нешеден? деген сораўларға жуўап береди. Топлаў санлықлары лап-леп аффикси арқалы
жасалады.
онлап, жигирмалап, жүзлеп.
Шамалық санлықлар. Предметтиң санын, муғдарын шамалап көрсетеди.
Шамалық санлықлар санақ, жыйнақлаў, бөлшек санлықларына дай//-дей, -тай//-тей
аффикслери жалғаныўынан жасалады:
елиўдей, яки жүздей, бир сааттай. Санақ
санларға -
лаған//-леген аффиклериниң жалғаныўынан да жасалады:
жигирмалаған,
онлаған. Сондай-ақ шамалық мәнисиндеги
артық, аслам, көбирек, азырақ, шамалас
сөзлери де қолланылады.
Бөлшек санлықлар пүтинниң бөлегин, үлесин билдирип жасалады. Мысалы:
жүзден он жети, бестен төрт. Тилимизде бөлшек сан мәнисин билдиретуғын
ярым,
жарым, жарты, жары, жарпы, шерек сөзлери де қолланылады
. Айдың
ярымы питти.
Қатарлық санлықлар. Предметлердиң ҳәр қыйлы қубылыслардың избе-из
қатар тәртибин, ретлик санын билдиреди. Олар санақ санлықларға
(ы)-ншы//(и)-нши
аффиксин жалғаў арқалы жасалады ҳәм нешинши? деген сораўға жуўап береди:
жетинши, бесинши, алтыншы
Қатарлық санлықлар
рет, мәрте, ўақытлық
мәнидеги сөзлер менен дизбеклесип
келип те жасалады. Мысалы:
биринши рет, үшинши мәрте.
Алмасық. Предметти ямаса оның келбетин сынын, санын ҳ.т.б.
белгилерин
тиккелей атын атамай оларды силтеў арқалы көрсетеди. Алмасықлар гәпте мәнили сөз
шақапларының орнына алмасып қолланылады. Патиманы изеп барсам,
ол да
жыйналысқа кетиўге қолайласып атыр екен.
Алмасықлар аңлататуғын мәнислерине қарай төмендеги түрлерге яғный сегиз
топарға бөлинеди. Бетлеў, силтеў, сораў-қатнас, өзлик, жәмлеў, белгилеў, белгисизлик,
болымсызлық алмасықлары.
Do'stlaringiz bilan baham: