Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet26/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

таман, қарап ҳ.т.б тиркеўишлер менен дизбеклесип келип те қолланылады. Мысалы: 
адамға жақын, атызға дейин ҳәм т.б. 
Табыс сеплиги. Табыс сеплигиндеги атлықлар ҳәрекеттиң тиккелей объектин 
көрсетип кимди? нени? сораўларына жуўап береди ҳәм гәпте туўра толықлаўыш 
хызметин атқарады. Мысалы: адамды, китапты, қонақты. Табыс сеплигиниң 
аффикслери: -ды//-ди, -ны//-ни, -ты//-ти. Булар да ийелик сеплиги сыяқлы гәпте 
аффискли ҳәм аффиксиз қолланылады. Мысалы: Бизге китапты берип жиберсин. Бизге 
китап берип жиберсин. 
Шығыс сеплиги. Шығыс сеплигиндеги атлықлар ис ҳәрекеттиң шыққан орнын, 
пунктин билдирип кимнен? неден? қайдан? қаяқтан? сораўларына жуўап береди. Гәпте 
пысықлаўыш, толықлаўыш хызметлерин атқарып келеди. Жай гербиштен салынған. 
Оқыў азаннан басланады. Шығыс сеплигиниң аффикслери -дан//-ден, -нан//-нен, -тан//-
тен. Бул сепликтеги атлықлар кейин, соң, аслам, бери, бурын, гөре, басқа, бөтен
тиркеўишлери менен дизбеклесип келип қолланылады. Апамнан басқа адам жоқ. 
Орын сеплиги. Орын сеплигиндеги атлықлар предметтиң ямаса ҳәрекеттиң 
болып атырған орнын билдирип кимде? неде? қайда? қаяқта? қаерде? сораўларына 
жуўап береди. Орын сеплигиндеги атлық сөзлер -да//-де, -та//-те аффикслерин қабыл 
етип келеди. Гәпте пысықлаўыш, толықлаўыш хызметлерин атқарады. Мысалы: 
Шешен даўда, батыр жаўда билинеди. 
Келбетлик. Келбетлик предметтиң ҳәр қыйлы белгисин билдирип , сөз 
өзгертириўши аффикслер менен өзгермейтуғын сөз шақабы. Гәпте қандай? қайсы? 
сораўларына жуўап берип келеди. Келбетликтиң басқа сөз шақапларынан айрылып 
туратуғын өзине тән белгиси оның күшейтиўши формаларға ийе екенлигинде: үп-
үлкен, жап-жасыл, жеп-жеңил т.б. 
Келбетликлер өзиниң мәниси ҳәм грамматикалық өзгешеликлерине қарай 
тийкарғы еки топарға бөлинеди. Сапалық ҳәм қатнаслық келбетликлер. 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling