Өзбекстан Республикасы


Тил билими ҳәм кибернетика


Download 0.66 Mb.
bet27/33
Sana09.01.2023
Hajmi0.66 Mb.
#1085038
TuriЛекция
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   33
Bog'liq
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5

Тил билими ҳәм кибернетика

Тил билими кибернетика илими менен де байланыслы. Кибернетика грекше kybernetike tehne сөзлеринен алынған болып, басқарыў өнери дегенди аңлатады. Ол XX әсир орталарында машина ҳәм тири организмлердеги қатнас, басқарыў ҳәм қадағалаўды үйрениўши илим тармағы сыпатында майданға келди. Кибернетика ҳаққындағы дәслепки идея америкалы алым Н.Венер тәрепинен берилген болса, кейин ала рус математиклери А.А.Марков, А.М.Ляпунов, А.Н.Колмогоров, А.Я.Хинчин, америкалы алымлар К.Шеннон, Фишер бул идеяны раўажландырды.


Кибернетика илиминиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында тек математиклер ғана емес, ал физиологлар, физиклер, тилши алымлар, психологлар, логиклер де белсенди қатнасты.
Солай етип, кибернетика синтетик илим есапланады ҳәм ол математика, физика, логика, физиология, психология, тил билими мағлыўматларын синтезлестиреди.
Кибернетика илими тири организм менен машиналар ортасында қатнас, басқарыў ҳәм қадағалаў процесинде қандайда бир улыўма белгилер бар екенлигине тийкарланады. Бул, әсиресе, инсан нерв системасына, оның пикирлеў ҳәм рефлекс искерлигине тийкарланған ҳәзирги электрон машиналарда айқын көзге тасланады.
Ҳәзирги техника раўажланыў басқышында инсанның аўыр мийнетин аңсатластырыў мақсетинде инсан орынлаўы лазым болған бир қатар ўазыйпалар машиналарға жүклетилмекте. Бул процессте инсанға тән интеллектуал искерлик машиналарға көшириледи. Нәтийжеде машиналар инсанның тек физикалық мийнетин ғана емес, ал ақылый мийнетин де жеңиллестиреди. Мәселен, жыллар даўамында санаў мүмкин болған нәрселерди машина жәрдеминде бир неше минутта орынлаў мүмкин. Бундай машиналар электрон есаплаў машиналар. (ЭЕМ).
ЭЕМ бүгинги күнде турымысымыздың түрли тараўларына кирип барды. Оның жәрдеминде ҳәр түрли текстлерди қысқа мүддетте териў, ҳәр қандай информацияны узатыў, қабыл етиў ҳәм сақлаў, ҳәтте музыка дөретиў, шахмат ойнаў имканияты бар.
Бундай машиналардың ойлап табылыўында машина хызмети менен тири организм хызмети ортасындағы уқсаслық таяныш ноқат болып хызмет етеди. Тири организмде де, машинада да сырттан алынған сигналларға жуўап беретуғын басқарыўшы ҳәм басқарылыўшы қурамлық бөлимлер бар. Сигналлар инсан хызмети ҳәм машиналар жумысын белгилеўши белгили информацияларды тасыйды. Информация ҳәм сигнал түсиниклери кибернетиканың орайлық түсиниклери болып табылады.
Информация ҳәр қыйлы болғанындай, сигналлар да ҳәр түрли. Ол көриў, еситиў, жақтылық сыяқлы сигналларынан ибарат болыўы мүмкин. Мәселен, жолдағы светофор нуры да сигнал, машинаның бурылыў чироғини жағыў да сигнал, урыс майданында ақ байрақтың көтерилиўи де, әскерлердиң қуралын таслап қол көтериўи де сигнал. Электр импульслары, телеграф лентасындағы тире, ноқатлар да сигнал. Олардың ҳәммеси белгили информация тасыйды. Бул жағынан сөзлер де сигнал. Ол да болмыстағы зат ҳәм қубылыслар ҳаққында информация береди. Соның ушын атақлы рус алымы И.Павлов сөзди сигналлар сигналы деген еди.
Белгили информация тасыўда қолланылатуғын сигналлар системасы код есапланады. Кодлар ЭЕМ ушын үлкен әҳмийетке ийе. Ол да тири организм сигналларына аналогия жолы менен жаратылады.
Тири организм хызмети ҳәм машина жумысы ортасындағы уқсаслықты төмендегише түсиндириў мүмкин.
Инсан сезиў ағзалары арқалы сыртқы әлем ҳаққында түрли информация бериўши сигналларды қабыл етеди. «Кириў сигналы» атамасы менен жүритилиўши бундай сигналлар нерв тармақлары арқалы мийге узатылады. Қабыл етилген информация ядта сақланады, қайта исленеди ҳәм оның хызмети белгиленеди: ҳәрекет арқалы анық реакция шақырылады ямаса ҳәр қыйлы жаңа информация қайта исленеди. «Кириў сигналлары» «шығыў сигналлары»на айландырылады.
Мәселен, «Өткен күнлер» романын ким жазған?» деген сораўды тил жәрдеминде кодластырылған ҳәм сес сигналлары – сөзлер арқалы узатылған информация сыпатында қараў мүмкин. Еситиў ағзалары бул сигналларды қабыл етип, мийге узатады. Бул информация мийдеги яд уяларына қабыл етиледи ҳәм қайта қәлиплеседи.
Мий бөлеги менен тап сондай тил жәрдеминде орайлық байланыс каналлары арқалы кодластырылған жаңа информация узатылады: жуўабы – Абдулла Қодирий. Абдулла Қодирий сөйлеўши ушын «шығыўшы сигнал», бир ўақыттың өзинде, тыңлаўшы ушын болса «кириўши сигнал» есапланады. Солай етип, жаңа информация қабыл етиўде «кириўши сигнал» менен «шығыўшы сигнал» шынжыры тәкирарланып турады.
Машина да дәл усы принцип тийкарына қурылған. Оның ўазыйпасы информацияны қабыл етиў, сақлаў, қайта қәлиплестириў ҳәм узатыўдан ибарат.
Ҳәзирги күнде машиналар жәрдеминде инсан мийнетин жеңиллетиўши ҳәр қыйлы ислер әмелге асырылмақта. Әне усылардан бири автоматикалық аўдарма болып табылады.



Download 0.66 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling