның шахсының қәлиплесиўинен дерек береди.
Тек ģана мектепке шекемги жастаģы балалардың белгили жылларында дөретиўшиликтиң белгилери көрине баслайды. Оģан өз ўақтында мақсетке баģдарланģан тәсир көрсетиў арқалы оны беккемлеп байытып керекли тәрепке қарай өзгертип барыўģа болады. Активликти баладан дөретиўшиликти асырыўдың ең әпиўайы жолы бул оларды зат ҳәм қубылысларды толық ҳәм анық көриўге жақынлап қараўģа үйретиў керек. Ең дәслепки сабақлар ўақтында даққатлы көриў сезимталлыģын өсириўге баģдарланģан болады.
Кейинги тапсырмалар енди тәсирли образлар қәлитплестириўге жәрдем беретуģын қыялды раўажландырыўģа арналģан болады. Ҳәр сабақ табийий түрде қызықлы ҳәм балалардың жас мүмкиншиликлерин есапқа алģан жаģдайда алып барылыў керек. Бул тапсырмалар тек ģана дөретиўши активлиликти оятып ģана қоймастан соның менен бирге ойын ўаормасында ойлаģан нәрсени әмелге асырыўģа жәрдем береди. Балаларģа тан болģан емотсионаллық әтирапындаģы қоршаģан затлардан бериў уқыплылыģы образлы ойлаў ҳәм ўаантазиясын раўажландырыўģа тийкар салады.
Мектепке шекемги жастаģы бала өз бетинше сүўрет салыў, мусин жасаўы, тақмақ айтып ертек пъессалар айтыўы мүмкин. Буны бала бир өзи ямаса басқа балалар менен ойнаģанда тоқыўы мүмкин. Ертеклерди гей ўақытлары ишинен гей ўақытлары сыртынан өзи ушын жаратады. Ойын ўақтында бала актер, режиссер, атқарыўшы ҳәм музыкантта болыўы мүмкин. Мектепке барģанда сон баладаģы бул қәсиетлер роли ойынлар соне баслайды. 10-11 жасқа келип сүўрет салыўģа болģан қызыģыўшылыģы жоģала баслайды. Бирақ деген менен ҳәр бир адам таңлаģан кәсибинен тысқары тәбиятқа, басқа адамларģа өз халқының тарийхына, таģдирине, мәденият байлықларына бийпаруа қарамаў керек.
Қыял өзиниң қурылысы жаģынан қурамалы протсесс болып табылады. Бул протсесстиң басында ең дәслеп анаў яки мынаў нәрсе қабыл етиў турады. Себеби қабыл етиў-бизин тәжрийбемиздиң тийкарын қурайды. Баланың көргенлер, еситкенлери келешекте дөретиўшиниң тийкары болып табылады. Ол ўаантазиясынан бир нәрсе жаратыўда дәслеп материал топлайды. Соң бул материаллар санада қайта исленеди. Демек адам өз турмысы даўамында бурын қабыл етилмеген нәрсе ҳәм ҳәдийселерди ģана емес ал ҳеш қашан өмиринде ушырамаģан нәрселерди де көз алдына келтире алады, қыялында жаратады.
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   31




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling