Өзбекстан Республикасы
Тил билиминиң неврология менен байланысы
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
Тил билиминиң неврология менен байланысы
Тил билими медицинаның неврология бөлими менен де тығыз байланыста. Соңғы дәўирлерде психология, неврология ҳәм тил билими илимлериниң аралығында нейролингвистика деп аталыўшы жаңа илим тараўы жүзеге келди. Бул илим сөйлеў искерлиги бас мийдиң хызмети нәтийжеси екени, мий кеселлениўиниң сөйлеў искерлигине тәсири мәселелерин үйренеди. Әпмўайы етип айтқанда, нейролингвистиканың үйрениў объекти афазия болып табылады. Мийдиң сөйлеў зонасының зыянланыўы ҳәм буның нәтийжесинде сөйлеў искерлигиниң бузылыўы мәселеси бабаларымыз Ибн Сина, Беруний мийнетлеринде де атап өтилген ҳәм бул кеселликти емлеўге итибар берген болса да, бирақ ол өз алдына илим тармағы сыпатында қәлиплесе алмады. Мийдиң зыянланыўының сөйлеўге тәсири машқаласы избе-из рәўиште XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап үйренилди. Нейропсихология ҳәм оның менен байланыслы нейролингвистика арнаўлы илим сыпатында жақында ғана – өткен әсирдиң 70-жылларында қәлиплести. Бул илимниң жүзеге келиўинде А.А.Леонтьев, А.Р.Лурия, Э.С.Бейн, Р.М.Боскис, Е.Н.Венарская, О.С.Виноградова, Н.А.Эйслер сыяқлы алымлардың хызмети үлкен. Нейролингвистика илими бойынша толық мағлыўмат бериўши дәслепки китап А.Р.Лурия тәрепинен жазылды. Аўызеки информация алмасыў процеси, яғный адамлардың өз ара сөйлесиў арқалы бир-бирине информация бериў ҳәм бир-биринен информация қабыл етиў процеси бир қанша илимлердиң үйрениў объекти есапланады. Тийкарынан, бул процесс тил билими ҳәм психология илимлери тәрепинен терең үйренилген. Тил билими адамлардың тийкарғы қарым-қатнас қуралы болған тил ҳәм оның тиккелей байланыс процесинде ҳақыйқатқа айланыўшы сөйлеўди ажыратқан ҳалда, ишки дүзилис, дүзилис бирликлери, бул дүзилис бирликлериниң сөйлеў процесинде ҳәр түрли реалласыўы, «ишки дүзилис»тен «сыртқы дүзилис»ке өтиўдиң тийкарғы басқышлары ҳәм жоқарыдағы еки дүзилистиң өз ара қатнаслары сыяқлы бир қатар мәселелерди ҳәр тәреплеме үйренеди. Инсан болмысты санасында сәўлелендиреди. Сәўлелендириў сезиў органлары жәрдеминде әмелге асырылады. Сезиў органлары болса сыртқы әлем ҳаққында анық мағлыўматларды мийге жибереди. Мий бул мағлыўматларды улыўмаластырады. Көринип турғанындай, объектив әлемди сәўлелендириў процеси орайлық нерв системасы, бас мий арқалы жүзеге шығады. Нерв системасы, әдетте, еки топардағы нерв системаларын өз ишине алады: 1) орайлық нерв системасы; 2) шегара нерв системасы. Болмыс ҳаққында информация бериўши сөйлеў ҳәм оны түсиниў шегара нерв системаларының орайға қарап бағдарланыўы арқалы әмелге асырылады. Шегара нерв системалары орайлық нерв системаларына объектив болмыстағы зат ҳәм қубылыслардың анық белгилери ҳаққындағы мағлыўматты береди. Соның ушын шегара нерв системасына байланыслы ағзаларды анализ қылыўшылар (анализаторлар) деп жүргизиледи. Олар көриў, еситиў, дәм сезиў ағзалары есапланады. Ҳәр бир анализаторда еки түрдеги нерв структурасы ажыратылады: 1) информацияны бул сезиў органынан бас мий пердесине жеткериўши структура; 2) болмыс предметлерине бағдарлаўшы структура (мийдиң билиў зонасы). Үшинши қатлам сыпатында қурамалы анатомиялық дүзилиске ийе тил пердеси зонасы ажыралады. Бул зонада мийдиң түрли анализаторларынан келген белгилер комплекси бирлестириледи, нәтийжеде сезиў эмоциясынан тил улыўмалығына өтиў имканияты пайда болады. Сөйлеўди пайда етиў, тил хулқи кери ҳәрекет: орайдан шегараға қарай ҳәрекет арқалы жүзеге шыгады. Мийдиң анализаторлары қапланған зонада қәлиплескен сөйлеў программасы сөйлеў праксизи зонасында конкретлеседи ҳәм сөйлеў ағзалары (сондай-ақ, жазба тилди жүзеге шығарыўшы система) қатнасында проекция ҳәрекет системасы жәрдеминде жүзеге шығады. Мийдиң пракциялы системасынан (сенсор ямаса ҳәрекетлениўши) парықлы рәўиште гностикалық-праксикалық перде ҳәм пердели анализаторларды жабыў зонасы функционал асимметрия менен характерленеди: тил системасы ҳәм сөйлеў арқалы аңлатылған ойлаў болса оның ярымшары менен байланысқан. Инсан мийи қурамалы функционал система болып, ең кеминде үш тийкарғы блок қатнасында тынымсыз хызмет көрсетеди. Олардан бири пердениң жеделлесиўин тәмийинлейди ҳәм таңлаў, селектив хызмет формасын узақ әмелге асырыў имканиятын береди. Басқасы информацияны алыў, қайта ислеў ҳәм сақлаўды тәмийинлейди. Үшиншиси болса хызметти программаластырыў, басқарыў ҳәм қадағалаў ўазыйпасын атқарады. Жоқарыда баян етилген блоклардың зыянланыўы олардың бир өлшемдеги ўазыйпасына унамсыз тәсир етеди. Биринши блокқа тийисли аппаратлардың зыянланыўы психикалық хызметти таңлаў, селектив имканиятын шеклейди. Екинши блок аппаратларының зыянланыўы информацияны қабыл етиў, қайта ислеў ҳәм сақлаў қәбилетин жойтады. Үшинши блоктың зыянланыўы болса программаластырыў, турақлы түрде басқарыў ҳәм қадағалаў имканиятын шеклейди. Көринип турғанындай, мийдеги ҳәр қандай зыянланыў инсан искерлигиниң белгили бир бөлимине унамсыз тәсир көрсетеди. Сенсор проекция системасының хыянланыўы еситиў ҳәм көриў ағзасының кушсизлениўине алып келеди. Буның нәтийжесинде аўызеки ҳәм жазба тилди қабыл етиў имканияты пәсейеди. Сөйлеў агнозиясы ҳалатында наўқас көриў ҳәм еситиў қәбилетин жақсы сақлаған ҳалда, ана тилиниң сес «келбети»н (нутқий еситиў агнозиясы) ямаса жазба тилде ҳәрип көринисин (нутқий көриў агнозиясы) умытады. Бундай ўақытта наўқас сөйлеўи ямаса жазыўы мүмкин. (Сөйлеўди) Еситиў агнозиясына ушыраған наўқас оқыўы, нутқий көриў агнозиясына ушыраған наўқас болса аўызеки сөйлеў арқалы түсиндириўи мүмкин. Нутқий Сөйлеў апраксиясы жүз бергенде болса кери ҳалатқа дус келинеди. Бундай ўақытта наўқастың сөйлеў ағзалары ҳәрекети ҳәм жазыў ҳәрекети бузылады, сес ҳәм сөзлерди айта алмайды ҳәм жаза алмайды. Бирақ әтираптағы адамлардың гәплерин түсиниў, жазыўларын оқыў қәбилети сақланып қалыўы мүмкин. Анализаторлар жапқышларының перде зонасы зыянланғанда афазия ҳалаты күшейеди. Бундай ўақытта ҳәр қандай сөйлеў искерлиги: еситиў, көриў хызмети де, айтыў, оқыў хызмети де сөнеди. Егер зыянланыў дереги орташа болса, наўқастың сөзде сести парықлаў қәбилети жоғалады. Фонетикалық жақтан жақын сөзлерди араластырып жибереди. Айырым ўақытлары афазия ҳалатында еситкен ямаса оқыған нәрселердиң мәнисин түсинбеген ҳалда механикалық түрде тәкирарлаўы мүмкин. Нейролингвистика ушын еки тил ҳәм көп тил ийелариниң (полиглотлардың) мийи зыянланыўы үлкен материал береди. Бундай ўақытта наўқас бир тилди белгили дәрежеде сақлаған ҳалда, екинши тилди пүткиллей умытыўы ямаса бир неше тиллердиң элементлерин араластырып жибериўи мүмкин. Нейролингвистика жоқарыдағы ҳалатларды анықлаў арқалы наўқасларды нәтийжели емлеў ушын үлкен имканият жаратып береди. Лингвистика ҳәм медицинаның қолға киргизген ең жаңа жетискенликлери нейролингвистиканың изертлеў усылларын жетилистирип барады. Ҳәзирги күнде нейролингвистика психолингвистика, нейропсихология, нейрофизиология, психоакустика, кибернетика сыяқлы аралық илимлер идеялары ҳәм методларынан өнимли азықланбақта. Солай етип, нейролингвистика инсанның әлемди белгилестириў тәбиятын комплекс рәўиште үйрениўдиң бир тармағы сыпатында раўажланып бармақта. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling