Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet40/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Ўақыт рәўиши. Ис-ҳәрекеттиң иске асыў ўақтын билдиреди. ″Мен не деймен, 
қобызым не дейди″, - деген баяғыда биреў. Ўақыт рәўишлери ис ҳәркеттиң болып 
атырған ўақыттың кешигип иске асатуғынлығын, келешекте иске астуғынлығында 
билдирип келеди. Әллен ўақытта есине енди. Айрым рәўишлер гәпте басқа сөзлер 
менен дизбеклесип келиўине қарай бирде муғдарды, бирде орынды билдиреди. 
Мысалы: Нурымбет сарғыш жүзи қып-қызыл болып, узақ күлди. (А.Садықов) 
Орын рәўиши. Ис ҳәрекеттиң иске асыў орнын бағдарын билдиреди: а) ис- 
ҳәрекеттиң орнын көрсетеди. Сол манда отырып сөйлесемиз. б) ис-ҳәрекет бағдарын 
көрсетеди. Жаңа Сәнемди қалаға шығарып салып берман  қайрылғаным. 
Сын рәўиш. Ис ҳәрекеттиң қалай? қәйтип? қалайынша? ислениў усылын, 
сынын ҳәм оның ҳәр қыйлы ҳал жағдайларын билдиреди. Ананың түри тосаттан  
өзгерип кетти. Сын рәўиш салыстырыў мәнисинде келгенде ис-ҳәрекеттиң сынын ҳәм 
усылын салыстырыў арқалы көрсетеди. Дәслепки концерт услайынша журтты таң 
қалдырды. Гейпара фразеологиялық сөз дизбеклери де сын рәўишиниң орнына 
қолланылады. Көзди ашып жумғанша, қас пенен көздиң арасында
Муғдар - дәреже рәўиши. Ис-ҳәрекеттиң, предметтиң ҳәм рәўиштиң 
белгисиниң артық ямаса кемлик дәрежесин муғдарын, өлшемин билдиреди. Быйыл 
жылдағыдай емес, әдеўир ириленипти. Муғдар - дәреже рәўиши арттырыў мәнисинде 
онша, бунша, оншелли, усыншама рәўишлер арқалы билдиреди. Мектеп те аўылдан 
онша қашық емес. Муғдар - дәреже рәўиш пәсейиў, кемейиў мәнисинде келгенде 
питегене, зәрре, сәл, аз, кем, азлап, азғантай сөзлери менен келеди. Жигит те  
питегене сергекленип омыраўын тиклеп отырған еди. (Ш.Сейтов) 
Мақсет рәўиш. Ис-ҳәрекеттиң иске асыў яки аспаў мақсетин билдиреди
ислениўге тийисли болған ис ҳәрекеттиң не мақсетте исленип ямаса исленбегенин 
көрсетеди. Мен оған билқастан соқлыққандай сезилдим. (У.Пиржанов) 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling