Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet27/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Сапалық келбетлик. Ҳеш кандай қосымталардың жәрдемисиз жеке 
лексикалық мәниси арқалы предметтиң өзине тән ҳәр қыйлы сапалық белгилерин 
билдиреди. Мысалы: қызыл, қоңыр, жасыл ҳәм т.б. Сапалық келбетликлер 
салыстырыў ҳәм пәсейттириў дәреже (-рақ//-рек, -ғыш//-гиш, шыл//-шил) 
аффикислерин қабыл етип келип те жасала береди. Мысалы. Сарғыш, ақшыл, 
жақсырақ
Қатнаслық келбетлик. Предмет белгисин тиккелей аңлатпастан оның басқа 
предметлерге болған қатнасы арқалы билдириледи: шыдамсыз,жуўырғыш, 
қонақшыл. Қатнаслық келбетликлер ҳәр қыйлы сөз жасаўшы қосымталар жәрдеми 
менен жасалып келе береди. өнимли жер, ериншек бала.
Келбетликтиң мәнилери. Келбетликлер мәнилик жақтан түр- түсти, адам ҳәм 
ҳайўанлардың сыртқы көринисине, минез-қулқына, дене-қурылысына, сондай-ақ 
предметтиң, дәмине, мазасына, ҳаўа- райына, ҳал-аўҳал жағдайларына байланыслы ҳәр 
түрли болып келеди: узын,мөлдир, жорға, душшы, суўық, тәндар ҳәм т.б


Предметлерди бир-биринен ажыратып туратуғын белгилерди билдириўине 
қарай келбетлик дәрежелери төрт түрге бөлинеди. 1)жай 2)пәсейтиў 3)арттырыў 
дәрежеси 4) салыстырыў дәреже. 
Жай дәреже предметтиң белгисин ҳеш қандай қосымталарсыз дара,түбир сөз 
ҳалында билдиреди. Келбетликтиң жай дәрежеси ҳәр бир предметтиң конкрет 
белгисин көрсетеди: үлкен жай, сулыў қыз.
Пәсейтиў дәрежеси заттың сапасын, көлеми, түр-түс белгисин пәсейтип 
көрсетеди. Төмендеги аффикслер жәрдеминде жасалады: -ғыш//-ис; қызғыш, сарғыш, 
көгис: -ғылт; қызғылт, сурғылт: -шыл//-шил; ақшыл, көкшил: -илдир; көгилдир: -
лтым; қаралтым: ашқылтым ҳәм т.б. 
Арттырыў дәрежеси келбетликтиң бул дәрежеси қандай да бир заттың сапалық 
белгисиниң екинши бир затта сондай белгиден артық екенлигин көрсетеди. Арттырыў 
дәрежесин күшейтиў мәнисиндеги биринши буўын жәрдеми арқалы жасалады. 
Мысалы: қап-қара, сап-сары. т.б. Сапалық келбетликлердиң алдында күшетиўши 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling