Өзбекстан Республикасы
Атом ҳәм молекулалардың үзликсиз ҳәрекетте екенлиги ҳәм тил билиминде динамика ҳәм де статика
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
2. Атом ҳәм молекулалардың үзликсиз ҳәрекетте екенлиги ҳәм тил билиминде динамика ҳәм де статика
Объектив әлемдеги зат ҳәм қубылыслар үзликсиз ҳәрекетте, раўажланыўда екени илимде әййемги дәўирлерден бери мәлим. Әсиресе, бундай көзқарас Орта Азия алымлары тәрепинен раўажландырылды. Тийкарынан, Фарабий «Философияту Аристутолис» мийнетинде: «Олар (төрт зат) мәңги бола алмайды; себеби ҳаўа, суў, топырақ ҳәм от бөлинеди, бири басқасына айланады ҳәм ал ҳәр бир элемент басқасында бар», – дейди. Фарабий Аристотелдиң әлем узвлари мудамы ҳәрекетте, раўажланыўда екенлиги ҳаққындағы пикирлерин дөретиўшилик пенен раўажландырады. Болмыстағы зат ҳәм қубылыслар бир-бирине тәсир етеди ҳәм тәсирди қабыл етиў ҳәрекетинде болыў менен бирге усы нәрселерди қураған ишки элементлер де өз ара әне усындай ҳәрекетте екенин атап өтеди. Илимде атом-молекуляр тәлийматының күшейиўи атом ҳәм молекулалардың үзликсиз ҳәрекетте екенлигин жарқынырақ дәлиллеп берди. Тәбийғый илимлерде ерисилген бул жетискенлик тил билимине де өз тәсирин тийгизди. Структуралық тил билиминиң пайда болыўына атом-молекуляр тәлийматы тийкар болды. Бул бағдардың тийкарын салыўшы есапланыўшы атақлы швейцариялы алым Фердинанд де Соссюр тил бирликлери де болмыстағы зат ҳәм қубылыслар сыяқлы мудамы раўажланыўда, өзгериўде екенин атап өтти ҳәм тилдиң еки ҳалаты – динамикалық ҳәм статикалық ҳалатын ажыратты. Үзликсиз раўажланып атырған, ҳәрекетте – динамикада болған белгили бир тилдиң анық бир дәўирге тән ҳалаты статикалық ҳалаты есапланады. Әне усы көзқарастан тилди де еки тәреплеме үйрениў лазымлығын көрсатти. Диахрония грекше dia – арқалы, еки, chronos – заман сөзлеринен алынған. Тилдиң тарийхый раўажланыўда екенин итибарға алып үйрениў диахрония есапланады. Синхрония грекше synchronos сөзинен алынған болып бир ўақытлылық дегенди аңлатады. Тил тарийхый раўажланыўдың анық бир дәўирдеги ҳалаты синхрония саналады. Тил билими тарийхында диахрония синхрония менен тығыз байланысады. Оларды бири-бирисиз көз алдыға келтирип болмайды. Тилдиң синхрон анализи тиккелей изертлеўши бақлап, еситип турған ҳалатты изертлеўге қаратылғаны, фактлик материаллардың байлығы көзқарасынан диахронияға қарағанда қолайлырақ. И.А.Бодуэн де Куртенэ, Н.С.Трубецкой, Р.О.Якобсон сыяқлы атақлы тилши илимпазлар синхрон ҳалаттағы тил системасын толық ҳәм исенимли изертлеў ушын қалай усы ҳалатқа келгенин, яғный диахрониялық материалларға мүрәжат етиў лазым екенлигин атап өтеди. Соның ушын синхрон үйрениў диахрон үйрениўден алдын болса да, оларды бир-биринен ажыратыў мүмкин емес. Синхрон үйрениў диахрон үйрениўге жол ашады. Синхрон изертлеўлер нәтийжелери тийкарында диахрония жумыс алып барады. Анық тил раўажланыўының еки дәўир, еки синхрон ҳалаты ортасындағы өзгерислер еки дәўирдеги материалларды бир-бирине салыстырыў арқалы белгиленеди. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling