248-статья. Оқ атар қуралдың, оқ-дәрилер, оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлериниң, жарылғыш затлардың, жарыў қуралларының яки жарыў қурылмаларына нызамға қылап рәўиште ийелик етиў
Тийисли лицензияларсыз яки рухсатнамаларсыз оқ атар қуралды, оқ-дәрилерди, оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлерин ислеп шығарыў, ремонтлаў, алыў, сақлаў, алып жүриў, тасыў, жибериў, олардан пайдаланыў, сондай-ақ жарылғыш затларды, жарыў қуралларын ямаса жарыў қурылмаларын ислеп шығыў, ислеп шығарыў, алыў, сақлаў, тасыў, олардан пайдаланыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Оқ атар қуралды, оқ-дәрилерди, жарылғыш заттларды ямаса жарыў қурылмаларын өткериў, —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяда нәзерде тутылған затларды өз ықтыяры менен тапсырған шахс жуўапкершиликтен азат етиледи.
2481-статья. Ушыўшысыз ушатўғын аппаратларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў тәртибин бузыў
Ушыўшысыз ушатўғын аппаратларды сақлаў, олардан пайдаланыў ямаса оларды басқа шахсларға бериў тәртибин бузыў, сондай-ақ олардан басқа мақсетлерде пайдаланыў, —
үш жылға шекем еркин шеклеў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) лаўазымнан пайдаланып қыянет етиў жолы менен;
в) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип исленген болса ;
г) денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер адам өлиўине себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) адамлар өлимине;
б) апатқа ;
в) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |