Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet132/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   128   129   130   131   132   133   134   135   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

ХХ1 БАП . АХПАРАТ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ ТАРАЎЫНДАҒЫ ЖЫНАЯТЛАР

2781-статья. Ахпаратластырыў қағыйдаларын бузыў
Ахпаратластырыў қағыйдаларын бузыў, яғный белгиленген қорғаў шараларын көрмеген ҳалда ахпарат системалары, мағлыўматлар базалары ҳәм банклерди, ахпаратты қайта ислеў ҳәм де оны узатыў системаларын жаратыў, енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў ҳәм де ахпарат системаларынан рухсат пенен пайдаланыў пуқаралардың ҳуқықларына ямаса нызам менен қорғаўланатуғын мәплерине яки мәмлекет ямаса жәмийетлик мәплерине көп муғдарда зыян яки оғада аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер оғада көп муғдарда зыян келтирген ҳалда исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

2782-статья. Компютер ахпаратынан нызамға қылап түрде (рухсатсыз ) пайдаланыў
Компютер ахпаратынан, яғный ахпарат-есаплаў системалары, тармақлары ҳәм олардың структуралық бөлимлериндеги ахпаратлардан нызамға қылап түрде (рухсатсыз) пайдаланыў, егер бул ҳәрекет ахпараттың жоқ етип жиберилиўи, тосып қойылыўы, модификацияластырылыўы, одан нусқа көширилиўи яки оның қолға киритилиўине, электрон есаплаў машиналары, электрон есаплаў машиналары системасы ямаса олардың тармақлары жумысының бузылыўына себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
б) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) хызмет дәредесинен пайдаланған ҳалда ;
г) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен үш жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүжетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   128   129   130   131   132   133   134   135   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling