Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


ХIХ БАП. НӘШЕБЕНТЛИК ЯКИ ПСИХОТРОП ЗАТЛАР МЕНЕН НЫЗАМҒА ҚЫЛАП ТҮРДЕ АЙЛАНЫС ЕТИЎДЕН ИБАРАТ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet129/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   125   126   127   128   129   130   131   132   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

ХIХ БАП. НӘШЕБЕНТЛИК ЯКИ ПСИХОТРОП ЗАТЛАР МЕНЕН НЫЗАМҒА ҚЫЛАП ТҮРДЕ АЙЛАНЫС ЕТИЎДЕН ИБАРАТ ЖЫНАЯТЛАР
270-статья. Қадаған етилген егинлерди жетистириў
Қадаған етилген егинлерди, яғный көкнар ямаса майлы көкнар, каннабис өсимлиги яки қурамында нәшебентлик затлары ямаса психотроп заттлар болған егинлерди нызамға қылап түрде егиў ямаса жетистириў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) алдын нәшебентлик затлары ямаса психотроп затлар менен нызамға қылап түрде айланыс етиўден ибарат жынаятты ислеген шахс тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) орташа үлкенликтеги егин майданында исленген болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкемлескен топар ямаса оның мәплерин гөзлеп;
в) үлкен егин майданында исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

271-статья. Нәшебетлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп заттларды нызамға қылап түрде ийелеў
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды нызамға қылап түрде, ўрлаў ямаса алдаўшылық жолы менен ийелеў —
үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) алдын нәшебентлик затлары ямаса психотроп затлар менен нызамға қылап түрде айланыс етиўден ибарат жынаятты ислеген шахс тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) өзлестириў ямаса растрата қылыў жолы менен;
г) тонаўшылық жолы менен;
д) лаўазымын пайдаланып қыянет етип талан-тараж етиў ;
е) дәмегөйлик жолы менен;
ж) көп муғдарда ислеген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекет:
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкемлескен топар ямаса оның мәплерин гөзлеп;
в) басқыншылық жолы менен исленген болса, —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

273-статья. Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды өткериў мақсетин гөзлеп нызамға қылап түрде таярлаў, алыў, сақлаў ҳәм басқа ҳәрекетлер етиў, сондай-ақ оларды нызамға қылап түрде өткериў
Нәшебетелик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды өткериў мақсетин гөзлеп көп болмаған муғдарда нызамға қылап түрде таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў ямаса жибериў, сондай-ақ оларды көп болмаған муғдарда нызамға қылап түрде өткериў —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар көп емес муғдарда исленген болса, —
бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши ямаса екинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар :
а) алдын нәшебентлик қураллары ямаса психотроп заттлар менен нызамға қылап түрде айланыс етиўден ибарат жынаятты ислеген шахс тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) еркинен айырыў жазасын өтеў орынларында ;
г) оқыў орынларында ямаса оқыўшылар, студентлер оқыў, спорт ҳәм жәмийетлик шараларын өткеретуғын басқа орынларда исленген болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды лабораторияларда яки өзгениң мүлки есапланған қураллар ҳәм әсбап-үскенелерден ямаса прекурсорлардан пайдаланған ҳалда нызамға қылап түрде таярлаў ямаса қайта ислеў, сондай-ақ бундай қуралларды тутыныў ямаса тарқатыў ушын бәңханалар шөлкемлестириў ямаса сақлаў, сондай-ақ усы статьянтың екинши ямаса үшинши бөлиминде нәзерде тутылған қылмыслар :
а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп исленген болса, —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды көп муғдарда нызамға қылап түрде сатыў —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы статьяның биринши бөлминде нәзерде тутылған қылмысларды ислеген шахс өз ықтыяры менен айбын мойнына алыў ҳаққында ҳәкимят шөлкемлерине арыз етсе ҳәм нәшебентлик затлары, олардың аналоглары ямаса психотроп затларды тапсырса, жазадан азат етиледи.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   125   126   127   128   129   130   131   132   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling