Өзбекстан Республикасы


Download 0.66 Mb.
bet29/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билими ҳәм семиотика

Тил – адамлар ортасындағы ең әҳмийетли қатнас қуралы. Ол объектив болмыстағы белгили ўақыя-қубылыс ҳаққында мағлыўмат тасыўшы тийкарғы қурал. Бундай мағлыўмат тасыўдың басқа жоллары да бар екенлиги мәлим болады. Мәселен, жол ҳәрекетинен мағлыўмат бериўши қураллар, жолдан өтиў-өтпеў хабарын бериўши қураллар ҳәм т.б. Бул жағынан тил де информация бериў ушын хызмет ететуғын жоқарыдағы қураллар қатарына киреди. Олардың ҳәммеси ушын улыўма нәрсе, ең әўели, өзи ҳаққында, соның менен бирге, болмыстағы белгили зат-қубылыслар ҳаққында мағлыўмат бериў болып табылады. Бундай қураллар белгилер деп аталады. Инсан өзин қоршап турған әлемди билиў процесинде әлем элементлерин образлар арқалы санасында сәўлелендиреди ҳәм бул санада сәўлеленген әлем элементлери белги арқалы аңлатылады. Социал информацияның ҳәр қандай материаллық аңлатыўшылары белги есапланады.


Тилдиң белгилер системасы екени оның тийкарғы қәсийети ҳәм универсал тәрепи.
XIX әсирдиң ақырына шекем белги теориясы менен тийкарынан философлар шуғылланды. Тек XIX әсирдиң ақырынан баслап бул мәселе психологлардың да дыққатын тартты.
Белги ҳаққындағы философиялық теория өзиниң узақ тарийхына ийе. Әййемги эллинлер заттың тийкары ҳәм олардың аталыўы бойынша илимий тартысларында-ақ жасырын ҳалда белги түсинигине тийкарланған еди.
Философлар тәсиринде XIX әсирден тилдиң улыўма теориясына бағышланған дерлик барлық лингвистикалық мийнетлерде сөз еки тәреплеме характерге ийе болған белги сыпатында түсиндириле баслады. В.Гумбольдт, Шлейхер, Штейнталь, Л.Бреал, А.Мейе, Ф.Фортунатов, И.А.Бодуэн де Куртенэ, мийнетлеринде сөзге белги көзқарасынан қатнас жасалады. Бирақ Ф.де Соссюр тилдиң белги тәбиятын ашық-айдын жарытып берди. Ҳәтте белги теориясы менен шуғылланыўшы айрықша илим – семиология илими екенлигин ҳәм лингвистика да семиология қурамына кириўи лазымлығын атап өтти.
Ҳәзирги күнде белгилер системасын үйрениўши айрықша илим – семиотика майданға келди.
Тил де белгилер системасы сыпатында тән алынар екен, демек, ол да семиотиканың қурамлық бөлими сыпатында қаралыўы ҳәм семиотиканың басқа бөлимлери менен тығыз байланыста үйренилиўи лазым.
Лингвистикалық белгилер менен басқа белгилер системасы (Мәселен, Морзе әлипбе системасы, музыка атқарылыўлары, мимика ҳәм ымлаў, жақтылық ҳәм сес сигналлары ҳәм т.б.) белгили бир улыўмалыққа ийе. Олар төмендегилерден ибарат:
а) ҳәммеси белгили бир информация тасыйды;
б) ҳәммеси социал қубылыс. Себеби олар жәмийетке хызмет етиў ушын жәмийет тәрепинен жаратылған;
в) ҳәммеси материаллыққа ийе (лекин бул материаллық ҳәр түрли көриниске ийе: жақтылық толқыны, сес толқыны, графикалық көринис ҳәм т.б.);
г) ҳәммеси объектив болмысты сәўлелендиреди.
Лингвистикалық белгилер менен басқа белгилер системасы ортасында жоқарыдағы сыяқлы улыўма тәреплерден басқа, бир қатар парықлы тәреплер де бар. Олар төмендегилерден ибарат:
1. Тил адамлар ортасында ең әҳмийетли қатнас қуралы есапланып, ол улыўма адамзатлық қәсийетке ийе. Барлық адамлар өзиниң ҳәр түрли хызмет шеңберинде лингвистикалық белгилер жәрдеминде өз пикирин баян етеди. Басқа түрдеги белгилер болса бул жағынан белгили бир топар көлеминде шегараланғаны менен парқыланады.
2. Лингвистикалық белги ҳәр қандай информацияны, инсанның ишки кеширмелерин шегараланбаған ҳалда сәўлелендириў, басқа белгилер болса шегараланған информацияны аңлатыў имканиятына ийе. Мәселен, музыка инсанның ишки кеширмелерин, сезимлерин аңлатыўы мүмкин. Бирақ ол түсиник ҳәм ҳукмларни белгилей алмайды.
3. Лингвистикалық белги адамлардың объектив әлем ҳаққындағы билимлерин басқаларға жеткерип бериў ўазыйпасын атқарыў менен бирге сөйлеўшиниң бул информацияға қатнасын, бир ўақыттың өзинде, тыңлаўшыға тәсир етиў ўазыйпасын да атқарады. Бул тәрепинен, басқа белгилер системасы тек мағлыўмат бериў (ымлаўлар, Морзе әлипбеси, жақтылық толқыны ҳәм т.б.) ямаса тыңлаўшыға тәсир етиў (музыка) ўазыйпасын атқарады.
4. Лингвистикалық белгилерден басқа барлық белгилер системасы инсанның жасалма дөретиўшилик өними есапланады. Олар белгили бир топардың келисиў жолы менен жасалма түрде жаратылады. Лингвистикалық белгилер болса жәмийеттиң анаў яки мынаў ағзасы ықтыярына байланыслы болмаған ҳалда раўажланады. Ҳәр бир жаңа әўлад усы жәмийеттиң тарийхый жақтан қәлиплескен ҳәм үзликсиз раўажланыўда болған тилин өзлестиреди, кейинги әўладқа жеткизеди.
5. Лингвистикалық белгиниң және бир ең әҳмийетли белгиси оның дискретлиги, избе-из жайласыўы ҳәм еркинлиги болып табылады.
Лингвистикалық белгилер инсан коммуникатив искерлигиниң тийкарын қурайды. Басқа барлық белгилер системасы коммуникация процесинде сеслер жәрдеминде аңлатылып атырған информацияға қосымша информацияны билдириў ямаса «сес пенен жеткериў»ге көмеклесиў ўазыйпасын атқарады.
Адамлар сөйлеў барысында тез-тез қолланып туратуғын мимика ҳәм ҳәр қыйлы жестлер де сөйлеўди бақлап барыўшы қосымша қураллар есапланады. Айырым орынларда шәртли рәўиште оның орнын басыўы мүмкин.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling