Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Тартыслардың жоқары турыўшы орган тəрепинен
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 3. Тартысларды суд тəртибинде шешиў.
- 4. Суд қарары.
2. Тартыслардың жоқары турыўшы орган тəрепинен
шешилиўи. Пуқара өз ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын ис- ҳəрекетлер (қарарлар) үстинен шағым менен тиккелей судқа яки бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы органға ямаса лаўазымлы шахсқа мүрəжат етиў ҳуқықына ийе. Бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы орган, лаўазымлы шахс шағымды бир ай мүддетте көрип шығыўы шəрт. Егер пуқараның шағымын қанаатландырыўдан бас тартылған болса яки ол шағым берген күннен баслап бир ай даўамында жуўап алмаған болса, судқа шағым менен мүрəжат етиўге ҳақылы. 3. Тартысларды суд тəртибинде шешиў. Мəмлекетлик органлар, кəрханалар, мəкмелер, шөлкемлер, жəмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары ҳəм лаўазымлы шахслардың судқа шағым етиўге ылайық коллегиал яки жеке тəртиптеги ис-ҳəрекетлери (қарарлары) қатарына: бириншиден, пуқараның ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузған; екиншиден, пуқараның өз ҳуқықлары ҳəм еркинликлерин жүзеге шығарыўына тосқынлық туўдырған; үшиншиден, пуқараның мойнына нызамға қайшы рəўиште қандай да бир миннетлеме жүлениўине себеп болған ис- ҳəрекетлер (қарарлар) киреди. Судлар пуқаралардың ҳуқықларын яки еркинликлерин бузатуғын ҳəр қандай ис-ҳəрекетлер (қарарлар) үстинен берил- ген шағымларды көрип шығады, буған: бириншиден, тексерилиўи нызам ҳүжжетлеринде тек ғана Өзбекистан Республикасы Конституциялық судының ўəкилликлери шеңберине киргизилген ис-ҳəрекетлер (қарарлар; екиншиден, нызам ҳүжжетлеринде үстинен судқа шағым етиўдиң өзгеше тəртиби белгиленген ис-ҳəрекетлер (қарарлар) кирмейди. 133 4. Суд қарары. Шағымды көрип шығыў нəтийжелери бойынша суд қарар шығарады. Суд шағымның тийкарлы екенлигин анықлағаннан соң, үстинен шағым берилген ис-ҳəрекетти (қарарды) нызамсыз деп табады, пуқараның талапларын қанаатландырыў миннетин жүклейди ямаса оның бузылған ҳуқықларын ҳəм еркинликле- рин басқаша жол менен тиклейди. Егер үстинен шағым берилген ис-ҳəрекетти (қарарды) суд пуқараның ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузбайтуғын нызамлы ис-ҳəрекет (қарар) деп тапса, ол шағымды қанаатландырыўдан бас тартады. Судтың қарары үстинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тəртипте жоқары судқа шағым берилиўи мүмкин. Судтың нызамлы күшке кирген қарары барлық мəмлекетлик органлар, кəрханалар, мəкемелер, шөлкемлер, жəмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары, лаўазымлы шахслар, пуқаралар ушыш мəжбүрий ҳəм оны орынлаў шəрт. Судтың қарары ис-ҳəрекетлери (қарарлары) үстинен шағым берилген орган яки лаўазымлы шахсқа, сондай-ақ, пуқараға қарар нызамлы күшке киргеннен кейин он күннен кешиктир- местен жибериледи. Қарардың орынланғанлығы туўралы судқа ҳəм пуқараға суд қарары алынған күннен баслап бир айдан кешиктирместен ха- бар берилиўи шəрт. Қарар орынланбаған жағдайда суд нызам ҳүжжетлеринде белгилеп қойылған шара-илажларды көреди. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling