Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Шағым бойынша суд ҳəрекетлери


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet89/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

5-статья. Шағым бойынша суд ҳəрекетлери.
Суд шағымды көрип шығыўға қабыл етип:
тийисли органлар ҳəм лаўазымлы шахслардан зəрүр 
материалларды талап етип алады;


188
пуқараның илтимасы менен ямаса өз басламасы менен 
шағым етилиўине себеп болған ис-ҳəрекет (қарар)дың 
орынланыўын тоқтатып турыў мəселесин шешеди.
6-статья. Судқа шағым менен мүрəжат етиў мүддетлери.
Судқа шағым менен мүрəжат етиў ушын төмендеги 
мүддетлер белгиленеди:
пуқара өз ҳуқықлары ҳəм еркинликлери бузылғанынан 
хабар тапқан күннен баслап үш ай;
пуқара жоқары турыўшы орган, лаўазымлы шахстың 
шағымды қанаатландырыўдан бас тартқаны ҳаққындағы жазба 
билдириўин алған күннен баслап бир ай;
егер пуқара өз шағымына жазба жуўап алмаған болса, 
шағым бергеннен кейин бир ай мүддет өткен күннен баслап 
бир ай.
Шағым бериўдиң тийкарлы себеплерге көре өткерип 
жиберилген мүддети суд тəрепинен тиклениўи мүмкин.
7-статья. Шағымды көрип шығыў тəртиби.
Пуқараның мəмлекетлик органлар, кəрханалар, мəкемелер, 
шөлкемлер, жəмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин 
өзи басқарыў органлары, лаўазымлы шахслар ис-ҳəрекетлери 
(қарарлары) үстинен шағымы суд тəрепинен пуқаралық судлаў 
ислерин жүргизиў қағыйдалары тийкарында көрип шығылады.
8-статья. Шағым бойынша суд қарары.
Шағымды көрип шығыў нəтийжелери бойынша суд қарар 
шығарады.
Суд шағымның тийкарлы екенин анықлағаннан соң, үстинен 
шағым берилген ис-ҳəрекетти (қарарды) нызамсыз деп табады, 
пуқараның талапларын қанаатландырыў миннетин жүклейди 
яки оның бузылған ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин басқаша 
жол менен тиклейди.
Егер үстинен шағым берилген ис-ҳəрекетти (қарарды) суд 
пуқараның ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузбайтуғын ис-


ҳəрекет (қарар) деп тапса, ол шағымды қанаатландырыўдан бас 
тартады.
Судтың қарары үстинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген 
тəртипте жоқары судқа шағым берилиўи мүмкин.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   84   85   86   87   88   89   90   91   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling