258-статья. Таў-кән, қурылыс ямаса жарыў жумыслары қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў
Таў-кән, қурылыс ямаса жарыў жумыслары қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигима бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
259 -статья. Өрт қаўипсизлиги қағыйдаларын бузыў
Өрт қаўипсизлиги қағыйдаларының усы қағыйдалар орынланыўы ушын жуўапкер болған шахс тәрепинен бузылыўы денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыў ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
2591-статья. Оғада зәрүрли ҳәм тайпаланған объектлердиң қорғалыўын тәмийинлеўге тийисли миннетлемелерди орынламаў
Оғада зәрүрли ҳәм тайпаланған объектлердиң қорғалыўын тәмийинлеўге тийисли миннетлемелерди кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң оларды орынлаўға жуўапкер болған лаўазымлы шахслары тәрепинен орынланбаўы, сондай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |