Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet36/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

болсын
Шәрт мейил. Шәрт мейил ис-ҳәрекеттиң ислениў ямаса исленбеў шәртин 
билдиреди. Шәрт мейил қатнасқан гәпте еки ис ҳәрекет болады. Мысалы: Жақсы 
оқысаң, имтиханнан өтесең, көп ўйықласаң жаман үйренесең. Тийкарғы формасы -
са//-се. 
Мақсет мейил. Бул мейил қарақалпақ тилинде соңғы дәўирде үйренилип 
баслады. Өзбек, түркмен, ўйғыр, қырғыз, башқурт тиллеринде бурыннан-ақ мақсет 
мейили мейилдиң бир түри деп қаралып жүр. Оның тийкарғы формасы -мақшы// 
мекши, -бақшы//- бекши, -пақшы//-пекши. Мысалы: бармақшы, жазбақшы 
сөйлемекши, ислемекши, айтпақшы ҳәм т.б. 
Анықлық мейил. Анықлық мейил белгили бир ўақыт пенен байланыслы 
болған реаль мәнидеги анық хабарды аңлатады. Бул мейилдиң ўақыт пенен 
байланыслығы оның мәҳәл категориясына қатнаслы екенлигин билдиреди. Анықлық 
мейилдиң арнаўлы грамматикалық формасы жоқ. Оның мәниси бетленип келген 
өткен, ҳәзирги, келер мәҳәл формалары арқалы аңлатылады. 
Мәҳәл  категориясы. Фейил арқалы билдирилген ис- ҳәрекет белгили бир ўақытта 
ҳәм кеңисликте иске асырылады. Сонлықтан мәҳәл категориясы барлық фейиллер 
ушын тән категория. Мәҳәл түсинигин аңлаўда сөйлеў ўақты есапқа алынады. Егер 
фейил билдирген ис-ҳәрекет сөйлеў ўақтынан бурын болса өткен мәҳәлди, сөйлеў 
ўақты менен бирдей ўақытта иске асып отырса ҳәзирги мәҳәлди ис-ҳәрекет сөйлеў 
ўақтынан кейин болса келер мәҳәлди аңлатады. 

Өткен мәҳәл формасындағы фейиллер ис-ҳәрекеттиң сөйлеў ўақтына шекем 
болып өткенлигин яки өтпегенлигин ҳәр түрли белгилери менен сыпатлап көрсетеди. 
Ҳәзирги илимий грамматикада фейилдиң өткен мәҳәлиниң төмендегидей түрлерин 
көрсетип өткен. 
1
) анық өткен мәҳәл формалары: -ды//-ди, -ты//-ти. Мысалы: оқы-ды, жаз-ды
2
) нәтийжели өткен мәҳәл: ған//-ген, қан//-кен+ бетлик аффикслери. Мысалы: 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling