Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet75/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

3. Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин 
бузғанлық ушын ҳəкимшилик жуўапкерлик.
Ҳəкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодекстиң 43-ста-
тьясына
3
муўапық, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
мүрəжатларын қабыл етиўден ҳəм көрип шығыўдан бас тартыў, 
оларды көрип шығыў мүддетлерин тийкарлы себеплерсиз 
бузыў, жуўапты жазба ямаса электрон формада жибермеў, 
физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары 
ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине қайшы келетуғын қарар 
қабыл етиў, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың бузылған 
ҳуқықларын тиклеўди, шағым мүнəсибети менен қабыл етилген 
қарардың орынланыўын тəминлемеў, – лаўазымлы шахсларға 
ең кем ис ҳақының бир есесинен үш есесине шекемги муғдарда 
жəрийма салыўға себеп болады.
Түсиник берилип атырған статьяда физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы нызам 
ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкерлик пенен бир қатарда, 
1
Сонда.
2
Сонда.
3
Өзбекистан Республикасының Ҳəкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодекси.– Т.: 
Адолат, 2014.


145
жала ҳəм кемситиў баян етилген мүрəжат бергенлик ушын да 
жуўапкерлик нəзерде тутылған.
Атап айтқанда, ҲЖҲКтиң 40-статьясына

муўапық, жала, 
яғный биле-тура жалған, басқа бир шахсты шерменде етиўши 
ядтан тоқылған гəплерди тарқатыў, – ең кем ис ҳақының жи-
гирма есесинен алпыс есесине шекемги муғдарда жəрийма 
салыўға себеп болады.Ал усы Кодекстиң 41-статьясында
2
кемситиў ушын жуўапкерлик белгиленген. Кемситиў, яғный 
шахстың ар-намысын ҳəм қəдир-қымбатын қастан кемситиў, – 
ең кем ис ҳақының жигирма есесинен қырық есесине шекемги 
муғдарда жəрийма салыўға себеп болады.
4. Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин 
бузғанлық ушын жынайый жуўапкерлик.
Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық, 
сондай-ақ, жала ҳəм кемситиў баян етилген мүрəжат бергенлик 
ушын жынайый жуўапкерлик те белгиленген.
Жынаят кодексиниң 144-статьясы (физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы ны-
зам ҳүжжетлерин бузыў) 1-бөлимине муўапық, физикалық 
ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын қабыл етиў ҳəм 
көрип шығыўдан нызамға қылап рəўиште бас тартыў, оларды 
көрип шығыў мүддетлерин тийкарлы себеплерсиз бузыў, жаз-
ба ямаса электрон формада жуўап жибермеў, физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы нызам 
ҳүжжетлерине қайшы келетуғын қарар қабыл етиў, физикалық 
ҳəм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықларының 
тиклениўин, мүрəжат мүнəсибети менен қабыл етилген қарардың 
орынланыўын тəминлемеў яки физикалық шахслардың өмири
туўралы ямаса юридикалық шахслардың искерлиги туўралы 
олардың ыразылығысыз əшкара етиў, сондай-ақ, физикалық 
1
Сонда.
2
Сонда.


146
ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы ны-
зам ҳүжжетлерин басқаша тəризде бузыў физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың ҳуқықларына, еркинликлерине яки 
нызам менен қорғалатуғын мəплерине ямаса жəмийет ҳəм 
мəмлекет мəплерине сезилерли зыян келтирилиўине себеп бол-
са, – ең кем ис ҳақының жигирма бес есесине шекемги муғдарда 
жəрийма яки еки жылға шекем мийнет дүзетиў ислери ямаса 
алты айға шекем қамақ пенен жазаланады.
1
Усы статьяның екинши бөлимине муўапық, физикалық 
ҳəм юридикалық шахсты, оның ўəкилин, олардың шаңарақ 
ағзаларын, юридикалық шахсты, оның ўəкилин ҳəм юридикалық 
шахс ўəкилиниң шаңарақ ағзаларын олар мəмлекетлик органға, 
мəмлекетлик мəкемеге яки пуқаралардың өзин өзи басқарыў 
органларына мүрəжат еткени мүнəсибети менен ямаса бил-
дирилген пикири ҳəм мүрəжатындағы сын ушын, сондай-
ақ, басқаша формада сынға алғаны ушын лаўазымлы шахс 
тəрепинен қуўдалаў, – ең кем ис ҳақының жигирма бес есеси-
нен елиў есесине шекемги муғдарда жəрийма яки еки жылдан 
үш жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки бир жылдан үш 
жылға шекем еркинлигин шеклеў ямаса үш жылға шекем ерки-
нен айырыў менен жазаланады.
Жынаят кодексинде де жала (139-статья) ҳəм кемситиў 
(140-статья) ушын жынайый жуўапкерлик нəзерде тутылған.
Атап айтқанда, жала жабыў, яғный биле-тура басқа шахсты 
шерменде ететуғын ядтан тоқылған гəплерди тарқатыў, сондай 
ҳəрекетлер ушын ҳəкимшилик жаза қолланылғаннан кейин ис-
ленген болса, – ең кем ис ҳақының еки жүз есесине шекемги 
муғдарда жəрийма яки еки жылға шекем мийнет дүзетиў исле-
ри менен жазаланады.
1
Өзбекистан Республикасы Жынаят кодекси. – Т.: Адолат, 2014. – 296-б. 
(Өзбекистан Республикасының 11.12.2014-ж. қабыл етилген № ЗРУ-381 Нызамы 
редакциясындағы статья).


147
Баспадан шығарыў яки басқаша усылда көбейтилген тек-
стте ямаса ғалаба хабар қураллары арқалы жала жабыў, – ең 
кем айлық ис ҳақының еки жүз есесинен төрт жүз есесине 
шекемги муғдарда жəрийма яки еки жылдан үш жылға шекем 
мийнет дүзетиў ислери ямаса алты айға шекем қамақ пенен жа-
заланады.
Жала жабыў:
а) аўыр яки жүдə аўыр жынаят ислегенликте айыплап;
б) аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болған ҳалда;
в) қəўипли рецидивист тəрепинен;
г) гəрезғөйлик яки басқа пəс нийетлерде исленсе, –үш жылға 
шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Кемситиў, яғный шахстың ар-намысын ҳəм қəдир-қымбатын 
бийəдеплик пенен қастан масқаралаў, егер сондай ҳəрекетлер 
ушын ҳəкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса, 
– ең кем айлық ис ҳақының еки жүз есесине шекемги муғдарда 
жəрийма яки бир жылға шекем мийнет дүзетиў ислери менен 
жазаланады.
Баспадан шығарыў яки басқаша усылда көбейтилген тек-
стте ямаса ғалаба хабар қураллары арқалы кемситиў, – ең кем 
айлық ис ҳақының еки жүз есесинен төрт жүз есесине шекемги 
муғдарда жəрийма яки бир жылдан еки жылдан шекем мийнет 
дүзетиў ислери менен жазаланады.
Кемситиў:
а) жəбирлениўшини өз хызмет яки пуқаралық миннетин 
орынлаўы мүнəсибети менен байланыслы ҳалда;
б) қəўипли рецидивист тəрепинен ямаса жала жапқаны 
ушын бурын судланған шахс тəрепинен исленген болса, – ең 
кем айлық ис ҳақының төрт жүз есесинен алты жүз есесине 
шекемги муғдарда жəрийма яки еки жылдан үш жылға шекем 
мийнет дүзетиў ислери ямаса алты айға шекем қамақ пенен жа-
заланады.


148

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   71   72   73   74   75   76   77   78   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling