Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


Download 340.7 Kb.
bet40/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

110 -статья. Қыйнаў
Турақлы түрде сабаў ямаса басқаша ҳәрекетлер менен қыйнаў, егер усы Кодекстиң 104, 105-статьяларында, 1261-статьясының төртинши — сегизинши бөлимлеринде нәзерде тутылған ақыбетлерди келтирип шығармаған болса, —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркин айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) ер жетпеген шахсқа ;
б) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили ҳаялға ;
в) әззи жағдайы айыпкерге белгили болған шахсқа қарата исленген болса, —
үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

111-статья. Абайсызлықтан денеге орташа аўыр ямаса аўыр жарақаст салыў
Абайсызлықтан денеге орташа аўыр жарақаст салыў —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
Абайсызлықтан еки ямаса одан артық шахс денесине орташа аўыр ямаса денеге аўыр жарақаст салыў —
базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жетпис бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары менен жазаланады.

III БАП. ӨМИР ЯКИ ДЕНСАЎЛЫҚ УШЫН ҚӘЎИПЛИ ЖЫНАЯТЛАР

112-статья. Өлтириў ямаса зорлық ислетиў менен қорқытыў
Өлтириў ямаса зорлық ислетиў менен қорқытыў, егер бул ҳәрекет әмелге асырылыўынан қәўипсиреў ушын жетерли тийкарлар бар болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары яки бир жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

Усы ҳәрекетлер:


а) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен;
б) шөлкем топар ағзасы тәрепинен ямаса сол топар мәплерин гөзлеп ислеген болса, —
базалық есаплаў муғдарының жигирма бес есесинен елиў есесине шекем муғдарда жәрийма ямаса еки жүз қырық сааттан үш жүз саатқа шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса бир жылдан еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер өз хызмет ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мунәсебети менен шахсқа ямаса оның жақын туўысқанларына қаратылған болса —.
үш жүз сааттан үш жүз алпыс саатға шекем мәжбурий жәмийетлик жумыслары ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling