115
ры ҳəм оны көрип шығыў материаллары менен танысыў,
қосымша материаллар усыныў яки оларды басқа органлар-
дан сорап алыў туўралы илтимас етиў, адвокат жəрдеминен
пайдаланыў ҳуқықына ийе.
Мүрəжатты көрип шығып атырған мəмлекетлик
органлардың лаўазымлы яки басқа ўəкилликли шахсла-
ры физикалық ҳəм юридикалық шахсқа олардың нызам-
лы мəплерине, еркинликлерине ҳəм нызамлы мəплерине
тийисли ҳүжжетлер, қарарлар ҳəм басқа материаллар
менен, егер оларда мəмлекетлик сыр яки нызам менен
қорғалатуғын басқа сырды қурайтуғын мағлыўматлар
болмаса, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың
ҳуқықларына, еркинликлерине ҳəм нызамлы мəплерине,
жəмийет ҳəм мəмлекет мəплерине зыян келтирмесе, таны-
сып шығыў имканиятын тəминлеўи шəрт.
1. Мүрəжатларды көрип шығыўда физикалық ҳəм
юридикалық шахслардың ҳуқықлары.
Усы статьяның биринши бөлими менен мүрəжатларды
көрип шығыўда физикалық ҳəм юридикалық шахслардың
ҳуқықлары белгилеп берилген. Нызам арыз етиўши физикалық
ҳəм юридикалық шахсларға өзлериниң мүрəжат етиў ҳуқықын
əмелге асырыўында түрли мүмкиншиликлер береди:
бириншиден, мүрəжатты көрип шығыў барысы ҳаққында
мəлимлеме алыў;
екиншиден, жеке өзи ўəжлерин баян етиўи ҳəм
түсиндириўлер бериўи;
үшиншиден, мүрəжатты тексериў материаллары менен ҳəм
оны көрип шығыў нəтийжелери менен танысыў;
Do'stlaringiz bilan baham: