Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


ХVI БАП. ЖУЎАПКЕРШИЛИКТЕН ЯМАСА ЖАЗАДАН АЗАТ ЕТИЎ


Download 340.7 Kb.
bet32/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

ХVI БАП. ЖУЎАПКЕРШИЛИКТЕН ЯМАСА ЖАЗАДАН АЗАТ ЕТИЎ

87-статья. Мәжбүрлеў шараларын қоллаған ҳалда жуўапкершииликтен ямаса жазадан азат етиў.
Жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаятты биринши рет ислеген ер жетпеген шахс, егер ислеген қылмысының сыпатын, айыпкердиң шахсы ҳәм истиң басқа жағдайларын итибарға алып, оны жаза қолламай турып та дүзетиў мүмкин деген жуўмаққа келсе, жуўапкерштликтен азат етилип, ер жетпегенлер мәселелери бойынша комиссияға тапсырылыўы мүмкин.
Бес жылдан көп болмаған мүддетке еркинен айырыў жазасын белгилеў нәзерде тутылған онша аўыр болмаған жынаятты биринши рет ислеген ямаса жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған жынаятты тәкираран ислеген ер жетпеген шахсты, усы статьяның биринши бөлиминде нәзерде тутылған тийкарлар әмелдеги болса, суд жазадан азат етиў ҳәм оған мәжбүрлеў шараларын қоллаў ҳаққындағы мәселени көрип шығыўы шәрт.
Ер жетпеген шахс раўажланыўда өз жасына қарағанда артта қалған болса ҳәм ислеген қылмысының әҳмийетин толық түрде аңлап жетпесе, суд жаза орнына мәжбүрлеў шарасын қоллаў мақсетке муўапықлығы мәселесин көрип шығыўы шәрт.

88-статья. Мәжбүрлеў шаралары
Ер жетпеген шахсларға төмендеги мәжбүрлеў шаралары қолланылады :
а) суд белгилейтуғын түрде жәбирлениўшиден кеширим сораў миннетлемесин жүклеў;
б) он алты жасқа толған шахсқа келтирилген зыянды өз ҳақы есабынан ямаса мийнети менен төлеў ямаса өтеў миннетлемесин жүклеў. Бул шара егер келтирилген зыян белгиленген базалық есаплаў муғдарының он есесинен асып кетпеген болса қолланылады. Басқа жағдайларда келтирилген зыян пуқаралық ҳуқықый тәртипте өндириледи;
в) ер жетпегенди арнаўлы оқыў-тәрбия шөлкемине жайластырыў.
Ер жетпеген шахсларды арнаўлы оқыў-тәрбия мәкемелеринде болыў мүддети ҳәм шәртлери Өзбекстан Республикасының нызамшылығы менен белгиленеди.


89 -статья. Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў
Он сегиз жасқа толмастан ислеген жынаяты ушын еркинен айырыўға, еркин шеклеўге ямаса мийнет пенен дүзетиў жумысларына ҳүким етилген шахсқа жазаны өтеўен мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў тәртиби қолланылыўы мүмкин.
Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген жаза түрлери ушын белгиленген тәртип-қағыйда талапларын орынлаған мийнет ҳәм оқыўға ҳадал мүнәсебетте болған судланған шахсқа қолланылыўы мүмкин.
Жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў:
а) жәмийетлик қәўипи үлкен болмаған ямаса онша аўыр болмаған жынаят ушын тайынланған жаза мүддетиниң кеминде төрттен бири;
б) аўыр жынаят ушын тайынланған жаза мүддетиниң кеминде үштен бири;
в) оғада аўыр жынаят ушын, сондай-ақ қасттан ислеген жынаяты ушын, егер шахс алдын қасттан ислеген жынаяты ушын еркинен айырыўға ҳүким етилген болса, тайынланған жаза мүддетиниң кеминде ярымын ҳақыйқаттан өтегеннен кейин қолланылады.
Жазадан мүддетинен бурын шәртли түрде азат етиў қолланылған шахс жазаның өтелмеген бөлеги даўамында қасттан жаңа жынаят ислесе, суд оған усы Кодекстиң 60 ҳәм 86-статьяларында нәзерде тутылған қағыйдаларға муўапық жаза тайынлайды.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling