Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Қуралды және оның оқ-дәрилерин сақлаў, алып жүриў, тасыў қағыйдаларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet119/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   115   116   117   118   119   120   121   122   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

249-статья. Қуралды және оның оқ-дәрилерин сақлаў, алып жүриў, тасыў қағыйдаларын бузыў
Оқ атар қуралды және оның оқ-дәрилерин, сондай-ақ пневматик қуралды, ушлы суўық қуралды (аң пышақларын, аң қанжаршалары ҳәм қанжарларды, рапиралар, шпагалар ҳәм семсерлерди), ылақтырыў қуралын (оқ жайлар, арбалетлар ҳәм найзаларды ), сигнал беретуғын қуралды сақлаў, алып жүриў, тасыў қағыйдаларын бузыў адамның өлимине яки басқа аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

250-статья. Жарылыў қәўипи болған затлар яки пиротехника буйымларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Жарылғыш, тез жарылыўшы, жаныўшы затларды яки пиротехника буйымларын сақлаў, есапқа алыў, олардан пайдаланыў, оларды тасыў, жибериў қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтириўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса,
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2501-статья. Пиротехника буйымларының нызамға қылап мәмилеси
Пиротехника буйымларын нызамға қылап түрде ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, жибериў, олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды нызамға қылап түрде Өзбекстан Республикасына алып кириў (Өзбекстан Республикасындан алып шығыў) ямаса өткериў әдеўир муғдарда яки усыдай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Пиротехника буйымларын нызамға қылап түрде ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, жибериў, олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды нызамға қылап түрде Өзбекстан Республикасына алып кириў (Өзбекстан Республикасындан алып шығыў ) ямаса өткериў:
а) көп муғдарда ;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
г) лаўазымнан пайдаланып қыянет етиў менен исленген болса ;
д) денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Пиротехника буйымларын нызамға қылап түрде ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, жибериў, олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды нызамға қылап түрде Өзбекстан Республикасына алып кириў (Өзбекстан Республикасындан алып шығыў ) ямаса өткериў:
а) оғада көп муғдарда ;
б)шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса ;
в) адам өлиўине себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Пиротехника буйымларын нызамға қылап түрде ­ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў, тасыў, жибериў, олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды нызамға қылап түрде Өзбекстан Республикасына алып кириў (Өзбекстан Республикасындан алып шығыў ) ямаса өткериў:
а) адамлар өлимине;
б) басқаша аўыр ақыбетлердиң келип шығыўына себеп болса, —
сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.



Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   115   116   117   118   119   120   121   122   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling