Өзбекстан Республикасы


Зат қурамының турақлылығы нызамы ҳәм


Download 0.66 Mb.
bet23/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

4. Зат қурамының турақлылығы нызамы ҳәм
тил билими

Қурамның турақлылығы нызамы химияның тийкарғы нызамларынан бири. Буған муўапық, ҳәр қандай таза зат, алыныў усылына қарамастан, өзгермес сапа ҳәм муғдарлық қурамға ийе болады. Мәселен, карбонат ангидрид (СО2) көп түрли усыллар менен синтезлениўи мүмкин: 1) углерод (II-оксид пенен кислородтан (CaCO3 = CaO + CO2), 2) карбонатларға кислоталар тәсир еттириў арқалы ҳәм т.б.


Бирақ барлық жағдайларда СО2ның сапалық қурамы (углерод ҳәм кислород) ҳәм муғдарлық қурамы (углеродтың муғдары 27,27%, кислородтың муғдары 72,73%) өзгермес ҳалда сақланып қалады.
Әсиресе, бул нызамды түсиндириўге атом-молекуляр тәлийматы үлкен жәрдем береди. Бул тәлиймат бойынша, атомлардың массасы өзгермес болғаны себепли заттың массалық қурамы да улыўма өзгермес болады.
Тәбийғый илимлерде кең қолланылған ҳәм үлкен табысқа ерискен зат қурамының турақлылығы нызамы тил билимине де өзиниң белгили дәрежеде тәсирин тийгизди.
Бул теорияның ең көрнекли ўәкили болған Луи Ельмслев тил ҳәм сөйлеў бирликлерин бир-бирине салыстырар екен, турақлы (констант) ҳәм өзгериўшең бирликлерге ажыратады. Тиккелей бақлаўда сезиў ағзаларымыз жәрдеминде түсинилетуғын бирликлер өзгериўшең бирликлер, олардың тийкарында жасырынған ҳәм ҳәр биринде тәкирарланыў қәсийетине ийе болған тийкар турақлы бирликлер есапланады. Мәселен, i, ы, i: сыяқлы тиккелей еситкен сеслер бир фонеманың – еринликлеспеген, қысық даўыслы фонеманың тиккелей көринислери есапланады. Олар неше көринисте айтылмасын, ҳәммесинде бир тийкар тәкирарланды. Жоқарыда тиккелей бақлаўда сезиў ағзаларымыз арқалы қабыл етилген бир неше сестиң ҳәммесинде қысықлық, еринликлеспегенлик белгиси белгили дәрежеде сақланады. Болмаса, басқа фонеманың варианты болады.
Көринип турғанындай, тил билиминде инвариант – вариант түсиниклериниң пайда болыўында алгебрадан тысқары, химия илиминиң де роли бар.


5. Д.И.Менделеевтиң элементлер периодлық

Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling