Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси
-статья. Ядро қурылмаларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Download 340.7 Kb.
|
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1
255-статья. Ядро қурылмаларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Ядро энергиясы менен байланыслы объектлерден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтириўине себеп болса, — базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы қылмыс : а) адам өлиўине; б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, — белгили ҳуқықтан айырып, бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 2551-статья. Бактериологик, химиялық ҳәм басқа ҳәр қыйлы жалпы қырғын қураллары түрлерин ислеп шығыў, ислеп шығарыў, топлаў, алыў, биреўге өткериў, сақлаў, нызамға қылап түрде ийелеў ҳәм олар менен басқа ҳәрекетлерди ислеў Өзбекстан Республикасының халық аралық шәртнамалары менен қадаған етилген бактериологик (биологиялық ), химиялық ҳәм басқа ҳәр қыйлы жалпы қырғын қураллары түрлерин ислеп шығыў, ислеп шығарыў, топлаў, алыў, биреўге өткериў, сақлаў, нызамға қылап түрде ийелеў ҳәм олар менен басқа ҳәрекетлерди ислеў — бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы қылмыс : а) адам өлиўине; б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, — сегиз жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. 2552-статья. Нефть трубаларын, газ трубаларын, нефтъ ҳәм газ өнимлери трубаларын жарамсыз жағдайға келтириў Нефть трубаларын, газ трубаларын, нефтъ ҳәм газ өнимлери трубаларын, сондай-ақ технологиялық тәрептен олар менен байланыслы болған объектлерди, имаратларды, байланыс, автоматика, сигналызация қуралларын қасттан бузыў, оларға зыян келтириў ямаса басқа усыл менен оларды пайдаланыў ушын жарамсыз жағдайға келтириў, егер бул ҳәрекетлер олардың нормал ислеўи бузылыўына алып келсе ямаса алып келиўи мүмкин болса, — базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) тәкираран; б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип; в) магистрал трубаларға қарата исленген болса ; г) көп муғдарда зыян келтирилиўине д) денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, — базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) адам өлиўине; б) оғада көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, — бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Усы ҳәрекетлер: а) адамлар өлимине; б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, — сегиз жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Download 340.7 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling