Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


-статья. Судланғанлық жағдайының тамамланыўы


Download 340.7 Kb.
bet29/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

78-статья. Судланғанлық жағдайының тамамланыўы
Шахстың судланғанлық жағдайы төмендеги ўақытларда тамамланады :
а) шәртли ҳүким етилгенлерге — сынақ мүддети тамамланған күннен баслап ;
б) мәжбурий жәмийетлик жумыслары, хызмет бойынша шеклеў ямаса интизамлық бөлимге жибериў түриндеги жазаларын өтеп шыққан;
в) жәрийма жазасын орынлаған күннен кейин, сондай-ақ белгили ҳуқықтан айырыў ямаса мийнет пенен дүзетиў жумыслары жазалары өтелгеннен кейин бир жыл өткеннен;
г) еркин шеклеў жазасы өтелгеннен кейин — еки жыл өткеннен;
д) бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы өтелгеннен кейин — төрт жыл өткеннен;
е) бес жылдан артық, бирақ он жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы өтелгеннен кейин — жети жыл өткеннен;
ж) он жылдан артық, бирақ он бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасы өтелгеннен кейин — он жыл өткеннен.

79 -статья Судланғанлықтың алып тасланыўы
Егер шахс еркинен айырыў жазасын тамамлағаннан кейин оған ҳәкимшилик жаза ямаса интизамлық шаралары қолланылмаған болса, жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзинен-өзи басқарыў органлары, жәмәәт ямаса жазаны өтеп шыққан шахстың өзи берген өтинишнамаға көре суд усы Кодекстиң 78-статьясында нәзерде тутылған мүддетлердиң кеминде ярымы өткеннен кейин оның судланғанлығы алып таслаўы мүмкин.
Усы Кодекстиң 178 — 184, 185 — 1852, 189 — 192-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларды ислегенлиги ушын ҳүким етилген шахслардың судланғанлығы олар мәмлекетке жүдә көп зыян келтирмеген, усы Кодекстиң 78-статьясында нәзерде тутылған мүддетлердиң кеминде төрттен бир бөлеги өткенинен кейин суд тәрепинен алып тасланыўы мүмкин.
Он бес жыл ҳәм одан артық мүддетке еринен айырыў жазасын өтеп шыққан шахслар ҳәм де оғада қәўипли рецидивистлер, егер олар жазаны өтеп шыққанынан кейин он бес жыл даўамында жаңа жынаят ислемесе, суд олардың судланғанлығын алып таслаўы мүмкин.
Усы Кодекстиң 13-статьясы екинши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарлар әмелдеги болған жағдайда судланғанлықты алып тасланыўы мүмкин.
Судланғанлық кеширим бериў ямаса амниция акты тийкарында да алып тасланыўы мүмкин.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling