Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Изертлеў жумысларын әмелге асырыўда қаўипсизлик қағыйдаларын бузыў


Download 340.7 Kb.
bet123/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   119   120   121   122   123   124   125   126   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

256-статья. Изертлеў жумысларын әмелге асырыўда қаўипсизлик қағыйдаларын бузыў
Илимий изертлеў яки сынаў тәжирийбе искерлигин әмелге асырыў ўақтында қаўипсизлик қағыйдаларын бузыў денеге орташа аўыр ямаса аўыр зыян келтирилиўине себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) қаўипсизлик қағыйдаларына әмел етилиўи ушын жуўапкер шахс тәрепинен исленген болса ;
б) көп муғдарда зыян келтирилиўине себеп болса, —
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еруин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса, —
үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

257-статья. Мийнетти қорғаў қағыйдаларын бузыў
Техника қаўипсизлиги, санаат санитариясы ямаса мийнетти қорғаўдың басқа қағыйдаларын сол қағыйдаларға әмел етилиўи ушын жуўапкер болған шахс тәрепинен бузылыўы орташа аўыр ямаса аўыр жарақат салыўға себеп болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс :
а) адам өлиўине;
б) басқа аўыр ақыбетлер келип шығыўына себеп болса, —
белгили ҳуқықтан айырып еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

2571-статья. Санитарияға тийисли нызамшылықты ямаса эпидемияға қарсы гүрес қағыйдаларын бузыў
Санитарияға тийисли нызамшылықты ямаса эпидемияға қарсы гүрес қағыйдаларын бузыў, сондай-ақ карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа жуқпалы кеселликлер пайда болыўы ҳәм де тарқалыўы шәраятында мәмлекет санитария қадағалаў шөлкемлериниң медициналық тексериўден өтиў ҳәм емлениў, карантинди өтеў ушын белгиленген орынларға жетип барыў ҳәм бул орынларды белгиленген мүддет даўамында шықпаў кеселлик жуғыў қәипиў бар болған дәўирде байланыста болған шахслар ҳәм барған орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды ашкаралаў ҳаққындағы ямаса басқа нызамлы талапларын кеширимли себеплерсиз орынламаў адамлардың ғалабалық кеселлениўи ямаса зәҳәрлениўи реал қәўпин келтирип шығарса яки адамлардың ғалабалық кеселлениўине яки зәҳәрлениўине алып келсе, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма яки бес жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс адамның өлимине себеп болса, —
еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў яки бес жылдан жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы қылмыс адамлардың өлимине себеп болса, —
жети жылдан он жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   119   120   121   122   123   124   125   126   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling