Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Амниция акты ямаса кеширим бериў тийкарында жазадан азат етиў


Download 340.7 Kb.
bet28/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

76-статья. Амниция акты ямаса кеширим бериў тийкарында жазадан азат етиў
Ҳүким етилген шахс амниция акты ямаса кеширим бериў тийкарында тийкарғы ҳәм орынланбаған қосымша жазалардан азат етилиўи ямаса жаза мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилиўи ямаса оған тайынланған жазаның өтелмей қалған бөлегин жеңиллеў жаза менен алмастырылыўы мүмкин.
Егер амниция акты ямаса кеширим бериў тийкарында жаза мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў ямаса жазаны жеңилреги менен алмастырыў қолланылған шахс жазаның өтелмей қалған бөлеги даўамында қасттан жаңа жынаят ислесе, суд оған усы Кодекстиң 60-статясында нәзерде тутылған қағыйдалар бойынша жаза тайынлайды.
Кеширим бериў ҳаққындағы усыныснама өмирлик еркинен айырыўға ҳүким етилген шахс тәрепинен ол тайынланған жазаның жигирма бес жылын ҳақыйқатында өтегеннен кейин, егер жазаны өтеў дәўиринде судланған шахс дүзелиў жолына өткен, белгиленген тәртипти бузғанлық ушын интизамлық жаза алмаған, мийнет ҳәм оқыўға ҳүжданан мүнәсебетте болып атырған, тәрбиялық шаралар өткериўде белсенди қатнасып атырған жағдайда болса, тайынланған жазаның жигирма жылын ҳақыйқатында өтегеннен кейин берилиўи мүмкин.
Кеширим бериў ҳаққындағы усыныснама узақ мүддетке еркинен айырыўға ҳүким етилген шахс тәрепинен ол тайынланған жаза мүддетиниң жигирма жылын ҳақыйқатында өтегеннен кейин, егер жазаны өтеў дәўиринде судланған шахс дүзелиў жолына өткен, белгиленген тәртипти бузғанлық ушын интизамлық жаза алмаған, мийнет ҳәм оқыўға ҳүжданан менен мүнәсебетте болып атырған, тәрбиялық шаралар өткериўде белсенди қатнасып атырған жағдайда болса, тайынланған жазаның он бес жылын ҳақыйқатында өтегеннен кейин берилиўи мүмкин.


ХIV БАП. СУДЛАНҒАНЛЫҚ

77-статья. Судланғанлықтың ҳуқықый әҳмийети
Судланған шахс ислеген жынаяты ушын ҳүким етилгенлигинен келип шығатуғын ҳуқықый жағдай болып табылады.
Жаза тайынланған айыплаў ҳукими нызамлы күшке кирген күннен баслап шахс судланған деп есапланады. Суд тәрепинен жазадан азат етилген шахс судланбаған деп есапланады.
Судланғанлық усы Кодексте нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм шахс жаңа жынаят ислегенде ҳуқықый әҳмийетке ийе болады.
Судланғанлық мүддетиниң өтип кеткенлиги ямаса судланғанлықтың алып тасланыўы мүнәсебети менен оның барлық ҳуқықый ақыбетлери бийкар болады.
Жазаны өтеген, бирақ нызамның өзгериўи менен бундай қылмыс жынаят деп есапланбайтуғын жағдайда, сондай-ақ исленген жынаят ушын тайынланған жазаны өтеп болыныўы менен судланғанлық жағдайының тамамланыўы белгиленген болса, шахс судланбаған деп есапланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling