Өзбекстан Республикасы
Тил билиминде логикалық бағдар
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
Тил билиминде логикалық бағдар
Тил билими философия бағрида қәлиплескени, тил ҳәм логика өз ара тығыз байланысқаны себепли бир қатар илимпазлар тил категорияларын логика категорияларына салыстырып үйренди. Нәтийжеде тил билиминде логикалық бағдар жүзеге келди. Тилди ойлаўға қатнасы тийкарында үйрениўши тилши алымлар ағымы логикалық бағдарды қурайды. Логикалық бағдар тил билиминдеги төмендеги машқалалар бойынша пикир жүритеди: 1) тилдиң гносеология менен байланысын ашыў: 2) тилдиң өзине тән дүзилис қәсийетлерин емес, ал барлық тиллер ушын универсал тәреплерин жарытыў; 3) грамматикалық категорияларды логиканың универсал категориялары тийкарында анықлаў: сөзди түсиник тийкарында, гәпти (ҳукм) шешим (қарар) тийкарында түсиндириў ҳәм басқалар; 4) қандай тил формасына ийе болыўына қарамастан, бирден бир анализ принципин ислеп шығыў; 5) диахрониялық анализден гөре синхрониялық анализди үстин қойыў, усы менен байланыслы рәўиште тарийхый ҳәм салыстырмалы-тарийхый грамматикаға қарағанда сыпатлама грамматикаға итибар бериў; 6) көбирек гәп ҳәм семантика анализине дыққат қаратыў. Тил билими ҳәм логика өзлериниң дәслепки дәўирлеринде-ақ өз ара қатнаста пайда болған, грекше логика, арабша мантиқ атамаларының негизинде сөз (logos) ҳәм сөйлеў жатқаны да пикиримиз дәлили есапланады. Логика атамасы илимий қатнасыққа стоиклар тәрепинен пикирдиң сөз жәрдеминде аңлатылыўын билдириўши атама сыпатында киритилди. Аристотель болса ойлаў нызамларын үйрениўши илим ушын аналитика атамасын қоллаған еди. Әййемги дәўирлерден баслап-ақ грамматикалық категориялар логикалық категориялар тийкарында түсиндирди. Гәп сөзлер жәрдеминде аңласылған пикир деп тәрипленди. Сөз бенен гәп ортасындағы парықлаўшы белги сыпатында қайсы логикалық категорияларды аңлатыўы белгиленди: сөз түсиникти, гәп пикирди билдириўи атап өтилди. Гәптиң дүзилис бирликлери де көбинесе ойлаў формаларынан бири болған ҳукмнинг дүзилис бирликлери арқалы түсиндирилди. Әсиресе, бундай ҳалат бир составлы гәплерди түсиндириўде айқын сезилди. Мәселен, рус тилши алымы Бабайцева бир составлы гәплерди логикалық жақтан составларға бөлиў мүмкин екени менен түсиндиреди. Бир составлы гәплердиң төмендеги моделлерин көрсетеди: X-Р (субъектсиз предикат аңлатылған гәп, яғный баслаўышсыз баянлаўышлы гәп) S-X (предикатсыз субъект аңлатылған гәп, яғный баянлаўышсыз баслаўышлы гәп) Әне усы логикалық бағдардың тәсири проф. И.Расулов тәрепинен жазылған «Ҳәзирги өзбек әдебий тилинде бир составлы гәплер» монографиясында да сезиледи. Тилди логикалық категориялар тийкарында үйрениў, әсиресе, XVII әсирден XIX әсирдиң биринши ярымына шекем өз шыңына көтерилди. Бул дәўирде сөйлеўдиң логикалық категорияларға толық сәйкес ҳалда қәлиплесиўин есапқа алған ҳалда, барлық тиллер ушын улыўма, рационал грамматика жаратыў ҳәрекети күшейди. Әне усындай гүрестиң баслаўшысы инглис философы Ф.Бекон (1561 – 1626) еди. Ол барлық тиллер ушын улыўма, философиялық грамматика жаратыўға урынды. Бундай грамматика жаратыўда өзи ислеп шыққан билиўдиң әмелий, индуктив методына сүйенди. Ф.Бекон түрли тиллердиң салыстырмалы грамматикасын жаратыў тийкарында оның негизинде барлық тиллердиң абзал тәреплерин қамтып алған ҳәм инсан ойлаўы ҳәм де сезимлерин өзинде идеал жәмлестириўши улыўма бир тилди жаратыў мүмкин деген идеяны алға сүрди. Көринип турғанындай, ол дүньяға кеңирек тарқалған Европа тиллери негизинде барлық халықлардың жетилискен қатнас қуралы болған – мисли эсперанто сыяқлы – бир тилди жаратыў ҳаққында пикир жүритеди. Логикалық категориялар тийкарында барлық тиллер ушын ортақ грамматика жаратыў идеясы француз алымы Рене Декарт (1596 – 1650) ҳәм оның идеясы тийкарында дүньяға келген картезиан философиясы тәрепинен раўажландырылды. Негизинде, картезиан атамасы Декарт фамилиясының латынша (Cartesins) жазылыўы тийкарында пайда болган. Оның пикиринше, барлық инсанларға тән қурамалы түсиниклер системасы нисбатан бир қанша аз муғдардағы элементар бирликлерге жәмлениўи мүмкин. Мәселениң шешими инсан ойлаўының барлық байлықларын қурайтуғын ең киши, басқа майда бөлекке бөлинбейтуғын логикалық бирликлерди анықлаў дәрежесине, шын философияға тийкарланған философиялық тил системасын табыўға байланыслы. Декарт мисли тәбийғый сан қатарлары сыяқлы инсан пикир-идеяларының да санын шығарыў мүмкин екенин болжайды. Оның пикиринше, өзине белгисиз бир тилде барлық санларды бир күнде жазыў ҳәм оқыў мүмкин болғанындай, инсан санасындағы түсиник ҳәм идеяларды да әне усындай муғдарларға келтириў, нәтийжеде сол түсиник ҳәм идеяларды аңлатыўшы сөзлер системасын жаратыў мүмкин. Бундай тилди жаратыў, ең әўели, шын философияға байланыслы. Декарттың пикири бойынша, тек усы философия ғана инсанның барлық пикир-идеяларын санаўы ҳәм оларды әпиўайы ҳалда анық етип, шырайлы тәртипте жайластырыўы мүмкин. Бундай тил, оның атап өтиўинше, сөзлердиң бир қыйлы түслениў, түрлениў ҳәм дүзилисине ийе болыўы лазым. Улыўма грамматика жаратыў идеясын алға сүрген алымлардан және бири немис алымы Готфрид Вильгельм Лейбниц (1646 – 1716). Ол илимий жаңалық ашыўға имканият беретуғын улыўма илимий методты излеў процесинде тилге мүрәжәт етти. Г.В.Лейбниц тек дәлиллеў менен ғана шекленип қалыўшыы дәстүрий, формалық логиканы сынға алған ҳалда, «илимий ойлап табыўларды әмелге асырыў өнери»не ийе болған жаңа логиканы жаратыў зәрүрлигин атап өтеди. Әне усындай логиканы жаратыў жолын ол тилдиң логикалық анализинде көреди. Тилдиң логикалық анализи, илимпаздың пикиринше, универсал логикалық символларды жаратыў ҳәм бул символлар жәрдеминде ойлаў элементлерин аңлатыў мүмкин болады. Солай етип, Лейбниц жасалма символлық тилди жаратыў идеясын көтерип шықты. Ол бундай жасалма тилдиң логикалық-философиялық ҳәм математикалық қурылмаларға максимал жақын болыўы лазым екенлигин атап өтти. Лейбництиң пикиринше, барлық қурамалы идеялар әпиўайы идеялар комбинациясынан, барлық бөлиниўши санлар бөлинбейтуғын санлардан қуралғанын есапқа алған ҳалда, қурамалы түсиниклерди әпиўайы түсиниклерге бөлиў ўақтында комбинаторика принциплерине әмел қылыў лазымлығын уқтырады. Биринши қатардағы атамалар әпиўайы түсиниклер, екинши қатардағы атамалар әпиўайы түсиниклер жуплығы, үшинши қатардағы атамалар болса биринши қатардағы үш атаманың ямаса биринши қатардағы еки атама менен екинши қатардағы бир атаманың комбинациясы екенин айрықша атап өтеди. Солай етип, барлық қурамалы түсиниклер мәни «атом»ларынан қуралғанын аңлайды. Нәтийжеде ойлаў бөлимлерин алгебралық аңлатпалар менен белгилеў имканияты жаратылады. Лейбниц аўызеки ҳәм жазба тилде қоллаў мүмкин болған символластырылған тил жойбарын усыныс етти. Бул тилдиң төмендеги символларды өз ишине алыўы нәзерде тутылды: а) тоғыз избе-из келген сан латын әлипбесиндеги дәслепки тоғыз даўыссыз ҳәрипти белгилейди: 1=b, 2=с, 3=b, 4=t, 5=g, 6=h, 7=l, 8=m, 9=n... б) онлықлар бес даўыслыға сәйкес келеди: 10=а, 100=е, 1000=1, 10000=о, 100000=u. Лейбництиң бул идеясы кейин ала математикалық логика ҳәм кибернетиканың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе болған символикалық логиканың раўажланыўы ушын түртки берди. Бэкон, Декарт, Лейбницлер логикалық категориялар тийкарында улыўма грамматика жаратыў идеясын берген болса да, бирақ олар бул идеяларды философия шеңберинде баян етти. Белгили бир тиллердиң ишки дүзилиси ҳәм тәбияты ҳаққында сап лингвистикалық изертлеўлер алып бармады. Логика материаллары тийкарында тил дүзилисин түсиндириў ҳәм рационал грамматика жаратыў дәслепки мәрте француз алымлары А.Арно ҳәм К.Ландслоға несиб етти (бул грамматика ҳаққында II томда толық мағлыўмат бериледи). Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling