Көмекши сөзлер. Көмекши сөзлер өзиниң лексикалық мәнисинен айырылып
көмекшилик хызметке көшкен сөз шақапларының бир түри. Көмекши сөзлердиң өзине
тән лексикалық мәнилери болмайды. Грамматикалық тәбияты ҳәм қолланыў
өзгешелиги жағынан олардың айырымлары мәнили сөзлердиң арасындағы ҳәр түрли
мәнилик қатнасларды бериў ушын қолланылса, гейпаралары сөз бенен сөзди, сөз
топарларын, сондай-ақ гәплердиң араларын байланыстырыў ушын хызмет етеди. Ал
көмекши сөзлердиң басқа бир топары өзи дизбеклесип келген сөзге, сөз дизбегине, ал
гейде пүткил гәпке ҳәр түрли қосымша мәни берип келеди. Көмекши сөзлер
грамматикалық мәнисине ҳәм хызметине қарай үшке бөлинеди. 1. Тиркеўишлер. 2.
Дәнекерлер. 3. Жанапайлар.
Тиркеўишлер-көмекши сөзлер қатарына киретуғын өзине тән өзгешелиги бар
сөз шақапларының бир түри. Олар өзлери дизбеклесип келген сөзлер менен бирге
ўақытлық, орынлық, себеплик, мақсетлик, санлық, теңеўлик, салыстырыўлық,
қарсыласлық ҳ.т.б. мәнилик қатнасларды билдиреди. Қарақалпақ тилинде тиркеўишлер
шығысы жағынан үш топарға бөлинип қаралады. 1) түпкиликли тиркеўишлер, 2)
атаўыш тиркеўишлер, 3) фейил тиркеўишлер.
1.
Түпкиликли тиркеўишлер. Буған өзиниң лексикалық мәнисинен үзил-кесил
айырылған тиркеўишлер киреди: ушын, дейин, шекем, сайын, киби, яңлы. Булардың
мәниси атаўыш ямаса атаўышлық хызметте қолланылатуғын сөзлер менен дизбеклесип
келгенде ғана аңласылады.
2
.Атаўыш тиркеўишлер. Бул топарға атаўыш ҳәм рәўиш сөзлерден
тиркеўишлик хызметке өткен сөзлер киреди: басқа, өзге, бурын, жақын, қарсы,
кейин, соң. Бул сөзлер ретине қарай көмекшилик мәни де де, дара мәниде де
қолланылыў мүмкиншилигине ийе.
3
. Фейил тиркеўишлер. Буған фейиллик мәнидеги тиркеўишлик хызметке
көшкен тиркеўишлердиң топары киреди. Мысалы: баслап, бойлап, жағалап, қарап,
Do'stlaringiz bilan baham: |