Өзбекстан республикасының жынаят кодекси 2023 жыл Өзбекстан республикасының жынаят кодекси


БИРИНШИ БӨЛИМ. ШАХСҚА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР


Download 340.7 Kb.
bet36/141
Sana20.11.2023
Hajmi340.7 Kb.
#1788971
TuriКодекс
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   141
Bog'liq
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ЖЫНАЯТ КОДЕКСИ 1

БИРИНШИ БӨЛИМ. ШАХСҚА ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

I БАП. ӨМИРГЕ ҚАРСЫ ЖЫНАЯТЛАР

97-статья. Қасттан адам өлтириў
Қасттан адам өлтириў —
он жылдан он бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
Жуўапкершиликти аўырластыратуғын жағдайларда қасттан адам өлтириў, яғный :
а) еки ямаса одан артық шахсты ;
б) ҳәмледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялды ;
в) айыпкерге белгили болған әззи аҳўалдағы шахсты ;
г) өз хызмет ямаса пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсебети менен шахсты ямаса оның жақын туўсқанларын ;
д) басқа адамлардың өмири ушын қәўипли болған усылда ;
е) ғалабалық тәртипсизликлер ўақтында;
ж) жаўызлық пенен;
з) ар-намысқа тийиў ямаса жынысый талапты зорлық ислетип ғайрытәбийий усылда қандырыў менен байланыслы ҳалда ;
и) дәмегөйлик нийетинде;
к) миллий ямаса душпанлық нийетинде;
л) бийзарылық ақыбетинде;
м) диний фанатизим негизинде;
н) инсан ағзаларын ҳәм (ямаса) клеткаларын алыў ямаса өликтиң бөлимлеринен пайдаланыў мақсетинде;
о) басқа қандайда бир жынаятты жасырыў ямаса оның ислениўин аңсатластырыў мақсетинде;
п) бир топар шахслар ямаса шөлкемлескен топар ағзасы тәрепинен ямаса усы топардың мәплерин гөзлеген ҳалда ;
р) тәкираран ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
с) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен қасттан адам өлтирилиўи —
он бес жылдан жигирма бес жылға шекем еркинен айырыў ямаса өмирлик еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.

98-статья. Күшли руўхый ҳәўлығыў жағдайында қасттан адам өлтириў
Жәбирлениўши тәрепинен исленген назамға қылап зорлық яки аўыр ақыретлеў, сондай-ақ оның басқа нызамға қылап ҳәрекетлери себепли тосаттан исленген күшли руўхый ҳәўлығыў жағдайында қасттан адам өлтириў —
еки жылдан бес жылға шекем еркин шеклеў ямаса бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

99 -статья. Ананың жаңа туўылған баласын қасттан өлтириўи
Ананың жаңа туўылған өз баласын туўыў ўақтында ямаса туўыла сала қасттан өлтириўи —
бир жылдан үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.


Download 340.7 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   141




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling