252-статья. Радиоактив материалларды нызамға қылап түрде ийелеў
Радиоактив материалларды нызамға қылап түрде ийелеў, сондай-ақ тонаўшылық, ўрлық, өзлестириў ямаса растрата қылыў жолы менен яки алдаў ямаса исениминен пайдаланып ийелеў, сондай-ақ радиоактив материалларды нызамға қылап түрде ийелеў ушын финанслық тәмийнлеў, тиккелей ямаса тиккелей болмаған ҳәр қандай пул -қуржыларын, ресурсларын бериў яки жыйнаў, басқа хызметлер көрсетиў —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) бир топар шахслар тәрепинен алдынан тил бириктирип;
в) лаўазымынан пайдаланып қыянет етиў жолы менен исленген болса, —
бес жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп;
б) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
в) таўламашылық жолы менен;
г) басқыншылық жолы менен;
д) усы Кодекстиң 155 ҳәм 161-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислеў мақсетинде исленген болса, —
он жылдан жигирма жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
253-статья. Радиоактив материаллардан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў
Радиоактив материалларды сақлаў, есапқа алыў, олардан пайдаланыў, оларды тасыў, жибериў ҳәм олар менен мәмиледе болыўдың басқа қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып, үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
254-статья. Радиоактив материаллардан нызамға қылап түрде пайдаланыў
Радиоактив материалларды нызамға қылап түрде ийелеў, оларды сақлаў, олардан пайдаланыў, оларды биреўге өткериў, көринисин өзгертиў, шашып жибериў ямаса бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады
Do'stlaringiz bilan baham: |