Өзбекстан Республикасы


«Оң зарядланған атом ядросы менен кери зарядланған электронлардан қуралған электрнейтрон бөлекше атом»


Download 0.66 Mb.
bet20/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

«Оң зарядланған атом ядросы менен кери зарядланған электронлардан қуралған электрнейтрон бөлекше атом» есапланады.
Атом-молекуляр тәлийматта химиялық элемент түсиниги де үлкен әҳмийетке ийе. Бул тәлийматқа муўапық, «ядросының оң заряды бирдей болған атомлардың белгили бир түри химиялық элемент» саналады. Ҳәзирги күнде 107 элемент белгили.
Физика ҳәм химия илиминдеги элементлердиң (затлардың) ишки дүзилиси ҳаққындағы бул жуўмақлар басқа илимлер, соның ишинде, тил билимине де күшли тәсир етти.
Ең әўели, бөлиниўдиң көп басқышлылығы (заттың) молекулалардан, молекулалардың атомлардан, атомлардың нейтрон ҳәм протонлардан қуралыўы ҳаққындағы теория тилдиң онтологиялық тәбиятын жарытыўға қолай имканият жаратты.
Тил билиминде де тәбийғый илимлерге салыстырған ҳалда бирликлер түсиниги пайда болды. Бирликлер улыўмалық ҳәм жеккелик диалектикасы бойынша тил ҳәм сөйлеў бирликлерине бөлинди. Ҳәр еки бирлик ишки дүзилис қәсийетине, бөлиниўшеңликке ийе.
Тил ҳәм сөйлеў бирликлериниң ишки дүзилиси (поғонали) көп басқышлы қәсийетке ийе. Олардың көп басқышлылығы сонда көринеди, үлкен (макро) пүтинлик киши пүтинликлерге, киши пүтинликлер болса, өз гезегинде, және киши пүтинликлерге бөлинеди. Ҳәр бир пүтинлик өз қурамындағы киши элементлерге (пүтинликлерге) қарағанда салыстырмалы пүтинлик, қурамынан ажыралып шығыўшы бөлеклер болса оның элементи болып хызмет етеди.
Олардың салыстырмалылығы сонда көринеди, элементке қарағанда пүтинлик есапланыўшы бирлик өзинен үлкенирек пүтинлик қурамында элемент сыпатында қатнасады. Керисинше, белгили бир пүтинликке қарағанда бир элемент болып келген бирликтиң өзи және бөлиниўшеңлик қәсийетине ийе болып, бул бөлинген элементлер ушын пүтинлик ўазыйпасын атқарады. Мәселен, сөз форма морфемалардан қуралады. Морфемалар сөз форма элементи болып хызмет етеди. Сондай-ақ, морфема фонемалардан қуралады. Фонемалар болса морфеманың элементи сыпатында оның қурамында белгили бир ўазыйпа атқарады. Фонема да мисли атом сыяқлы және ишки дүзилис қәсийетине ийе. Парықлаўшы (дифференциал) белгилер фонеманың элементлери есапланады.
Көринип турғанындай, тил бирликлери жоқарыдан төменге қарап басқышлы қәсийетке ийе. Ҳәр бир басқышта жоқары басқыш бирлиги төменги басқыш бирлиги ушын пүтин, төменги басқыш бирлиги болса жоқары басқыш бирлиги ушын бөлек, элемент ўазыйпасын атқарады. Бөлек, элемент пүтин қурамында функцияласады.
Тилдиң бундай онтологиялық тәбияты, тил дүзилисиниң көп (сатҳлилиги) яруслылығы химия илиминиң атом-молекуляр теориясы ҳәм биология илиминде 20-жыллардан раўажланған тири системаның яруслы дүзилиси концепциясы тәсиринде келип шықты.
Тилдиң көп яруслылығы, оның яруслы дүзилиси түсиниклери тил билиминде XX әсирдиң 20-жылларынан баслап дәслеп Америка дескриптив тилши илимпазлары мийнетлеринде пайда болды.
Кейин ала поляк тилши алымы Эмиль Бенвенист ҳәм рус тилши алымы С.Д.Коцнельсон тәрепинен раўажландырылды. Алдын тилдиң дүзилис сатҳи ярусы менен анализ сатҳи ярусы араластырылған болса, кейин ала бул еки түрдеги сатҳ ярус бир-биринен ажыратыла басланды.
Атом-молекуляр тәлийматының тил билимине тәсири тилге система сыпатында қараўда да көринеди.
Тил билиминде системалық изертлеўлер XX әсир басларынан пайда бола баслады. Оның қәлиплесиўинде В.Гумбольдт, Ф.де Соссюр, И.А.Бодуэн де Куртенэ сыяқлы илимпазлардың хызмети уллы. Н.С.Трубецкой, А.Ельмслев, Э.Бенвенист, Сепир, Блумфильд, Харрис, Т.П.Ломтев, В.М.Солнцев, X.Неъматов, И.Қўчқортоев, Н.Маҳмудов, Р.Расулов, А.Бердиалиев сыяқлы тилши илимпазлар системалы-структуралық тәлийматты раўажландырды.
Тил билиминде система ҳәм структура дегенде нени түсинемиз?
Өз ара байланыслы ҳәм шәртленген еки ҳәм оннан артық элементлардиң қатнасынан пайда болған ҳәм жаңа сапаға ийе болған турақлы пүтинлик система есапланады.
Тил бирликлери воқеланиш реалласыў белгиси бойынша да, дүзилис (онтологиялық) тәбияты бойынша да система есапланады. Мәселен, ҳәр бир морфема тиккелей бақлаўда бир қанша формалық ҳәм мазмунлық вариантлар (алломорфлар, морфема вариантлары) арқалы көринетуғын улыўмалық сыпатында система болады. Сондай-ақ, ҳәр бир фонема да тиккелей сөйлеў процесинде бир неше вариантлар (аллофонлар) арқалы көринетуғын улыўмалық, пүтинлик сыпатында система есапланады. Буннан тысқары, морфема ҳәм оннан жоқары бирликлердиң ҳәммеси дүзилис (онтологиялық) тәбияты жағынан қурылма (конструкция) сыпатында белгили бир курылыс (конструктив) бирликлердиң өз ара турақлы синтагматикалық қатнасынан қуралған система есапланады. Мәселен, морфема еки ҳәм оннан артық фонемалардың өз ара синтагматикалық қатнасынан қуралған ҳәм жаңа сапаға ийе пүтинлик сыпатында (морфема) бир фонеманың жаңа сапаға ийе болып, морфемалық ярусқа көтерилиўи нәтийжесинде де жүзеге келиўи мүмкин. Мәселен, өзбек тилинде у сеси даўыслылылар қатарында фонема, бирақ усы фонема силтеў алмасығы ямаса III бет бетлик алмасығының материаллық тийкары болып хызмет етиўи мүмкин. Еки ярус бирлиги болған фонема ҳәм морфема ортасында сапа өзгериси жүз береди).
Системаның әҳмийетли дүзилис белгилери: 1) қурамлық бөлимлерге бөлиниўи: 2) қурамлық бөлимлердиң пүтин қурамындағы өз ара ҳәм пүтин менен бөлек, түр менен тек ортасындағы шәртленген қатнастың болыўы; 3) көбинесе түр ҳәм пүтинниң күрамлық бөлимлеринде бар болмаған жаңа сапаға ийе болыўы.
Биринши белгиси бойынша, ҳәр қандай система белгили бир қурылыс бирликлеринен қуралады, бул болса оның ишки бөлеклерге бөлиниў қәсийетине ийе екенин көрсетеди.
Екинши белгиси пүтин қурамындағы элементлерди бир-бири менен ҳәм элементлердиң пүтин менен болған қатнасын сәўлелендиреди. Ҳәр еки қатнас зәрүрли ҳәм өз ара шәртленген. Мәселен, фонемасыз морфеманың болыўы мүмкин емес. Морфема фонемалардан қуралады. Фонема морфема қурамына оның қурылы бирлиги сыпатында киреди. Сондай-ақ, сөз форма морфемалардан қуралады. Морфема болса сөз форма қурамында оның қурылыс бирлиги сыпатында хызмет көрсетеди. Олардың қатнасы пүтин ҳәм бөлек ортасындағы қатнас болып табылады. Буннан тысқары, бөлек пенен бөлектиң, пүтин менен пүтинниң де қатнасы бар. Мәселен, сан категориясы қурамында бирлик көпликсиз болыўы мүмкин емес. Бирлик форма көпликке қарағанда, көпликке қарама-қарсы қойылғанда анықланады.
Үшинши белгиси бойынша, система деп қаралып атырған пүтинлик қурамлық бөлимлериниң әпиўайы жыйындысынан ибарат емес. Ол қурамлық бөлимлеринде системаға киргенше бар болмаған жаңа сапаға да ийе. Мәселен, еки түрли газ – водород ҳәм кислородтың бирикпесинен суў пайда болады. Сондай-ақ, фонемалардан қуралған морфема фонемаларға қарағанда жаңа сапаға ийе болады. Фонемалар мәнини парықлаў ушын хызмет қылыўшы мәнисиз бирликлер болса, олардың қосылыўынан жүзеге келген морфема болса мәнили бирлик есапланады. Соның ушын ҳәр қандай системада пайда етиўши ҳәм системада көриниўши белгилер болады.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling