Келбетлик фейил. Келбетлик фейил еки сөз шақабының фейил ҳәм
келбетликтиң мәнисин билдиреди. Ис-ҳәрекет мәнисинде келгенде дәреже мәҳәл
категориясына , болымсыз ҳәм болымлы формаларында қолланылады, бет-сан
аффикслери менен өзгереди. Келбетлик сыяқлы атлық сөзлерге қатнасып
анықлаўышлық хызмет атқарады, субстантивлеседи. Бул жағдайда сеплик,
көплик,тартым аффикслери менен өзгереди.
Келбетлик фейилдиң ған, ген, қан, кен, туғын, ар, ер, р, мас, пас, пес, бас, бес,
ыўшы, иўши, ўшы, ушы, ыўлы,иўлы, улы,ўлы,ули,мақшы, мекши, пақши,
пекши, бақшы, бекши формалары, атрибутивлик-анықлаўышлық хызмет атқарады.
Ҳал фейил. Ҳал фейил-фейил ҳәм рәўишлик белгилерге, яғный ис-ҳәрекет ҳәм
пысықлаўышлық мәнилерге ийе болған фейиллердиң атрибутивлик-пысқылаўышлық
формасы. Ҳал фейил формалары бет, сан ҳәм мәҳәл мәнилерин билдирмейди.
Сонлықтан ҳал фейиллер морфологиялық белгиси жағынан бетлик емес фейиллердиң
системасына киреди. Ҳал фейил формалары тийкарғы ҳәм қоспа аффикслер болып
екиге бөлинеди. Тийкарғы аффикслерге ып, ип, п, а, е, й, май, мей, аффикслери
киреди.
Қоспа формалар: мақта, мекте, ыўда, иўде, ыўға, иўге, маға, меге, ырға,ирге,
масқа,меске, мастан, местен,мастай, местей, ғаннан, геннен,ғалы, гели, ғаншалы,
геншели, ырақ,ирек.
Ҳал фейилдиң дара формалары тилде өнимли қолланылады.
Рәўиш. Рәўиш ис-ҳәрекеттиң белгисин билдиретуғын мәнили сөз шақабы.
Рәўиш фейил менен дизбеклесип келгенде ис-ҳәрекеттиң ҳәр қыйлы белгисин
билдиреди. Мысалы: Халыққа пайдалы нәрсени босқа жибериўге болмайды. Рәўиш
белгиниң белгисин билдирип келгенде көбинесе келбетлик пенен дизбеклеседи.
Мысалы: Суп-сулыў көп этажлы жайлардың қасынан өттик.
Рәўишлер өзине тән сөз жасаўшы аффикслерине ,дәреже категорияларына ийе.
Рәўишлер аңлатқан мәнилери бойынша төмендегише бөлинеди. 1) ўақыт рәўиши
2
) орын рәўиши. 3) сын 4) муғдар дәреже 5) мақсет рәўиши 6) себеп рәўиши.
Do'stlaringiz bilan baham: |