Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Усы Нызамның күшке кириўи


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet77/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

31-статья. Усы Нызамның күшке кириўи
Усы Нызам рəсмий жəрияланған күннен баслап күшке 
киреди.
Усы «Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары 
ҳаққында»ғы Нызам Нызамшылық палатасы тəрепинен 2014-
жыл 29-октябрьде қабыл етилген, Сенат тəрепинен 2014-
жыл 13-ноябрьде мақулланған ҳəм 2014-жыл 3-декабрьде 
Өзбекистан Республикасы Президенти тəрепинен имзаланған.
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 84-статья-
сына
1
муўапық, нызам Нызамшылық палатасы тəрепинен 
қабыл етилип, Сенат тəрепинен мақулланып, Өзбекистан Ре-
спубликасы Президенти тəрепинен имзаланып, рəсмий басы-
лымларда жəрияланғаннан соң юридикалық күшке ийе бола-
ды. Нызам бурын қабыл етилген редакцияда тийислисинше 
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық 
палатасы депутатлары ҳəм Сенаты ағзалары улыўма санының 
кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилик даўыс пе-
нен мақулланған жағдайда нызам Өзбекистан Республикасы 
Президенти тəрепинен он төрт күн ишинде имзаланыўы ҳəм 
жəрияланыўы керек.
Нызамлардың ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң 
баспасөзде жəрияланыўы оларды қолланыўдың мəжбүрий 
шəрти болып есапланады.
Өзбекистан 
Республикасының 
«Норматив-ҳуқықый 
ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Нызамының

30-статьясына муўапық, 
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, егер усы ҳүжжетлердиң өзинде 
1
Өзбекистан Республикасы Конституциясы. – Т.: Өзбекистан, 2014. – 35-37-бб.
2
2012-жыл24-декабрьде қабыл етилген редакциядағы «Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер 
ҳақққында»ғы Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Ве-
домостлары, 2012, №12, 333-ст.


152
кейинирек мүддет көрсетилген болмаса, рəсмий жəрияланған 
күннен баслап күшке киреди. 
Нызамның рəсмий дереклерде басып шығарылыўы рəсмий 
жəрияланыўы болып есапланады.
Өзбекистан 
Республикасының 
«Норматив-ҳуқықый 
ҳүжжетлер ҳаққында»ғы Нызамының
1
29-статьясына муўапық, 
төмендегилер норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди жəриялаўдың 
рəсмий дереклери болып есапланады:
«Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының 
Ведомостлары»;
«Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топла-
мы»;
«Өзбекистан Республикасы Ҳүкиметиниң қарарлар топла-
мы»;
«Халқ сўзи» ҳəм «Народное слово» газеталары;
Өзбекистан Республикасы министрликлери, мəмлекетлик 
комитетлери ҳəм ведомстволарыныңрəсмий басылымлары;
Жергиликли мəмлекетлик ҳəкимият органларының рəсмий 
басылымлары.
Нызам 2014-жыл 4-декабрьде «Халқ сўзи» ҳəм «Народное 
слово» газеталарында жəрияланды, демек, Нызам 2014-жыл 
4-декабрьден баслап күшке кирген.
1
Сонда.


153
№1 Қосымша

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling