Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери
Download 337.05 Kb. Pdf ko'rish
|
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 3. Көмекши функциональ фейиллер.
- Фейилдиң бетлик формалары. Мейил категориясы.
- Бўйрық мейил. Б
2
. Бетлик емес фейиллер. Фейилдиң функциональ формаларының гейпаралары мейил, мәҳәл ҳәм бет-сан категорияларына ийе болмайды. Олар сол дөренди формасында сөз өзгертиўши аффикссиз қолланылып, бетлик емес фейил системасын дүзеди. Бетлик емес фейил системасына инфинитив, ҳәрекет аты, келбетлик фейил ҳәм ҳал фейил формалары киреди. 3. Көмекши функциональ фейиллер. Бул фейиллердиң системасын көмекши фейил, толықсыз фейил ҳәм фейилдиң модаль формалары дүзеди. Көмекши функциональ фейиллер жеке қолланылмайды. Олар мәнили сөзлер менен дизбеклесип сол сөзлерге қосымша грамматикалық мәни береди. Фейилдиң бетлик формалары. Мейил категориясы. Фейилдиң мейил категориясы ис-ҳәрекеттиң объективлик ҳақыйқатлыққа болған мәнилик қатнасларын билдиреди. Ис-ҳәрекеттиң ҳақыйқатлыққа қатнасы сөйлеўшиниң субъективлик қатнасларына байланыслы болады. Сөйлеўшиниң ҳақыйқатлыққа болған қатнасы ис-ҳәрекет арқалы билдирилип, сол ис-ҳәрекет буйрық , тилек, шәрт ҳәм анық хабарлаў мәнилеринде келеди. Ҳәзирги үйренилип жүрген мейиллердиң қатарына мақсет мейили қосылып , олар бес түрге бөлинеди. Бўйрық мейил. Бўйрық мейил сөйлеўши тәрепинен басқа биреўге қаратылған бўйырыў , ҳәмир етиў, шақырық т.б мәнилердеги ис-ҳәрекетти аңлатады. Сөйлеўшиниң бўйрығы тыңлаўшыға ( екинши я биринши бетке ) тыңлаўшы арқалы басқа биреўге (үшинши бетке) өтеди. Сонлықтан ҳақыйқый бўйрық мейил формалары, тийкарынан, III ҳәм II бет арқалы билдириледи: ал, айт, оқыт, жаздыр, үйрет, үйрен, оқың, айтың, оқысын, айтсын, қала бер, қабыл ет т.б. Бўйрық мейил шәрт мейилдиң 2-бет бирлик формадағы -саң//-сең аффиксине а, ә жанапайларының қосылыўы арқалы да жасалады: иркилмейик, кеттик, көз жасымды төкпеймен. ҳ.т.б. Тилек мейил. Тилек мейил ис-ҳәрекеттиң ислениўине сөйлеўшиниң нийетин, әрманын, өтиниш, сораныў, сыяқлы қатнасларын билдиреди. Тилек мейил мәнисиндеги фейиллер еле исленбеген, бирақ ислениўи тийис ис- ҳәректлерди аңлатады. Қарақалпақ тилинде тилек мейил синтетикалық ҳәм аналитикалық усыллар арқалы билдириледи. 1 ) Синтетикалық формадағы тилек мейилдиң морфологиялық көрсеткиши: айын//-ейин, -ғай//-гей, -қай//-кей. 2 ) Аналитикалық формадағы тилек мейиллер төмендегише жасалады: а) тартым аффиксли -ғы//-ги, қы//-ки формалары ҳәрекет аты фейил менен келген көмекши фейилиниң қосылыўы арқалы: алғым келеди, көргим келмейди, көргиси келмейди; б) -са//-се, формалы шәрт мейил менен еди, екен толықсыз фейиллериниң қосылыўы арқалы: барса еди, барса екен. Сондай-ақ, тилек мейили -ар//-ер//-р формалы келер мәҳәл келбетлик фейилине тартымның I бет формасындағы едим толықсыз фейилиниң қосылыўы арқалы күтер едим, ислер едим бўйрық мейилдиң 3-бет формасы арқалы билдириледи. Мысалы: көз-тилден сақласын, өмири узақ болсын, топырағы торқа Download 337.05 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling