Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet29/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Жыйнақлаў санлықлары. Предмет яки қубылыстың санын жыйнақлап тек 1 
ҳәм 7 арасындағы санларға -аў//-еў аффикслериниң жалғаныўы менен жасалады. 
Мысалы: бесеў, үшеў, жетеў. Биреў санлығы көбинесе белгисизлик алмасығы 
мәнисинде қолланылады. Соның арасында биреў қолын былғап шақырады. Жыйнақлаў 
санлықлары тартым, сеплик қосымталарын да қабыл етип келеди. бесеўиңиз, 
алтаўында т.б. 
Топлаў санлықлары. Предметлерди сан жағынан бирдей топарларға бөлип, 
топлап көрсетеди. Олар санақ ҳәм жыйнақлаў санлықларынан жасалып, қаншадан? 


нешеден? деген сораўларға жуўап береди. Топлаў санлықлары лап-леп аффикси арқалы 
жасалады. онлап, жигирмалап, жүзлеп.

Шамалық санлықлар. Предметтиң санын, муғдарын шамалап көрсетеди. 
Шамалық санлықлар санақ, жыйнақлаў, бөлшек санлықларына дай//-дей, -тай//-тей 
аффикслери жалғаныўынан жасалады: елиўдей, яки жүздей, бир сааттай. Санақ 
санларға -лаған//-леген аффиклериниң жалғаныўынан да жасалады: жигирмалаған, 
онлаған. Сондай-ақ шамалық мәнисиндеги артық, аслам, көбирек, азырақ, шамалас 
сөзлери де қолланылады.
Бөлшек санлықлар пүтинниң бөлегин, үлесин билдирип жасалады. Мысалы: 
жүзден он жети, бестен төрт. Тилимизде бөлшек сан мәнисин билдиретуғын ярым, 
жарым, жарты, жары, жарпы, шерек сөзлери де қолланыладыАйдың ярымы питти.
Қатарлық санлықлар. Предметлердиң ҳәр қыйлы қубылыслардың избе-из 
қатар тәртибин, ретлик санын билдиреди. Олар санақ санлықларға (ы)-ншы//(и)-нши 
аффиксин жалғаў арқалы жасалады ҳәм нешинши? деген сораўға жуўап береди: 
жетинши, бесинши, алтыншы 
Қатарлық санлықлар рет, мәрте, ўақытлық мәнидеги сөзлер менен дизбеклесип 
келип те жасалады. Мысалы: биринши рет, үшинши мәрте.
Алмасық. Предметти ямаса оның келбетин сынын, санын ҳ.т.б. белгилерин 
тиккелей атын атамай оларды силтеў арқалы көрсетеди. Алмасықлар гәпте мәнили сөз 
шақапларының орнына алмасып қолланылады. Патиманы изеп барсам, ол да 
жыйналысқа кетиўге қолайласып атыр екен. 
Алмасықлар аңлататуғын мәнислерине қарай төмендеги түрлерге яғный сегиз 
топарға бөлинеди. Бетлеў, силтеў, сораў-қатнас, өзлик, жәмлеў, белгилеў, белгисизлик, 
болымсызлық алмасықлары. 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling