Өзбекстан Республикасы


Тил билиминиң логика менен байланысы


Download 0.66 Mb.
bet10/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билиминиң логика менен байланысы

Тил билими логика илими менен де тығыз байланыслы. Олардың байланыслы тәрепи сонда, екеўи де ойлаў менен байланысады. Себеби тил билиминиң үйрениў объекти болған тил ойлаў менен өз ара қатнаста. Тил адамлардың әлем ҳаққындағы билимлерин, пикирлерин басқаларға жеткизиўши ҳәм қәлиплестириўши қурал есапланады. Тил ҳәм ойлаў өз ара диалектикалық мүнәсибетте екен, оларды үйрениўши тил билими менен логика ортасында да әне усындай диалектикалық қатнастың болыўы тәбийғый.


Логика ойлаў формалары, нызамлары ҳәм усылларын үйренеди. Ол түсиник, қарар формаларын, жуўмақ шығарыў, дәлил ҳәм инкар етиў ҳалатлары арқалы объектив ҳақыйқатлықтың сәўлелениў процесинде қандай болыў жолларын көрсетип, инсан пикириниң анық, рәўшан, избе-из ҳәм тийкарлы болыўын тәмийинлейди. Солай екен, логика тил билиминиң грамматика бөлими менен тиккелей байланыста болады. Себеби түсиник сөз ҳәм сөз бирикпелери арқалы аңлатылса, пикир гәп арқалы аңлатылады. Бул болса ҳәр бир саўатлы адам ушын грамматиканы билиў қанша зәрүр болса, логиканың форма ҳәм нызамларын билиў де соншама зәрүр екенин көрсетеди.
Соның менен бирге, логика ҳәм грамматика қаншама өз ара тығыз байланыспасын, өзлерине тән қәсийетлерине де ийе. Логика формалары түсиник, шешим, жуўмақлар ҳәмме халықлар ушын улыўма болса, олардың ҳәр түрли тиллерде аңлатылыў формалары ҳәр қыйлы. Соның ушын ҳәр бир тил басқасынан парық қылатуғын өз грамматикаларына ийе. Бул соны көрсетеди, логика менен грамматика бир-бири менен байланыслы, олар бир-бирин толықтырады. Сондай-ақ, өз қәсийетлери менен бир-биринен парық қылады.
Ҳәзирги күнде логика ойлаў формаларын қалай үйрениў көзқарасынан екиге бөлинеди: 1) дәстүрий логика ямаса формал логика; 2) диалектикалық логика.
Диалектикалық логика XIX әсир ақырларында әмелий логика негизинде оның шегараланған тәреплерин толықтырыў тийкарында дүньяға келди.
Дәстүрий логика ойлаў нызамлары, формалары ҳәм усылларын тарийхый раўажланыўды итибарға алмаған ҳалда үйренеди. Бул логика инсанның әлемди билиўи ушын бир неше әсирлер даўамында реже болып хызмет етип келген болса да, бирақ объектти тарийхый раўажланыў процесинен тысқарыда үйренгени ушын бир қанша әззилиги сезилип қалды. Әне усы әззиликти сапластырыў талабы менен диалектикалық логика пайда болды.
Диалектикаға тийкарланған билиў ғана объектив әлемдеги зат ҳәм қубылысларды ҳәр тәреплеме терең түсинип алыў, олардың ишки өзгериў, раўажланыў нызамларын туўры сәўлелендириў мүмкин.
Диалектиканы билиў процесине енгизиў, оны логика сыпатында, инсанның рационал, ақылый билиўи, пикирлеўи ҳаққындағы илим сыпатында үйрениў диалектикалық логика тәлийматын қәлиплестирди. Диалектикалық логика формал логикадан төмендеги тийкарғы тәреплери менен парықланады:
1) предметти ҳәр тәреплеме – оның барлық тәреплери, қатнасларын нәзерде тутқан ҳалда үйрениў; 2) предметтиң үзликсиз өзгеристе, раўажланыўда екенин итибарға алыў ҳәм т.б.
Диалектикалық логика барлық илимлер ушын, соның ишинде, тил билими ушын да методологиялық тийкар ўазыйпасын атқарады.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling