Өзбекстан Республикасы
Тил билиминиң әдебият пенен байланысы
Download 0.66 Mb.
|
Тил билими хам табийгый илимлер лекция5
Тил билиминиң әдебият пенен байланысы
Тил билими көркем әдебият пенен де тығыз байланыста. Себеби тил қарым-қатнас қуралы сыпатында белгили бир информация тасыўшы әпиўайы белгилер системасы ғана болып қалмай, ал тыңлаўшыға тәсир етиўши қүдиретли қурал болып та табылады. Тилдиң биринши функцияси дәстүрий ҳәм система-структуралық тил билиминиң үйрениў объекти болса, енкинши функциясы лингвопоэтиканың үйрениў объекти есапланады. Лингвопоэтика лингвистикалық поэтиканың қысқарған формасы болып, көркем шығармларда қолланылған тиллик бирликлердиң (фонетикалық, морфемалық, лексикалық ҳәм басқ.) көркем-эстетикалық ўазыйпаларын, тилдиң коннотатив функциясын үйренеди. Басқаша етип айтқанда, лингвопоэтика тил билиминиң көркем тилин үйрениўши бөлими. Көркем тил көркем әдебияттың баянлаў қуралы саналады. Филология тарийхында көркем шығармалардың тили ҳәм поэтикалық тил атамалары тез-тез ушырасып турады. Бул атамалар аңлатқан түсиниклер бир-бирине жүдә жақын турса да, бирақ өз ара белгили бир тәреплери менен парықланады. «Образ», «услуб», «аўыспалылық (троп)», «көркем тил», «стилистика», «поэтика» сыяқлы түсиниклер көркем шығарма тили ҳәм лингвистикалық поэтикаға қатнаслы түсиниклер. В.П.Григорьевтың атап өтиўинше, көркем тил кең қамтыўлы объект сыпатында функционал дәрежеленген бөлимлерге, фрагментлерге бөлиниў қәсийетине ийе. Әмелде кең көлемли объекттиң айырым фрагментлери ғана көркем тилдиң анализине бериледи. Әне усындай тийкарғы фрагмент көркем шыгарма тили есапланады. Көринип турғанындай, көркем тил көркем шыгарма тилине қарағанда кеңирек түсиник. Ол тилдиң экспрессив функциясын өз ишине алады. Көркем шығарма тили болса көркем тилдиң бир көриниси, бир фрагменти есапланады. Көркем тилди үйрениўши лингвистикалық поэтика да тил системасы барлық қатлам бирликлериниң көркем-эстетикалық функциясын қамтып алады. Фонетикалық-фонологиялық қатламда фонетикалық бирликлер де көркем-эстетикалық ўазыйпа атқарыўы мүмкин. Тийкарынан, бирдей сеслердиң, бирдей буўынлардың тәкирарланыўы поэзияда гөззаллықты, тәсиршеңликти тәмийинлеўши қурал саналады. Лексикалық қатламда лексемалардың аўыспалы мәнилерде қолланылыўы (метафора, метонимия ҳәм басқ.), гипербола, мейозис (литота) сыяқлы қубылыслар да тәсиршеңликти арттырады ҳәм ЛПның изертлеў объекти есапланады. Сондай-ақ, гәп ағзаларының орналасыўы, гәп қурамында бирдей ағзалардың тәкирарланыўы сыяқлы қубылыслар да көркем тилди қәлиплестириўде хызмет етеди. Солай етип, ЛП тилдиң қайсы қатлам бирлигиниң көркем-эстетикалық функциясын үйрениўине қарап фонетикалық поэтика (ФП), лексикалық поэтика (ЛекП), синтаксислик поэтика (СП) сыяқлы бөлимлерге бөлинеди. ЛПның ҳәр қандай түрин өз алдына үйрениў ҳәм олардың өз ара қатнасын ашып бериў ҳәзирги тил билими алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады. Download 0.66 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling