Өзбекстан Республикасы


Download 0.66 Mb.
bet17/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билими ҳәм биология

Тил билими биология пәни менен де тығыз байланыста. Ең әўели, тил билиминиң үйрениў объекти болған тил сеслер дизбеги жәрдеминде материалласады.


Сеслер болса сөйлеў бирлиги сыпатында белгили сөлйеў ағзаларының хызмети нәтийжесинде жүзеге шығады. Тил сеслерин пайда етиўде қатнасатуғын сөйлеў ағзалары сөйлеў аппараты есапланады.
Сөйлеў аппараты қурамына кириўши сөйлеў ағзалары инсан организминиң қурамлық бөлеги болып табылады. Ҳәр қандай сөйлеў ағзасы еки түрли ўазыйпаны атқарады: 1) биринши ўазыйпасы инсанның физиологиялық ағзасы. Бундай ағза сыпатында олар инсан организминиң нормал жасаўы ушын зәрүр тәбийғый талапларды қанаатландырыўға хызмет етеди; 2) екинши ўазыйпасы сөйлеў ағзасы. Бул тек homo sapiensке тән қәсийетлер болып, биринши ўазыйпасы үстине қосымша ўазыйпа – белгили тил сеслерин айтыў ўазыйпасы қосылады. Солай етип, бул ағзалар ҳәм биологияның, ҳәм тил билиминиң изертлеў объекти болады.
Ҳәр бир тил сеси үш белгини өзинде жәмлейди: 1) акустикалық; 2) артикуляциялық; 3) ўазыйпалық (функционал).
Даўыслы сеслер де, даўыссыз сеслер де артикуляциялық белгиге ийе. Даўыслы ямаса даўыссыз сеслердиң жүзеге шығыўында қатнасатуғын сөйлеў ағзалары белгиси артикуляциялық белги есапланады. Бул белги бойынша тил сесиниң сыпатламасы артикуляциялық (физиологиялық) сыпатлама есапланады. Мәселен, даўыслылар сыпатламасында ерин қатнасы белгиси, аўыздың ашылыў дәрежеси (тилдиң көтерилиў дәрежеси) белгиси физиологиядық сыпталама ушын тийкар болып хызмет етеди.
Даўыссызлар сыпатламасында болса даўыссызлардың пайда болыў орны белгиси (көмекей сеслери, тил сеслери – тил арты, тил орта, тил алды сеслери, еринлик сеслер, қос еринлик, еринлик-тислик сеслер, мурынлық ҳәм аўызлық сонор сеслер) физиологиялық жақтан сыпатлама тийкары болады.
Даўыслы ҳәм даўыссыз сеслерди айтыўда қатнасатуғын сөйлеў ағзалары әййемнен тилши алымлар дыққатын тартып келмекте. Тийкарынан, бабамыз энциклопедист алым Ибн Сина фонетикаға бағышланған арнаўлы мийнетинде сеслердиң физиологиялық тәрепи ҳаққында толық мағлыўмат береди. Бундай анық мағлыўмат бериўинде алымға инсан физиологиясын жақсы билгени үлкен имканият жаратқан.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling